bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 29
Exodus 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 30 →
1
– Харонды ҳәм оның улларын руўханий қылып, Маған хызмет етиўге бағышлаў ушын мыналарды исле: минсиз бир буға ҳәм еки қошқар ал.
2
Сапалы бийдай унынан ашытқысыз нанлар, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз шөреклер ҳәм үстине зәйтүн майы жағылған пәтирлер жаптыр.
3
Оларды бир себетке салып, буға ҳәм қойлар менен бирге Маған алып кел.
4
Харон ҳәм оның улларын Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдына әкелип, оларды суў менен жуўыныў рәсиминен өткиз.
5
Кейин руўханийлик кийимлерин ал да, Харонға узын көйлек, баҳалы үст кийим ҳәм эфодты кийгизип, қалталы өңиршени тақ. Эфодтың белбеўин белине байла.
6
Харонның басына сәлле орап, алдынғы жағына мухаддес тажды тағып қой.
7
Соңынан майлайтуғын зәйтүн майын алып, оның басына қуйып, оны майла.
8
Кейин Харонның улларын алып келип, оларға узын көйлеклерди кийгиз.
9
Беллерине белбеў байлап, басларына кишигирим сәлле ора. Харон ҳәм оның урпақлары қағыйда бойынша мәңгиге руўханийлер болып қалады. Усылайынша, Харон ҳәм оның улларын хызметке тайынла.
10
Кейин Ушырасыў шатырының алдына буғаны алып келип, Харон ҳәм оның улларының қолларын буғаның басына қойдыр.
11
Буғаны Мениң алдымда, Ушырасыў шатырының алдында шал.
12
Оның қанын бармағың менен қурбанлық орынның шақларына сүрт. Қалған қанның ҳәммесин орынның түбине төк.
13
Малдың ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин ҳәм олардың майларын қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр.
14
Ал буғаның гөшин, терисин ҳәм дәрисин орданың сыртында жағып жибер. Бул – гүна ушын қурбанлық.
15
Соң бир қошқар әкелип, Харон ҳәм оның улларының қолларын қошқардың басына қойдыр.
16
Қошқарды өзиң шалып, қанын қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер.
17
Қошқарды жиликлерге бөлип, оның ишек-қарнын ҳәм туяқларын жуўып, буларды жиликлер менен бастың үстине қой.
18
Қошқарды толығы менен қурбанлық орынның үстинде түтетип жандыр. Усы Жаратқан Ийеге арналған жандырылатуғын қурбанлық, Оған хош ийисли сый болады.
19
Кейин екинши қошқарды алып кел. Харон ҳәм оның уллары қошқардың басына қолларын қойғаннан соң,
20
қошқарды шалып, қанын Харон ҳәм оның улларының оң қулақларының сырғалығына, оң қол ҳәм оң аяғының бас бармақларына сүрт. Аўысқан қанды қурбанлық орынның төрт қапталына серпип жибер.
21
Қурбанлық орынның үстиндеги қанды ҳәм майлайтуғын зәйтүн майын Харонға, оның улларына ҳәм олардың кийимлерине сеп. Сонда Харон ҳәм оның кийимлери, оның уллары ҳәм олардың кийимлери мухаддес болады.
22
Қошқардың майын, яғный қуйрық майын, ишеклерин қаплаған шарбы майларын, баўырының төменги ушын, еки бөтекесин, бөтеке майларын ҳәм оң санын ал. Себеби бул – руўханийликке тайынлағанда сойылатуғын қошқар.
23
Мениң алдымдағы себеттен ашытқысыз бир шөрек, зәйтүн майы қосылған ашытқысыз бир шөрек ҳәм бир пәтир ал.
24
Олардың ҳәммесин Харонның ҳәм оның улларының қолларына сал. Буларды Мениң алдымда жоқары көтерип усыныңлар.
25
Соңынан сол нәрселерди олардың қолларынан алып, қурбанлық орында жандырылатуғын қурбанлыққа қосып, Маған хош ийисли сый қылып түтетип жандыр. Бул – Жаратқан Ийеге, яғный Маған арналған сый болады.
26
Қошқардың төсин болса, Мениң алдымда жоқары көтерип усын. Бул төс сениң пайың болады.
27
Харон ҳәм оның улларының тайынланыўы ушын сойылған қошқардың жоқары көтерип усынылған төсин ҳәм ажыратылған санын Маған бағышла.
28
Бул жиликлер садақа болғаны ушын, израиллылар буларды Харонға ҳәм оның улларына мәңги пай етип берсин. Бул израиллылардың татыўлық қурбанлықларынан Жаратқан Ийеге, яғный Маған усынған садақасы болады.
29
Харонның мухаддес кийимлери өзинен кейин урпақларына қалсын. Олар май қуйылып, хызметке тайынланғанда, сол кийимлерди кийеди.
30
Мухаддес орында хызмет етиў ушын, Харонның орнына руўханийликке тайынланатуғын ҳәм Ушырасыў шатырына киретуғын улы жети күн даўамында усы кийимлерди кийип жүриўи тийис.
31
Руўханийликке тайынлаў рәсиминде қурбанлық етип берилген қошқардың гөшин бир мухаддес жерде қайнат.
32
Олар сол гөшти ҳәм себеттеги нанды Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында жесин.
33
Руўханийликке тайынлаў рәсиминде пәклеў ушын усынылған нан ҳәм гөшти тек ғана Харон ҳәм оның уллары жесин. Бул нәрселер мухаддес болғаны ушын, олардан басқа адамлардың жеўине болмайды.
34
Бул рәсимде сойылған қурбанлықтың гөшинен ямаса наннан азанға дейин аўысып қалса, оларды жағып жибер. Олар мухаддес болғанлығы себепли, желинбеўи керек.
35
Буларды Харон ҳәм оның уллары ушын Мениң саған буйырғанымдай етип орынла. Оларды руўханийликке тайынлаў рәсими жети күн даўам етсин.
36
Гүналардан пәклениў ушын ҳәр күни бир буға әкел. Қурбанлық орынды пәклеў ушын гүна қурбанлығын бер ҳәм оны мухаддес қылыў ушын оған май серп.
37
Жети күн даўамында орынды пәклеп, мухаддес қыл. Сол тәризде қурбанлық орын жүдә мухаддес болады. Оған тийип кеткен ҳәр бир нәрсе де мухаддес болады.
38
– Ҳәр күни бир жасар еки еркек тоқлыны қурбанлық орынның үстинде қурбанлыққа бер.
39
Тоқлының биреўин азанда, ал екиншисин кеште бер.
40
Биринши тоқлыға қосып, төрттен бир ҳин сапалы зәйтүн майына араластырылған оннан бир эфа сапалы ун ҳәм ишимлик садақасы ушын төрттен бир ҳин шарап бер.
41
Екинши тоқлыны кеште Маған хош ийисли сый қылып, азанғысындай ғәлле ҳәм ишимлик садақалары менен бирге усын.
42
Бул жандырылатуғын қурбанлық Ушырасыў шатырының кирер аўзының алдында, Жаратқан Ийениң алдында әўладлар даўамында ҳәр күни берилип барылсын. Мен сол жерде сениң менен ушырасып, сөйлесемен.
43
Мен израиллылар менен сол жерде ушырасаман, шатыр салтанатым менен мухаддес болады.
44
Ушырасыў шатырын ҳәм қурбанлық орынды мухаддес қыламан. Харон ҳәм оның улларын да руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын мухаддес қыламан.
45
Мен израиллылар арасында жасап, олардың Қудайы боламан.
46
Сонда арасында жасаў ушын, оларды Мысырдан шығарған Қудайы Жаратқан Ийе Мен екенимди олар билип алады. Мен – олардың Қудайы Жаратқан Ийемен.
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40