bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 27
Exodus 27
Karakalpak 2022
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 28 →
1
– Акация ағашынан төрт мүйешли қылып, қурбанлық орын дүзет. Орынның узынлығы да, ени де бес шығанақ, ал бийиклиги үш шығанақ болсын.
2
Оның төрт мүйешине өзинен шығып туратуғын шақлар ислеп, орынды ҳәм шақларын қола менен қаплат.
3
Орын ушын күлге арналған ыдыслар менен белшелер, қан себетуғын табақлар, шанышқылар ҳәм шоқ салынатуғын ыдыслар ислет. Олардың ҳәммесин қоладан ислет.
4
Қурбанлық орынға қоладан тор сыяқлы нағыс ҳәм оның төрт мүйешине қоладан төрт ҳалқа ислет.
5
Тор нағысты қурбанлық орынның ортасына жететуғындай қылып, жийегиниң астынан ислет.
6
Орын ушын акация ағашынан сырықлар ислетип, оларды қола менен қаплат.
7
Қурбанлық орынды көтерип жүриў ушын, орынның еки қапталындағы ҳалқалардан усы сырықларды өткизип қой.
8
Орын ағаштан исленип, иши бос болсын. Орынды таўда саған көрсетилгендей қылып ислет.
9
– Мухаддес шатырдың ҳәўлисин қур. Ҳәўлиниң қубла тәрепине узынлығы жүз шығанақ болған, ҳасыл зығыр жиптен тоқылған перделер тақ.
10
Перделер ушын қоладан исленген жигирма ултанға жигирма бақан орнат. Ал бақанның айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.
11
Арқадағы узын тәрепи ушын узынлығы жүз шығанақ болған перделер, жигирма бақан ҳәм бақанлар ушын қоладан жигирма ултан исленсин. Бақанлардың айры илдиргишлери менен карнизлери гүмистен болсын.
12
Ҳәўлиниң батыс тәрепиндеги ени ушын узынлығы елиў шығанақ болған перде, он бақан ҳәм оған он ултан исленсин.
13
Ҳәўлиниң шығысқа қараған алдынғы тәрепиниң ени елиў шығанақ болсын.
14
Усы кирер аўыздың бир тәрепинде узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын.
15
Оның екинши тәрепинде де узынлығы он бес шығанақ перде, үш бақан ҳәм үш ултан болсын. Кирер аўыздың еки тәрепи де усындай болсын.
16
Ҳәўлиниң кирер аўзына жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жип ҳәм ҳасыл зығыр жиптен узынлығы жигирма шығанақ болған нағыслы перде тоқыт. Оған төрт бақан ҳәм төрт ултан исленсин.
17
Ҳәўлиниң әтирапындағы барлық бақанлар гүмис карнизлер ҳәм гүмис айры илдиргишлер менен бириктирилсин. Олардың ултанлары қола болсын.
18
Ҳәўлиниң узынлығы жүз, ени елиў, ал әтирапындағы ҳасыл зығыр жибинен тоқылған перделердиң бийиклиги бес шығанақ болсын. Ултанлар қоладан болсын.
19
Шатырға тийисли барлық затлары, шатырдың ҳәм ҳәўлиниң барлық қазықлары қоладан болсын.
20
– Шыралар ҳәр күни түнде жанып турыўы ушын, Израил халқына сапалы зәйтүн майынан әкелиўди буйыр.
21
Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырында, Келисим сандығының алдындағы пердениң сыртында, кештен таңға дейин шыралардың Мениң алдымда жаныўын тәмийинлесин. Бул израиллылар ушын әўладлар бойы мәңги қағыйда болсын.
← Chapter 26
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 28 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40