bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 21
Job 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 22 →
1
Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2
– Сөзлеримди дыққат пенен тыңлаң, Усы сизлердиң маған берген тәселлеңиз болсын.
3
Сабыр қылың, мен де сөйлейин, Сөйлеп болғанымнан кейин мазақ қыларсыз.
4
Маған келсек, мен не адамға арыз қылып атырман ба? Не ушын шыдамсызланбайын?
5
Жағдайыма қараңлар, денеңиз түршигеди, Аўзыңызды қолларыңыз бенен жаўың.
6
Жағдайымды ойласам, қорқыныш бийлеп алады, Денемди қалтыратпа басады.
7
Залымлар не ушын жасаўын даўам етеди, Қартайып, ҳәтте, күш-ғайраты арта береди?
8
Балалары саў-саламат дөгерегинде, Урпақлары көз алдында жүреди.
9
Үйлери қәўип-қәтерден аўлақ болады, Қудайдың ҳасасы үстине дөнбес.
10
Буғаларының төл қойыўы ҳеш босқа кетпес, Сыйырлары бузаўлайды, ҳеш иш тасламас.
11
Балаларын сүриў киби шығарып жиберер, Перзентлери аяқ ойынға түсер.
12
Дәп ҳәм лира сестине қосылып, қосық айтар, Сыбызғы сестине қосылып, кеўил көтерер.
13
Өмирлери заўқы-сапа менен өтип, Өлилер мәканына тынышлық пенен кетер.
14
Сонда да залымлар Қудайға былай деп айтар: «Бизлерди тыныш қой! Сениң жолларыңды билиўди қәлемеймиз,
15
Саған хызмет ететуғындай Қүдирети күшли Қудай, Сен ким болыпсаң? Саған дуўа етиўден бизге не пайда?»
16
Деген менен, олардың абаданлығы өз қолының иси емес, Залымлардың ой-қыяллары меннен аўлақ болсын!
17
Қашан залымлардың шырағы сөнген еди? Қашан олардың басына апат дөнген еди? Қашан Қудай оларға ғәзепленип, жазалаған еди?
18
Қашан олар жел ушырған сабандай, Ямаса даўыл ушырған қаўықтай болған еди?
19
Сизлер: «Олардың гүналары ушын балаларын жазалайды», – дейсизлер, Оннан да, Қудай олардың өзлерин жазаласын, Бул оларға сабақ болады.
20
Олар опат болғанларын өз көзлери менен көрсин, Қүдирети күшли Қудайдың ғәзебин татсын.
21
Өмири таўысылғаннан кейин, Изинде қалған хожалығына не болса да, оларға бәри бир емес пе?
22
Бирақ, ең жоқарыдағыларды да ҳүким ететуғын Қудайға, Ким ақыл үйрете алады?
23
Биреў өлгенинше, күшке толысар, Тыныш ҳәм қайғысыз жасар,
24
Денесин май басып, Сүйеклери кемик болар.
25
Екиншиси қайғыға батып, Өмирден жақсылық көрмей өтип кетер.
26
Ақырында, олар топырақта бирге жатар, Екеўи де қуртқа жем болар.
27
Аўа, мен сизлердиң ойыңызды билемен, Нийетиңиз маған зыян келтириў екенин де билемен.
28
Сизлер: «Сол ақсүйек адамның үйи қай жерде? Залымлардың шатырлары қай жерде?» – дейсизлер.
29
Жолаўшылардан сорамадыңыз ба? Олар берген гүўалықларды қабылламадыңыз ба?
30
Залым адам бәле келген күни аман қалады, Ғәзеп күни оған қутылыў ушын жол ашылады.
31
Жүрген жолын ким оның бетине айтады, Қылмыслары ушын ким оған жаза береди?
32
Ол қәбирге қойылғанда, Қәбириниң басында гүзетши турады.
33
Ҳәмме адамлар оның изине ереди, Алдында жүргенлердиң де сан-санағы жоқ. Гөрдиң топырағы да оған жағымлы болады.
34
Бос гәплериңиз бенен мени қалай жубатасыз? Берген жуўапларыңыздың ҳәммеси жалған.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42