bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 40
Job 40
Karakalpak 2022
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 41 →
1
Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди:
2
– Еркек киби белиңди беккем буў, Мен сорайман, сен жуўап бер.
3
Сен Мени әдалатсызлықта айыпламақшымысаң? Өзиңди ақлаў ушын мени қараламақшымысаң?
4
Сенде Қудайдың, яғный Мениң қүдиретимдей қүдирет бар ма? Даўысың Меники сыяқлы гүркирей ала ма?
5
Егер солай болса, онда өзиңди даңқ ҳәм бәлент мәртебе менен безе, Уллылық ҳәм салтанатқа бөлен.
6
Ғәзебиңди төгип, шаш, Тәкаббирлерге көз салып, оларды бойсындыр.
7
Тәкаббирлерге нәзер салып, оларды диз шөктир. Жаўызларды турған жеринде мылжалап тасла.
8
Олардың ҳәммесин бирге топыраққа көм, Жүзин кепинге орап, қараңғы дүньяға байлап қой.
9
Сонда оң қолыңның сени қутқарғанын, Мен де мойныма алайын.
10
Мына бегемотқа қара, Сени жаратқаным сыяқлы, оны да Мен жараттым. Ол өгиз сыяқлы шөп жейди.
11
Оның белинде не деген күши бар, Қарнындағы булшық етлери қандай беккем!
12
Оның қуйрығы кедр ағашы сыяқлы мықлы, Жамбасындағы сиңирлери өрим-өрим.
13
Сүйеклери қола бөренелерге, Қабырғалары темир бақанларға уқсайды.
14
Бегемот Мениң жаратқанларым ишиндеги ең әжайыбы, Жаратқанның Өзи ғана оған қылыш көтере алады.
15
Таўлар оған азық береди, Ол жерде барлық жабайы ҳайўанлар ойнақлап жүреди.
16
Бегемот лотос жапырағы астында, Батпақлықта өскен қамыслар арасында жатады.
17
Лотос жапырақлары оған көлеңке түсирип, Дәрья бойындағы таллар оны орап турады.
18
Дәрья бурқасынлап ақса да, ол қорқпайды, Иордан тасып, аўзына келсе де, оған тәсир етпейди.
19
Ким оны көзине түспей, тута алады? Ким оның мурнынан илмек өткере алады?
20
Ал Лиўятанды ше, балық услайтуғын қармақ пенен услап, Тилин жип пенен байлай аласаң ба?
21
Оның мурнынан жип өткизип, Жағына қармақ илдире аласаң ба?
22
Ол саған қайта-қайта жалынып-жалбарынып, Сениң менен жыллы сөйлесер ме екен?
23
Саған мәңгиге қул болыў ушын, Сениң менен келисим дүзер ме екен?
24
Қус пенен ойнаған сыяқлы, оның менен ойнай аласаң ба? Ямаса ермек қылыўы ушын, қызларыңа оны байлап бере аласаң ба?
25
Балықшылар оның ушын саўдаласа ма? Саўдагерлер оны өз ара бөлисип ала ма?
26
Оның терисин найза менен, Басын балықшының шанышқысы менен тесе аласаң ба?
27
Қолыңды оған тийгизип көр, Екинши мәрте тийгизбейтуғын боласаң, Бул саўашты да ҳеш қашан умытпайтуғын боласаң.
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 41 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42