bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Job 3
Job 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 4 →
1
Ақыры Аюп тилге кирип, өзиниң дүньяға келген күнин нәлетледи.
2
Ол былай деди:
3
– Жоқ болсын мен туўылған күн, «Бойына бала питти» деген түн!
4
Сол күн түнекке айланып қалсын! Аспандағы Қудай да ол күнди еслемесин, Жарық та сол күнге сәўле шашпасын.
5
Сол күнди тас түнек қараңғылық ийелеп алсын, Жүзин қара бултлар қаплап алсын, Қараңғылық сол күнниң ҳүрейин ушырсын.
6
Аўа, сол түнди тас түнек қараңғылық жутып жиберсин, Ол жыл күнлери арасында саналмасын, Айлардың биреўине де кирмесин.
7
Сол түн қысыр болсын, Онда ҳеш бир шадлық ҳаўазы еситилмесин.
8
Күнлерди нәлетлейтуғынлар, Лиўятанды оята алатуғынлар, Сол түнди ғарғасын.
9
Оның таң жулдызлары сөнип қалсын. Жарықлықты күтсин, бирақ ол келмесин, Таң шуғласын көрмесин.
10
Өйткени усы азапты көзлерим көрмеўи ушын, Сол түн анамның қурсағын жаппады.
11
Не ушын туўылып атырып, өлмедим екен? Ямаса туўыла сала, демим таўысылмады екен?
12
Мени неге дизесине алып отырды? Неге мени емизди екен?
13
Солар болмағанда, ҳәзир тыныш жатқан болар едим, Уйықлап тыным тапқан болар едим.
14
Қарабақаналарды өзлерине қайта тиклеп алған, Дүнья патшалары ҳәм кеңесгөйлери менен бирге болар едим.
15
Ямаса үйлерин гүмиске толтырған, Алтынға бай ҳүкимдарлар менен бирге болар едим.
16
Ямаса не ушын өли туўылған бөпе сыяқлы, Күн нурын көрмеген нәресте сыяқлы көмилмедим?
17
Ол дүньяда залымлар жаманлық қылыўды тоқтатады, Ҳарыққанлар да тыным табады.
18
Ол жерде тутқынлар да тынышлықтан рәҳәт алады, Қадағалаўшылардың бақырысларын еситпейди.
19
Уллы да, киши де бардур ол жерде, Қул болса, хожайынынан азат.
20
Не ушын азап шегип жүргенге нур, Ал қайғыға батқанға өмир бериледи екен?
21
Олар өлимин күтеди, бирақ ол келмес, Әжелин көмилген ғәзийнеден де бетер излер.
22
Егер әжелин тапса, Олар қуўанышқа бөленип, шадланар еди.
23
Жолын көре алмайтуғын адамға, Қудай айнала дөгерегин қараңғылық пенен қоршаған адамға, Не ушын өмир берилер екен?
24
Нан жеўдиң орнына гүрсинемен, Аҳыў-налам суў киби ақпақта.
25
Неден қорққан болсам, сол жүз берди, Неден қәўетерленген болсам, сол басыма түсти.
26
Маған тынышлық та, тыным да, рәҳәт те жоқ, Басыма ғаўасатлы күн туўды.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 41
Chapter 42
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40
41
42