bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 3
Exodus 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 4 →
1
Муўса қәйин атасы, Мидян руўханийи Итроның қойларын бағатуғын еди. Бир күни ол сүриўди шөлдиң түпкирине жайып жүрип, Қудайдың таўы Хоребке келип қалды.
2
Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған шеңгел путасы арасында жанып турған оттың жалыны ишинде көринди. Муўса путаның жанып турғанын, бирақ жанып жоқ болып кетпегенин көрди.
3
Муўса: «Барып, бул таң қаларлық нәрсени көрейин. Пута неге жанып, жоқ болып кетпей тур екен?» – деп ойлады.
4
Жаратқан Ийе Муўсаның қараў ушын жақынлап киятырғанын көргенде, путаның ишинен: – Муўса, Муўса! – деп шақырды. – Ләббәй! – деп жуўап берди ол.
5
Қудай оған: – Буннан артық жақынласпа. Аяқ кийимиңди шеш, себеби сен турған жер – мухаддес.
6
Мен сениң әкеңниң Қудайыман, Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы ҳәм Яқыптың Қудайыман, – деди. Муўса Қудайға қараўға қорққанлықтан, жүзин жапты.
7
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мен халқымның Мысырда жәбир шегип атырғанын көрдим ҳәм қул жумсаўшылары себепли дад салып атырғанын еситтим. Мен олардың азап шегип атырғанын да билемен.
8
Сонлықтан Мен оларды мысырлылардың қолынан қутқарыў ушын келдим. Оларды сол елден шығарып, кең ҳәм өнимдар болған жерге, сүт ҳәм пал ағып турған жерге – қанан, хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының еллерине апараман.
9
Мине, израиллылардың дады Маған жетип келди ҳәм мысырлылардың оларды қалай езип атырғанын Өзим де көрдим.
10
Енди Мен сени халқым болған израиллыларды Мысырдан алып шығыў ушын, фараонға жиберемен.
11
Бирақ Муўса Қудайға: – Фараонға барып, израиллыларды Мысырдан алып шығатуғындай, мен ким болыппан, – деп жуўап берди.
12
Ал Қудай оған: – Мен сениң менен бирге боламан. Сени Мениң жибергенимниң белгиси мынаў болады: халықты Мысырдан алып шыққаныңнан соң, усы таўда Маған сыйынасызлар, – деди.
13
Сонда Муўса Оған: – Мен Израил халқына барып: «Мени сизлерге ата-бабаларыңыздың Қудайы жиберди», – десем, олар меннен: «Оның аты ким?» – деп сораса, мен оларға не деймен? – деди.
14
Қудай Муўсаға: – Мен мәңгиге бар Болыўшыман. Сен израиллыларға: «Мени сизлерге мәңгиге бар Болыўшы жиберди», – деп айт, – деди.
15
Қудай Муўсаға және былай деди: – Сен израиллыларға тағы: «Мени сизлерге ата-бабаларыңыздың Қудайы Жаратқан Ийе: Ибрайымның Қудайы, Ысақтың Қудайы ҳәм Яқыптың Қудайы мәңгиге бар Болыўшы жиберди», – деп айт. Мениң атым мәңгиге усы болады. Әўладтан-әўладқа Мениң атымды усылай шақырсын.
16
Сен бар да, Израил ақсақалларын жыйнап, оларға былай де: «Ата-бабаларыңыз Ибрайымның, Ысақтың ҳәм Яқыптың Қудайы болған мәңгиге бар Болыўшы маған көринип, мыналарды айтты: „Мысырда сизлерге нелер исленип атырғанын көрип, сизлерге нәзеримди түсирдим.
17
Сизлерди Мысырдағы езиўшиликтен қутқарып, қанан, хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, сүт ҳәм пал ағып турған жерге апарыўды шештим“».
18
Израилдың ақсақаллары саған қулақ асады. Сен олар менен бирге Мысыр патшасына барып, оған былай деңлер: «Еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийе бизлерге көринди. Енди шөлде үш күнлик жол жүрип барып, Қудайымыз Жаратқан Ийеге қурбанлық бериўге рухсат бер».
19
Бирақ Мен билемен, күшли бир қол мәжбүрлемегенше, Мысыр патшасы кетиўиңизге рухсат бермейди.
20
Сонлықтан Мен қолымды созаман ҳәм олардың арасында кәраматлар ислеп, Мысырды жазалайман. Соннан кейин, ол сизлерди азат қылады.
21
Халықты мысырлыларға унамлы қылып көрсетемен. Сизлер кеткен ўақтыңызда, қуры қол кетпейсиз.
22
Ҳәр бир ҳаял мысырлы қоңсыларынан ҳәм олардың үйинде жасайтуғын мысырлы ҳаялдан гүмис ҳәм алтын безениў буйымларын, кийим-кеншеклер сорап алады. Ул-қызларыңызды олар менен безендиресизлер ҳәм сол тәризде мысырлыларды тонап кетесизлер.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40