bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 37
Exodus 37
Karakalpak 2022
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 38 →
1
Бесалел акация ағашынан Келисим сандығын иследи. Оның узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ ҳәм бийиклиги бир ярым шығанақ еди.
2
Сандықтың иши-сыртын сап алтын менен қаплады. Ал ернегине алтыннан жийек салды.
3
Сандық ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды төрт туяғына орнатты: екеўин бир жағына, қалған екеўин екинши жағына орнатты.
4
Акация ағашынан сырықлар ислеп, оларды алтын менен қаплады.
5
Сандықты көтерип жүриў ушын, бул сырықларды еки тәрепиндеги ҳалқалардан өткерди.
6
Сандықтың қақпағын сап алтыннан иследи. Қақпақтың узынлығы еки ярым шығанақ, ени бир ярым шығанақ еди.
7
Қақпақтың еки шетине алтыннан еки керубты шөккишлеп соқты.
8
Керублардың биреўи қақпақтың бир шетинде, ал екиншиси екинши шетинде болып, оларды қақпақ пенен бир тутас қылып иследи.
9
Керублардың жоқарыға жайылған қанатлары қақпақты жаўып, жүзлери бир-бирине қарама-қарсы түрде қақпаққа қарап турған еди.
10
Кейин акация ағашынан узынлығы еки шығанақ, ени бир шығанақ, ал бийиклиги бир ярым шығанақ болған бир стол иследи.
11
Столды сап алтын менен қаплап, ернегине алтын жийек салды.
12
Столдың әтирапына төрт ели болған қаптал ислеп, оны алтын жийек пенен қаплады.
13
Стол ушын төрт алтын ҳалқа қуйып, оларды столдың төрт мүйешиндеги төрт туяғына беккемледи.
14
Столды көтерип алып жүриўге арналған сырықлар өткизилетуғын ҳалқалар столдың қапталларына жақын еди.
15
Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.
16
Стол ушын керекли буйымларды – табақлар, түтетки салатуғын тостағанлар, ишимлик садақалары ушын кеселер ҳәм гүзелерди сап алтыннан иследи.
17
Олар сап алтыннан шыра қойғыш иследи. Оның ултанын, балдағын, шақаларын, гүллерин ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажларын өзи менен бир тутас етип шөккишлеп иследи.
18
Шыра қойғыштың еки қапталынан үш-үштен, алты шақа шығып турды.
19
Шығып турған ҳәр бир шақада бадам гүлине уқсас үш гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди.
20
Ал шыра қойғыштың балдағында бадам гүлине уқсас төрт гүл ҳәм оның гүлкеселери менен гүлтажлары бар еди.
21
Шыра қойғыштан шығып турған алты шақаның ҳәр бир жубының астында үш гүлкесе изли-изинен дизилип туратуғын еди.
22
Шыра қойғышты гүлкеселери ҳәм шақалары менен бир тутас етип, сап алтыннан шөккишлеп иследи.
23
Шыра қойғыш ушын жети шыра иследи. Пиликлерди тазалайтуғын қысқышлар менен ыдысларды сап алтыннан иследи.
24
Шыра қойғыш ҳәм оның барлық буйымлары бир талант сап алтыннан исленди.
25
Акация ағашынан төрт мүйешли, узынлығы бир шығанақ, ени бир шығанақ ҳәм бийиклиги еки шығанақ болған түтетки түтетилетуғын орын қурды. Орынның шақлары өзи менен бир тутас исленип, өзинен шығып туратуғын еди.
26
Орынның үстин, қапталларын ҳәм шақларын сап алтын менен қаплап, әтирапына алтын жийек иследи.
27
Еки қапталындағы жийектиң астына еки алтын ҳалқа орнатты. Орынды көтерип жүриў ушын, усы ҳалқалардан сырықлар өткизилди.
28
Сырықларды акация ағашынан ислеп, алтын менен қаплады.
29
Тағы да, олар майлаў рәсими ушын мухаддес майды ҳәм таза, хош ийисли түтеткини шеберлик пенен араластырып, таярлады.
← Chapter 36
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 38 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40