bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 23
Exodus 23
Karakalpak 2022
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 24 →
1
– Мыш-мыш гәп тарқатпаң. Жалған гүўалық бериў арқалы, жаман адамға қол бермең.
2
Көпшилик жаўызлық ислегенде, оларға қосылмаң. Даўлы исте гүўалық бергениңизде көпшиликти жақлап, әдилликти бурмаламаң.
3
Кәмбағал болса да, даўда оны жақламаң.
4
Егер душпаныңыздың жойтылып кеткен өгизин ямаса ешегин таўып алсаңыз, оны ийесине қайтарып бериң.
5
Егер душпаныңыздың ешегиниң жүктиң аўырлығынан жығылып қалғанын көрсеңиз, оны сол ҳалында таслап кетпей, оған жәрдем бериўиңиз тийис.
6
Даўда кәмбағалдың исин шешиўде әдилликти бурмаламаң.
7
Жала жабыўдан аўлақ болың, айыпсыз ҳәм ҳақ адамды өлимге ҳүким қылмаң. Өйткени Мен наҳақ адамды ақламайман.
8
Пара алмаң. Себеби пара көретуғын адамды соқыр етип, ҳақ адамды наҳаққа шығарады.
9
Келгинди адамға жәбир бермең. Өзлериңиз де Мысыр жеринде келгинди болғаныңыз себепли, келгинди адамның жағдайының қандай екенин билесизлер.
10
– Алты жыл бойы жериңизге туқым сеўип, зүрәәт жыйнаң.
11
Ал жетинши жылы жерге дем бериң. Халқыңыз арасындағы кәмбағаллар ол жерден азық таўып жесин, олардан аўысқанын жабайы ҳайўанлар жесин. Жүзим бағыңыз бенен зәйтүнзарыңызға да солай ислең.
12
Алты күн жумысыңызды ислеп, жетинши күни дем алың. Усылайынша өгизиңиз ҳәм ешегиңиз дем алып, шорыңыздың улы да, келгинди адамыңыз да ҳәлленип алсын.
13
Мениң сизлерге айтқанларымның ҳәммесин орынлаң. Басқа қудайлардың атын айтып шақырмаң, оларды тилиңизге де алмаң.
14
– Жылына үш мәрте Мениң алдыма келип байрам қылың.
15
Сизлерге буйырғанымдай, абиб айының белгиленген күнлеринде жети күн ашытқысыз нан жеп, Ашытқысыз нан байрамын байрамлаң. Себеби сизлер Мысырдан сол айда шықтыңлар. Ҳеш ким алдыма қуры қол келмесин.
16
Атызға еккен бийдайларыңызды жыйнап баслағаныңызда, Зүрәәт байрамын белгилең. Ал гүзде атыздан барлық егинлериңизди жыйнап болғаныңызда, Жыйын-терим байрамын белгилең.
17
Барлық еркеклериңиз жылына үш мәрте Ийең болған Мениң, яғный Жаратқан Ийениң алдына келиўи керек.
18
Маған берилген қурбанлықтың қанын ашытқы салынған нан менен бермең. Байрамда Маған арнап берилген қурбанлықтың майы азанға дейин қалдырылмасын.
19
Жериңиздиң дәслепки өниминиң ең жақсысын Қудайыңыз Жаратқан Ийениң Үйине алып келиң. Ылақтың гөшин өз анасының сүтине писирмең.
20
– Мине, жолда сизлерди қорғаўы ҳәм сизлерди Мен таярлап қойған жерге апарыўы ушын, алдыңыздан бир периште жиберип атырман.
21
Оған дыққатлы болып, сөзине қулақ салың. Оған қарсы шықпаң. Себеби Ол Мениң атымнан ҳәрекет еткенликтен, қарсылық көрсеткениңизге сабыр етпейди.
22
Бирақ оның сөзин дыққат пенен тыңлап, айтқанларымның ҳәммесин орынласаңыз, Мен душпанларыңызға душпан болып, сизлерге қарсы шыққанларға қарсы тураман.
23
Периштем алдыңызда жүрип, сизлерди амор, хет, периз, қанан, хиў ҳәм ебуслардың жерлерине алып барғанда, Мен оларды жоқ етемен.
24
Сизлер олардың қудайларына табынып, хызмет қылмаң. Олардың әдетлерин де үйренбең. Керисинше, олардың қудайларын қулатып, кийели тасларын сындырып таслаң.
25
Сизлер Қудайыңыз Жаратқан Ийеге, яғный Маған сыйының. Сонда Мен сизлердиң нан-суўларыңызды жарылқап, араңыздағы кеселликлерди жоқ етемен.
26
Елиңизде түсик түсиретуғын ҳәм бийперзент ҳаял болмайды. Мен сизлерге узақ өмир беремен.
27
Сизлерге қарсы шыққан халықларды Меннен қорқатуғын қыламан ҳәм оларды албыратып таслайман. Душпанларыңыз алдыңыздан қашатуғын болады.
28
Хиў, қанан ҳәм хет халықларын алдыңыздан қуўыў ушын, ешек ҳәрре жиберемен.
29
Ел қаңырап қалып, сизлерге зыян беретуғын жабайы ҳайўанлардың саны көбейип кетпеўи ушын, оларды бир жыл ишинде қуўып жибермеймен.
30
Сизлер көбейип, сол елди ийелик етемен дегенше, оларды аз-аздан қуўып шығараман.
31
Шегараңызды Қызыл теңизден филистлер мәкан басқан теңизге дейин, қубладағы шөлден Евфрат дәрьясына дейин орнатаман. Сол елдиң адамларын сизлерге тәслим етемен, сизлер оларды алдыңыздан қуўып шығасызлар.
32
Олар ҳәм олардың қудайлары менен келисим дүзбең.
33
Олардың жериңизде жасаўына жол қоймаң. Болмаса олар сизлерди өз қудайларына сыйындырып, Маған қарсы гүна ислеўге баслайды ҳәм сизлерди дузаққа түсиреди.
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 24 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40