bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 7
Exodus 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 8 →
1
Бирақ Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Минекей, Мен сени фараон ушын Қудай сыяқлы қылдым, ал әжағаң Харон сениң пайғамбарың болады.
2
Саған буйырғанларымның ҳәммесин әжағаңа айт. Ол фараон менен сөйлесип: «Израиллылардың Мысыр жеринен кетиўине рухсат бер», – деп айтсын.
3
Деген менен, Мен фараонның жүрегин қатал қыламан. Мысырда көп белгилеримди ҳәм кәраматларымды көрсетсем де,
4
фараон сизлерди тыңламайды. Мен қолымды Мысырға созып, оларды қатаң жазалайман ҳәм халқым Израилды топ-тобы менен Мысыр жеринен алып шығаман.
5
Мысырға қарсы қолымды көтерип, израиллыларды олардың арасынан алып шыққанымда, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
6
Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи.
7
Фараон менен сөйлескенде, Муўса сексен, ал Харон сексен үш жаста еди.
8
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди:
9
– Фараон сизлерге: «Мени исендириў ушын бир кәрамат көрсетиңлер», – дегенде, сен Харонға: «Таяғыңды фараонның алдына тасла», – деп айт. Сонда таяқ жыланға айланады.
10
Солай етип, Муўса менен Харон фараонға барып, Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон таяғын фараонның ҳәм оның хызметкерлериниң алдына таслады. Таяқ жыланға айланды.
11
Сонда фараон өз данышпанларын ҳәм сыйқыршыларын шақырды. Олар да өз сыйқыршылығы менен анық солай иследи.
12
Олардың ҳәр бири таяғын таслап жибергенде, таяқлар жыланға айланды. Бирақ Харонның таяғы олардың таяқларын жутып жиберди.
13
Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.
14
Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонның жүреги қатал болып тур. Ол халықты жибериўден бас тартып атыр.
15
Ертеңине азанда бар да, фараон Нил дәрьясына қарай шыққанда, жыланға айланған таяғыңды алып, дәрья жағасында оның жолын тосып тур.
16
Кейин фараонға былай де: «Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң: „Шөлде Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер“, – деп айтқан сөзин жеткериўим ушын, мени саған жиберди. Бирақ сен усы ўақытқа шекем қулақ аспадың.
17
Сонлықтан Жаратқан Ийе: „Мениң Жаратқан Ийе екенимди енди билип аласаң“, – дейди. Минекей, мен қолымдағы таяқ пенен дәрьяның суўына урсам, суў қанға айланады.
18
Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасып кетеди ҳәм мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалады».
19
Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Харонға айт, ол таяғын алып, оны Мысырдың суўлары үстине – дәрьялары, өзеклери, көллери ҳәм барлық ҳәўизлери үстине созсын. Олардағы, ҳәтте, пүткил Мысырдағы ағаш ҳәм тас ыдыслардағы суўлар да қанға айланады.
20
Муўса менен Харон Жаратқан Ийениң буйырғанындай иследи. Харон фараон ҳәм оның хызметшилериниң көз алдында таяқты көтерип, Нил дәрьясының суўына урып жибергенде, ондағы барлық суўлар қанға айланды.
21
Дәрьядағы балықлар өлип, дәрья сасый баслады. Мысырлылар дәрьяның суўын ише алмай қалды. Мысырдың ҳәмме жерин қан жайлап кетти.
22
Бирақ мысырлы сыйқыршылар да өз сыйқыршылығы менен анық усылай иследи. Жаратқан Ийениң айтқанындай, фараонның жүреги қатал болып, Муўса менен Харонды тыңламады.
23
Фараон артына бурылып, сарайына қайтып кетти. Бул ўақыя да оған тәсир етпеди.
24
Пүткил мысырлылар ишетуғын суў табыў ушын, дәрья бойын қазыўға киристи. Өйткени олар дәрьяның суўын ише алмайтуғын еди.
25
Жаратқан Ийе Нил дәрьясының суўын қанға айландырғаннан кейин, арадан жети күн өтти.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40