bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 13
Exodus 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 14 →
1
Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Барлық биринши туўылғанларды Маған бағышлаңлар. Израил ҳаялларының да, малларының да қарыннан биринши шыққанлары Меники, – деди.
3
Муўса халыққа былай деди: – Мысырдан, өзлериңиз қул болған елден шыққан бүгинги күнди есте сақлаңлар. Өйткени Жаратқан Ийе қүдиретли қолы менен сизлерди ол жерден алып шықты. Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер.
4
Бүгин абиб айында бул жерден шығып баратырсызлар.
5
Жаратқан Ийе сизлерди қанан, хет, амор, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен, сүт ҳәм пал ағып турған жерге апарғанда, усы айда мына рәсимди өткизиңлер:
6
жети күн ашытқысыз нан жеп, жетинши күни Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыңлар.
7
Сол жети күн ишинде тек ашытқысыз нан жеңлер. Өзиңизде де, жасап атырған пүткил жериңизде де ашытқы салынған нан ямаса ашытқы болмасын.
8
Сол күни балаларыңызға: «Мысырдан шыққанымызда, Жаратқан Ийе бизлер ушын ислеген ислери себепли буларды ислеп атырмыз», – деп түсиндириңлер.
9
Бул рәсим қолыңызда бир белги, маңлайыңызда сақланатуғын яднама болсын. Усылайынша, Жаратқан Ийениң нызамы аўзыңызда болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди күшли қолы менен Мысырдан алып шықты.
10
Сизлер де ҳәр жылы белгиленген ўақытта бул қағыйданы орынлаңлар.
11
Жаратқан Ийе сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерди Қанан жерине апарып, сизлерге сол жерди бергенде,
12
қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммесин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малларыңыздың биринши туўылған барлық еркек төллери Жаратқан Ийеге тийисли.
13
Ешектиң ҳәр бир биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын сындырың. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.
14
Келешекте улларыңыз сизлерден: «Буның мәниси қандай?» – деп сораса, оларға былай деп жуўап бериңлер: «Жаратқан Ийе бизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан, бизлер қул болған елден алып шықты.
15
Фараон бизлерди жибермей, қайсарлық көрсеткенде, Жаратқан Ийе Мысырда адамлардың ҳәм маллардың барлық туңғышларын өлтирди. Сонлықтан маллардың туңғыш төллерин Жаратқан Ийеге қурбанлыққа беремиз, ал туңғыш улларымыз ушын қун төлеймиз».
16
Бул рәсим қолыңызда бир белги, есиңизде сақланатуғын яднама болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан алып шықты.
17
Фараон израиллыларды жибергенде, Қудай: халық урысқа дуўшар болатуғынын билгенде өкинип, Мысырға қайтып кетпесин, деп филист халқының жери арқалы өтетуғын жол қысқарақ болса да, оларды ол жер арқалы алып жүрмеди.
18
Қудай халықты Қызыл теңизге шөл жолы менен айландырып апарды. Израиллылар Мысырдан қарыў-жарақ пенен шыққан еди.
19
Муўса Юсуптиң сүйеклерин де өзи менен бирге алып шыққан еди. Өйткени Юсуп израиллыларға ант иштирип: «Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сүйеклеримди бул жерден алып кетиңлер», – деп нәсиятлап кеткен еди.
20
Израиллылар Суккоттан шығып, шөл шетиндеги Этамға орналасты.
21
Олардың күни-түни жол жүриўи ушын, Жаратқан Ийе күндиз минара сыяқлы булт болып жол көрсетип, түнде минара сыяқлы от болып жолларына жарық түсирип, оларды баслап жүрди.
22
Күндиз булт, түнде от халықтың алдынан бир дем де узақламады.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40