bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 2
Exodus 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 3 →
1
Лебий урыўынан болған бир адам урыўлас қызына үйленди.
2
Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм баласының сондай сүйкимли екенин көрип, оны үш ай жасырып жүрди.
3
Бирақ ҳаял баласын буннан былай жасырып жүре алмайтуғын болғанлықтан, қамыстан исленген бир себетти алып, оған шайыр ҳәм қара май жағып шықты. Кейин ишине баланы салды да, Нил дәрьясының жағасындағы қамыслыққа қойды.
4
Ал баланың әжапасы үкесине не болатуғынын көриў ушын, узақтан бақлап турды.
5
Сонда фараонның қызы шомылыў ушын дәрьяға келди. Ал оның шорылары дәрья жағасында жүрген еди. Фараонның қызы қамыслықтың арасында турған себетти көрип қалып, оны әкелиў ушын шорысын жиберди.
6
Ол себетти ашып, жылап атырған баланы көрди ҳәм оған жаны ашып: – Бул – бир еврей баласы-ғо, – деди.
7
Сол ўақытта баланың әжапасы фараонның қызына: – Сизге баланы емизип бериўи ушын, мен барып, еврейлерден емизиўли бир ҳаялды шақырып келейин бе? – деди.
8
Фараонның қызы оған: – Яқшы, бар, – деп жуўап берди. Қыз барып, баланың анасын шақырып келди.
9
Фараонның қызы ҳаялға: – Мына баланы алып, маған емизип бер, хызмет ҳақыңды төлеймен, – деди. Ҳаял баланы алып, емизди.
10
Бала аз-маз өскеннен кейин, ҳаял оны фараонның қызына алып келди. Фараонның қызы баланы асырап алды ҳәм «Оны суўдан шығарып алдым», – деп, баланың атын Муўса қойды.
11
Муўса ержеткеннен соң, бир күни өз халқына барып, олардың аўыр жумыс ислеп атырғанын көрди. Сонда өз халқынан болған бир еврейди бир мысырлының урып атырғанына көзи түсип кетти.
12
Муўса әтирапына нәзер таслап, ҳеш кимниң жоқ екенин көргенде, мысырлыны өлтирип, оны қумға көмип жасырды.
13
Ертеңине ол және шыққанда, еки еврейдиң төбелесип атырғанын көрди. Сонда Муўса наҳақ болған адамнан: – Неге туўысқаныңды урып атырсаң? – деп сорады.
14
Сол адам Муўсаға: – Ким сени бизлердиң үстимизден басшы ҳәм қазы қылып қойды? Мысырлыны өлтиргениңдей, мени де өлтирмекшимисең? – деди. Сонда Муўса қорқып кетип: «Ырасында да, бул ис әшкара болып қалған екен-ғо», – деп ойлады.
15
Бул ис ҳаққында фараон да еситип, Муўсаны өлтирмекши болды. Бирақ Муўса оннан қашып, Мидян жерине барып жасады. Бир күни ол бир қудықтың қасында отырғанда,
16
Мидян руўханийиниң жети қызы келип, әкесиниң қойларын қудықтан суўғарыў ушын, наўаларды толтыра баслады.
17
Бирақ айырым шопанлар келип, оларды қуўып жиберди. Сонда Муўса келип қызларды қорғады ҳәм олардың қойларын суўғарып берди.
18
Қызлар әкеси Реуелдиң жанына қайтып барғанда, әкеси олардан: – Неге бүгин бунша тез келдиңиз? – деп сорады.
19
Қызлары әкесине: – Мысырлы бир адам бизлерди шопанлардан қорғады. Буның үстине, ол суў алып, қойларымызды да суўғарып берди, – деп жуўап берди.
20
Әкеси оларға: – Сол адам қай жерде? Оны неге таслап кеттиңиз? Барыңлар, оны аўқатқа шақырып келиңлер, – деди.
21
Муўса Реуелдиң мирәтин қабыл етип, оның үйинде жасап қалыўды шешти. Реуел оған қызы Сиппораны ҳаяллыққа берди.
22
Сиппора ул туўды ҳәм Муўса: «Мен жат елде келгинди адам болдым», – деп, балаға Гершом деп ат қойды.
23
Арадан узақ ўақыт өткеннен соң, Мысыр патшасы өлди. Израиллылар еле қулшылықтан нала шегип, дад салып атырған еди. Олардың қулшылық себепли салған дады Қудайға жетип барды.
24
Қудай олардың налаларын еситип, Өзиниң Ибрайым, Ысақ ҳәм Яқып пенен дүзген келисимин еске түсирди.
25
Қудай израиллылардың аўҳалын көрип, оларды аяды.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40