bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 16
Exodus 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 17 →
1
Израил халқының пүткил жәмийети Элимнен шықты. Олар Мысырдан шыққанынан кейинги екинши айдың он бесинши күни Элим ҳәм Синай арасында жайласқан Син шөлине келди.
2
Шөлде ҳәммеси Муўса менен Харонға наразы болып,
3
оларға былай деп тоңқылдады: – Қәнекей, Мысырда-ақ Жаратқан Ийениң қолынан өлип қоя қойғанда болар еди. Ҳеш болмаса, ол жерде гөш салынған қазанлардың қасында отырып, тойғанымызша нан жер едик. Бирақ сизлер пүткил халықты ашлықтан өлтириў ушын, бизлерди усы шөлге алып келдиңиз.
4
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мине, Мен сизлерге аспаннан нан жаўдыраман. Халық ҳәр күни шығып, бир күнлик нанын жыйнап алсын. Усылайынша Мен оларды сынап, олардың Мениң көрсетпелерим бойынша жасайтуғынын ямаса жасамайтуғынын көрежақпан.
5
Ал алтыншы күни олар ҳәр күни жыйнағанынан еки есе артық қылып топлап, таярлап қойсын.
6
Муўса менен Харон пүткил израиллыларға былай деди: – Сизлерди Мысырдан Жаратқан Ийениң Өзи алып шыққанын бүгин кеште билип аласызлар.
7
Ал ертең азанда Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Себеби Ол сизлердиң Өзине наразы болып, тоңқылдағаныңызды еситти. Бирақ бизлерге наразы болатуғындай, бизлер ким болыппыз?
8
Кейин Муўса былай деди: – Кешқурын сизлерге жеў ушын гөш, азанда тойғаныңызша нан берилгенде, сизлер Жаратқан Ийениң салтанатын көресизлер. Өйткени Жаратқан Ийе сизлердиң Өзине қарсы наразылық билдиргениңизди еситти. Ал бизлер ким болыппыз? Сизлер бизлерге емес, ал Жаратқан Ийеге наразылық билдирип атырсызлар.
9
Кейин Муўса Харонға: – Израил халқының пүткил жәмийетине айт, Жаратқан Ийениң алдына келсин. Себеби Жаратқан Ийе олардың тоңқылдыларын еситти, – деди.
10
Харон Израил халқының пүткил жәмийетине усыларды айтып турғанда, олар шөлге қарады. Сонда Жаратқан Ийениң салтанаты булт ишинде көринди.
11
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
12
– Мен израиллылардың тоңқылдыларын еситтим. Оларға мынадай деп айт: «Кешқурын гөш жеп, азанда нанға тоятуғын боласызлар. Сонда сизлер Мениң – Қудайыңыз Жаратқан Ийе екенимди билип аласызлар».
13
Кешқурын бөденелер ушып келип, орданы басып кетти. Ал азанда орданың әтирапын шық қаплады.
14
Шық кепкенде, шөлдеги жердиң бетинде қыраўға уқсаған, майда дән сыяқлы бир нәрсе көринди.
15
Буны көргенде, израиллылар бир-биринен: «Бул не?» – деп сорасты. Себеби олар буның не екенин билмейтуғын еди. Муўса оларға: – Бул – Жаратқан Ийениң сизлерге жеў ушын берген наны.
16
Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Ҳәр бир адам жей алғандайын жыйнап алсын. Шатырыңыздағы ҳәр бир адам ушын бир омерден алыңлар».
17
Израиллылар солай ислеп, кимиси көп, кимиси аз жыйнады.
18
Омер менен өлшегенде, көп жыйнағанның артығы, аз жыйнағанның кемиси болмады. Ҳәр бир адам жей алатуғын муғдарда жыйнаған еди.
19
Муўса оларға: – Ҳеш ким оннан азанға дейин бир түйир қалдырмасын, – деди.
20
Деген менен, айырымлар Муўсаны тыңламай, азанға дейин қалдырғанда, ол қуртлап, сасый баслады ҳәм Муўсаның оларға ғәзеби келди.
21
Ҳәр күни азанда ҳәр бир адам өзи жей алатуғын муғдарда жыйнайтуғын еди. Ал қуяш қызған ўақытта жерде қалғанлары ерип кететуғын еди.
22
Алтыншы күни адам басына еки омерден, яғный еки есе жыйнайтуғын еди. Жәмийет басшылары келип, аўҳалды Муўсаға билдирди.
23
Муўса оларға былай деди: – Жаратқан Ийениң буйрығы мынаў: ертең Жаратқан Ийеге арналған толық дем алатуғын мухаддес Шаббат күни. Соның ушын, бүгин писиретуғыныңызды писирип, қайнататуғыныңызды қайнатып алыңлар. Ал аўысып қалғанын азанға дейин сақлап қойыңлар.
24
Муўсаның буйырғанындай, халық аўысып қалғанды азанға дейин сақлап қойғанда, ол сасымады да, қуртлап та кетпеди.
25
Сонда Муўса оларға былай деди: – Аўысып қалғанды бүгин жеңлер. Себеби бүгин Жаратқан Ийе ушын Шаббат күни. Бүгин даладан манна таба алмайсызлар.
26
Сизлер оны алты күн жыйнаңлар. Бирақ жетинши күни болған Шаббат күни ол улыўма болмайды.
27
Жетинши күни айырымлар нан жыйнаў ушын сыртқа шыққанда, ҳеш нәрсе таба алмады.
28
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Қашанға шекем буйрықларым ҳәм көрсетпелеримди орынлаўдан мойын таўлайсызлар?
29
Минекей, Мен сизлерге Шаббат күнин бердим. Сонлықтан алтыншы күни сизлерге еки күнлик нан берип атырман. Жетинши күни ҳәр бир адам қай жерде жасап атырған болса, сол жерде қалсын, сыртқа шықпасын.
30
Солай етип, халық жетинши күни дем алды.
31
Израиллылар сол нанды манна деп атады. Оның көриниси кинза туқымы сыяқлы болып, дәми пал қосылған шөрекке уқсайтуғын еди.
32
Муўса халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе былай деп буйырады: «Сизлерди Мысырдан алып шыққанымда, Мениң сизлерге шөлде берген нанымды келешек әўладлардың көриўи ушын, оның бир омерин сақлап қойыңлар».
33
Муўса Харонға: – Бир ыдысты алып, ишине бир омер манна сал. Келешек әўладларға сақланып қалыўы ушын, оны Жаратқан Ийениң алдына қой, – деди.
34
Жаратқан Ийениң Муўсаға буйырғанындай, Харон маннаны сақлап қойыў ушын, оны Келисим сандығының алдына қойды.
35
Израиллылар мәкан етилген Қанан жерине жетип барғанша, қырық жыл манна жеди.
36
Бир омер эфаның оннан бир бөлегине туўры келетуғын еди.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40