bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 20
Exodus 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 21 →
1
Сонда Қудай мына сөзлерди айтты:
2
– Мен – сени Мысырдан, қул болған жериңнен алып шыққан Қудайың Жаратқан Ийемен.
3
Сениң Меннен басқа қудайларың болмасын.
4
Жоқарыдағы аспанда, төмендеги жер жүзинде ҳәм жер астындағы суўларда болған ҳеш бир нәрсениң көринисин соғып, өзиңе бут жасама.
5
Оларға табынба ҳәм хызмет қылма. Себеби Мен – сениң Қудайың Жаратқан Ийе, қызғаныўшы Қудайман. Мени жек көргенлерди әкесиниң гүнасы ушын балаларын, олардың үшинши, төртинши әўладына шекем жазалайман.
6
Бирақ Мени сүйгенлерге ҳәм буйрықларымды орынлағанларға мыңыншы урпағына дейин жақсылық қыламан.
7
Қудайың Жаратқан Ийениң атын жөнсиз тилиңе алма. Өйткени Жаратқан Ийе Өзиниң атын босқа тилге алғанларды жазасыз қалдырмайды.
8
Шаббат күнин мухаддес тутыўды есте сақла.
9
Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле.
10
Ал жетинши күн Маған, Қудайың Жаратқан Ийеге арналған Шаббат күни. Сол күни ҳеш қандай ис қылма. Улың да, қызың да, қулың да, шорың да, малларың да, араңыздағы келгинди адам да ҳеш қандай ис қылмасын.
11
Себеби Мен, Жаратқан Ийе алты күн ишинде аспанды, жерди, теңизди ҳәм олардағы пүткил барлықты жаратып, жетинши күни дем алдым. Сонлықтан Мен Шаббат күнин жарылқап, оны мухаддес қылып айырдым.
12
Ата-анаңды ҳүрметле. Сонда Қудайың Жаратқан Ийениң саған беретуғын жеринде өмириң узақ болады.
13
Адам өлтирме.
14
Неке ҳадаллығын бузба.
15
Урлық ислеме.
16
Ҳеш кимге қарсы жалған гүўалық берме.
17
Ҳеш бир адамның үйин күсеме. Оның ҳаялын, қулын, шорысын, өгизин, ешегин, ҳеш бир нәрсесин күсеме.
18
Пүткил халық гүлдирмаманы ҳәм кәрнай сестин еситип, шақмақты ҳәм таўдың басындағы түтинди көргенде, қорққанынан қалтырай баслады. Олар узақта турып,
19
Муўсаға: – Бизлер менен өзиң сөйлес. Бизлер сени тыңлаймыз. Бирақ Қудай бизлерге сөйлемесин. Болмаса, өлип қаламыз, – деди.
20
Муўса халыққа: – Қорқпаңлар! Себеби Қудай сизлерди сынаў ушын ҳәм Оннан қорқып, гүна ислемеўиңиз ушын келди, – деди.
21
Халық узақта тура берди, ал Муўса Қудай турған тас түнек қараңғылыққа жақынласты.
22
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Израиллыларға былай деп айт: «Мениң сизлерге аспаннан сөйлегенимди еситтиңлер.
23
Меннен басқа қудайларың болмасын. Өзлериңизге гүмистен болса да, алтыннан болса да, ҳеш қандай бутлар соғып алмаңлар.
24
Мениң ушын топырақтан қурбанлық орын ислеңлер. Ол жерде қой ҳәм буғаларыңызды жандырылатуғын қурбанлық ҳәм татыўлық қурбанлығы етип бериңлер. Маған сыйыныўыңыз ушын Өзим таңлаған ҳәр бир жерге барып, сизлерди жарылқайман.
25
Егер Маған тастан қурбанлық орын қуражақ болсаңыз, жонылмаған тасларды қолланыңлар. Өйткени тасқа қашаў тийгизсеңиз, оны ҳарамлайсызлар.
26
Және де, Маған арналған қурбанлық орынға текше арқалы шықпаңлар, болмаса көтерилгениңизде жалаңаш жериңиз көринип қалыўы мүмкин».
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40