bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 40
Exodus 40
Karakalpak 2022
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2
– Мухаддес шатырды, яғный Ушырасыў шатырын биринши айдың биринши күни қур.
3
Келисим сандығын шатырдың ишине киргизип, оны перде менен тасалап қой.
4
Столды ишке әкелип, оған тийисли ҳәмме нәрсени оның үстине қой. Шыра қойғышты да әкелип, шыраларын үстине қой.
5
Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Келисим сандығының алдына қойып, шатырдың кирер аўзына перде тақ.
6
Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қой.
7
Үлкен ләгенди шатыр менен қурбанлық орынның арасына қойып, ишине суў қуй.
8
Шатырдың әтирапын айландырып, ҳәўли исле ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына перде тақ.
9
Соңынан майлаўға арналған зәйтүн майын алып, шатырды ҳәм оның ишиндеги барлық буйымларды майлап, мухаддес қыл.
10
Қурбанлық жандырылатуғын орынды ҳәм оның барлық буйымларын майлап, орынды мухаддес қыл. Сонда орын жүдә мухаддес болады.
11
Үлкен ләгенди ҳәм оның туяқларын майлап, мухаддес қыл.
12
Харонды ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўындыр.
13
Харонға мухаддес кийимлерди кийгиз ҳәм руўханий болып, хызмет етиўи ушын, оның басына май қуйып, Маған бағышла.
14
Оның улларын алып келип, оларға узын көйлек кийгиз.
15
Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, оларды да әкеси сыяқлы майла. Бул майлаў олардың әўладлар бойы мәңгиге руўханий болыўын тәмийинлейди.
16
Муўса ҳәмме нәрсени Жаратқан Ийениң буйырғанындай қылып иследи.
17
Солай етип, екинши жылдың биринши айының биринши күни Мухаддес шатыр қурылды.
18
Муўса шатырды қурды: ултанларын қойды, тахтайларын орнатты, қадаларын киргизип, бақанларын көтертти.
19
Кейин шатырдың үстине ишки ҳәм сыртқы жабыўларын жапты. Муўса булардың ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
20
Кейин буйрықлар жазылған еки тасты алып, сандыққа салды. Сандықтың сырықларын кийгизди ҳәм сандықтың қақпағын сандықтың үстине қойды.
21
Келисим сандығын шатырға киргизди де, перде тутып, сандықты көзден тасалап қойды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
22
Нанлар туратуғын столды Ушырасыў шатырының ишине, яғный шатырдың арқаға қараған тәрепине, ишки пердениң сыртына қойды.
23
Жаратқан Ийениң алдына, столдың үстине нанларды дизип қойды. Муўса буларды Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
24
Шыра қойғышты Ушырасыў шатырына, столдың қарсысына, шатырдың қубла тәрепине қойды.
25
Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай, ол Жаратқан Ийениң алдына шыраларды қойды.
26
Алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орынды Ушырасыў шатырына, пердениң алдына қойды.
27
Орынның үстинде хош ийисли түтетки түтетти. Муўса буларды да Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
28
Шатырдың кирер аўзына перде тақты.
29
Қурбанлық жандырылатуғын орынды Мухаддес шатырдың, яғный Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына қойды. Орынның үстинде жандырылатуғын қурбанлық ҳәм ғәлле садақасын усынды. Муўса ҳәммесин Жаратқан Ийениң өзине буйырғанындай етип иследи.
30
Үлкен ләгенди Ушырасыў шатыры менен қурбанлық орынның арасына қойды ҳәм жуўыныў ушын, ишине суў қуйды.
31
Муўса, Харон ҳәм Харонның уллары аяқ-қолларын сол жерде жуўатуғын болды.
32
Олар Ушырасыў шатырына киретуғын яки қурбанлық орынға жақынласатуғын ўақытта, Жаратқан Ийениң буйырғанындай, сол жерде жуўынатуғын еди.
33
Шатырдың ҳәм қурбанлық орынның әтирапындағы ҳәўлини перде менен қоршады ҳәм ҳәўлиниң кирер аўзына да перде тақты. Солай етип, Муўса жумысты тамамлады.
34
Соннан кейин, Ушырасыў шатырын булт қаплап, Жаратқан Ийениң салтанаты шатырды толтырды. Соның ушын, Муўса Ушырасыў шатырына кире алмады.
36
Пүткил сапарлары даўамында израиллылар булт шатырдан жоқары көтерилгенде, жолын даўам ететуғын еди.
37
Бирақ олар булт жоқары көтерилмегенше, жолға шықпайтуғын еди.
38
Солай етип, олардың пүткил сапары даўамында, барлық Израил халқының көз алдында Жаратқан Ийениң булты күндиз шатырдың үстинде турды, ал түнде булт ишинде от болып жанып турды.
← Chapter 39
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40