bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 32
Exodus 32
Karakalpak 2022
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 33 →
1
Халық Муўсаның таўдан түспей, иркилип атырғанын көргенде, Харонның әтирапына жыйналды да: – Қәне, бизлерге баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз, – деди.
2
Харон оларға: – Ҳаялларыңыз, улларыңыз ҳәм қызларыңыздың қулақларындағы алтын сырғаларды шешип, маған алып келиңлер, – деди.
3
Сонда пүткил халық қулақларындағы сырғаларын дәрҳал жулып алды да, оларды Харонға берди.
4
Харон сырғаларды алып, олардан тананың мүсинин соқты. Сонда халық: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.
5
Харон буны көрип, тананың алдына бир қурбанлық орын қурды да: «Ертең Жаратқан Ийеге арнап байрам болады», – деп жәриялады.
6
Ертеңине азанда халық жандырылатуғын қурбанлықлар берди ҳәм татыўлық қурбанлықларын усынды. Олар ишип-жеў ушын отырды ҳәм кейин орынларынан турып, ойынға түсти.
7
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Тезирек төмен түс. Сениң Мысыр жеринен алып шыққан халқың жолдан азды.
8
Олар Мен буйырған жолдан тез шығып кетти. Өзлерине тананың мүсинин ислеп алып, оған сыйынды ҳәм қурбанлықлар берип: «Ҳәй, Израил! Сизлерди Мысыр жеринен алып шыққан қудайыңыз усы болады», – деди.
9
Жаратқан Ийе Муўсаға тағы да: – Бул халықтың қаншелли қайсар екенин билемен.
10
Енди Мени иркпе. Ғәзебим лаўлап, оларды жоқ қыламан ҳәм сеннен уллы халық дөретемен, – деди.
11
Сонда Муўса Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынып былай деди: – Жаратқан Ийе! Неге Өз халқыңа ғәзебиң лаўлайды? Өзиң оларды Мысыр жеринен уллы қүдиретиң ҳәм күшли қолың менен алып шыққан едиң-ғо.
12
Егер солай ислесең, онда мысырлылар: «Қудай оларды жаман нийет пенен, таўларда өлтирип, жер жүзинен жоқ қылыў ушын алып шығыпты», – деп айтады. Сонлықтан Өзиңниң лаўлаған ғәзебиңди басып, халқыңды жоқ қылыў нийетиңнен қайт.
13
Қулларың Ибрайым, Ысақ ҳәм Израилды есиңе түсир. Оларға Өзиң ҳақы ант ишип: «Урпақларыңызды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтемен. Сизлерге беремен деп ўәде еткен усы жердиң ҳәммесин урпақларыңызға беремен. Олар сол жерди мәңгиге ийелик етеди», – деген едиң.
14
Солай етип, Жаратқан Ийе халқына жиберемен деген жаманлықты жибериў нийетинен қайтты.
15
Муўса буйрықлар жазылған еки тасты алып, таўдан түсти. Таслардың еки тәрепине де: алдына да, артына да жазылған еди.
16
Тасларды Қудай ислеген болып, таслардағы жазыўларды да Ол ойып жазған еди.
17
Ешуа халықтың бақырысқан даўысын еситкенде, Муўсаға: – Ордадан урыс шаўқымы еситилип тур, – деди.
18
Муўса оған былай деп жуўап берди: – Бул урыста жеңиске ерискенлердиң қышқырығына да, жеңилиске ушырағанлардың зарлаған даўысына да уқсамайды. Мен олардың даўыслап қосық айтып атырғанын еситип турыппан.
19
Муўса ордаға жақынлағанда, тананы ҳәм ойынға түсип атырған адамларды көрди. Сонда оның ғәзеби лаўлады ҳәм қолындағы тасларды ылақтырып жиберип, таў етегинде оларды сындырып таслады.
20
Муўса халық соққан тананы отқа жағып жиберди. Оны езип, унтады да, суўға шашып жиберди ҳәм суўды израиллыларға ишкизди.
21
Муўса Харонға: – Бундай аўыр гүнаға батырғандай, бул халық саған не ислеген еди? – деди.
22
Харон Муўсаға былай деп жуўап берди: – Ғәзепленбе, мырзам! Бул халықтың жаманлыққа бейим екенин өзиң билесең.
23
Олар маған: «Бизлерди баслап алып жүретуғын қудай соғып бер. Өйткени бизлерди Мысыр жеринен алып шыққан сол Муўса деген адамға не болғанын билмеймиз», – деди.
24
Мен оларға: «Кимде алтын бар болса, оларды шешсин», – дегенимде, олар алтынларын маған берди. Мен оларды отқа таслағанымда, бул тана шыға келди.
25
Муўса Харонның халықты қадағаламай, жүўенсиз жибергенин ҳәм олардың душпанларға масқара болғанын көрди.
26
Сонлықтан Муўса орданың кирер аўзында турып: «Ким Жаратқан Ийе тәрепинде болса, мениң жаныма келсин», – деди. Сонда пүткил Лебий урыўы оның әтирапына жыйналды.
27
Муўса оларға: – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәр бир адам қылышын белине асынсын ҳәм орданың арғы аўзынан берги аўзына дейин аралап шығып, туўысқанын, достысын ҳәм жақынларын өлтирсин», – деди.
28
Лебий урыўының адамлары Муўсаның буйрығын орынлады. Сол күни халықтан үш мыңға жақын адам өлди.
29
Муўса Лебий урыўының адамларына: – Бүгин сизлердиң ҳәр бириңиз өз улыңыздың ҳәм өз туўысқаныңыздың жанының қуны менен Жаратқан Ийениң хызметине бағышландыңызлар. Бүгин Жаратқан Ийе сизлерге жарылқаўын жаўдырады, – деди.
30
Ал ертеңине Муўса халыққа: – Сизлер аўыр гүна иследиңлер. Мен ҳәзир Жаратқан Ийениң алдына шығажақпан. Мүмкин, сизлердиң гүналарыңызға кеширим ала аларман, – деди.
31
Соннан соң, Муўса Жаратқан Ийениң алдына қайтып барып: – Әттең, бул халық аўыр гүна иследи. Олар өзлерине алтын бут соқты.
32
Бирақ, Сен олардың гүналарын кешир. Егер олай ислемесең, Өзиңниң жазған китабыңнан мениң атымды өширип тасла, – деди.
33
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Ким Маған қарсы гүна ислеген болса, соның атын китабымнан өширип таслайман.
34
Енди бар, халықты саған айтқан жериме апар. Периштем сени баслап барады. Бирақ, олар жуўапқа тартылатуғын күни, Мен оларды гүнасы ушын жазалайман.
35
Солай етип, Жаратқан Ийе халықты Харонға соқтырған танасы ушын жазалады.
← Chapter 31
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 33 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40