bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 9
Exodus 9
Karakalpak 2022
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 10 →
1
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Фараонға барып, оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер.
2
Егер жибериўден бас тартып, оларды иркип тура берсең,
3
онда Жаратқан Ийе, яғный Мен қолымды созып, даладағы малларыңа: атларыңа, ешеклериңе, түйелериңе, ири ҳәм майда малларыңа күшли иллет жиберемен.
4
Бирақ израиллылардың маллары менен мысырлылардың малларының арасына айырмашылық қояман. Израиллылардың малларының ҳеш бири өлмейди».
5
Жаратқан Ийе ўақытты да белгилеп, ертеңине Өзиниң айтқанларын Мысыр жеринде ислейтуғынын айтты.
6
Ертеңине Жаратқан Ийе айтқанын иследи: мысырлылардың барлық маллары қырылып қалды. Бирақ израиллылардың ҳеш бир малы өлмеди.
7
Фараон адам жиберип, израиллылардың бирде бир малының өлмегенин билди. Солай болса да, ол жүрегин қатал қылып, халықты жибермеди.
8
Жаратқан Ийе Муўса менен Харонға былай деди: – Пештен қосуўыслап күл алыңлар, Муўса сол күлди фараонның көз алдында аспанға қарай шашып жиберсин.
9
Күл шаңға айланып, пүткил Мысыр ели бойлап көтериледи. Елдиң ҳәмме жериндеги адамлардың ҳәм маллардың үстилерине ириңли шыйқанлар шығады.
10
Солай етип, Муўса менен Харон пештен күл алып, фараонның көз алдында турды. Муўса күлди аспанға қарай шашып жибергенде, адамларда ҳәм малларда ириңли шыйқанлар пайда болды.
11
Сыйқыршылар да шыйқанның кесиринен Муўсаның алдына келе алмады. Себеби пүткил мысырлылар менен бирге оларға да шыйқан шыққан еди.
12
Бирақ Жаратқан Ийе фараонның жүрегин қатал қылды. Жаратқан Ийениң Муўсаға айтқанындай, фараон Муўса менен Харонды тыңламады.
13
Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Таң азанда фараонның қарсы алдына шығып тур ҳәм оған еврейлердиң Қудайы Жаратқан Ийениң, яғный Мениң мына сөзлеримди жеткиз: «Маған сыйыныўы ушын, халқымды жибер.
14
Болмаса, бул рет сениң өзиңе, хызметкерлериңниң ҳәм халқыңның үстине барлық бәлелеримди жаўдыраман. Солай етип, сен бул дүньяда Маған тең келетуғыны жоқ екенин билип аласаң.
15
Өйткени Мен қолымды көтерип, сени ҳәм халқыңды иллетке дуўшар қылсам, жер жүзинен жоқ болып кеткен болар едиң.
16
Бирақ Өз қүдиретимди саған көрсетиў ушын ҳәм атымды пүткил дүньяға жайыў ушын, Мен сени тири сақладым.
17
Сен еле де халқыма қарсылық көрсетип, оларды жибермей атырсаң.
18
Сонлықтан ертең усындай ўақытта Мысыр пайда болғаннан баслап, ҳәзирге дейин ҳеш қашан болып көрмеген күшли буршақ жаўдыраман.
19
Енди малларыңды ҳәм далада болған ҳәмме нәрсеңди пана жерлерге жыйнаўды буйыр. Буршақ жаўғанда ишке киргизилмей далада қалған барлық адамлар ҳәм маллар өледи».
20
Фараонның хызметкерлери арасында Жаратқан Ийениң айтқан сөзинен қорққанлар қулларын ҳәм малларын тезлик пенен үйлерине алып келди.
21
Ал Жаратқан Ийениң айтқан сөзин писент етпегенлер қулларын ҳәм малларын далада қалдырды.
22
Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды аспанға қарай соз. Сонда Мысырдың ҳәмме жерине, адамлардың, маллардың ҳәм даладағы барлық өсимликлердиң үстине буршақ жаўады, – деди.
23
Муўса таяғын аспанға қарай созғанда, Жаратқан Ийе гүлдирмама ҳәм буршақ жиберди ҳәм жерге жасын түсти. Солай етип, Жаратқан Ийе Мысырға буршақ жаўдырды.
24
Усылайынша, күшли буршақ қуйып, үзликсиз жарқыраған шақмақ шағып турды. Мысыр Мысыр болғалы, бундай буршақ жаўып көрмеген еди.
25
Буршақ Мысырда далада болғанның ҳәммесин: адамларды, малларды ҳәм пүткил өсимликлерди набыт қылып, барлық тереклерди сындырды.
26
Тек израиллылар жасаған Гошен жерине буршақ жаўмады.
27
Соңынан фараон Муўса менен Харонды шақыртып алып, оларға былай деди: – Бул рет мен айып иследим. Жаратқан Ийе ҳақ, ал мен ҳәм мениң халқым наҳақпыз.
28
Жаратқан Ийеге дуўа етиңлер. Гүлдирмама менен буршақтың усы жаўғаны да жетер. Мен сизлерди жиберемен, артық услап турмайман.
29
Муўса оған былай деди: – Қаладан шыға сала, қолларымды жайып, Жаратқан Ийеге дуўа етемен. Сонда гүлдирмама тоқтап, буршақ та жаўмайтуғын болады. Бул арқалы сиз бул дүньяның Жаратқан Ийеге тийисли екенин билип аласыз.
30
Бирақ мен сизиң ҳәм хызметкерлериңиздиң Қудай Ийеден еле де қорқпай атырғаныңызды билемен.
31
Солай етип, зығыр ҳәм арпа набыт болған еди. Себеби сол ўақытта арпа масақ байлап, зығыр гүллеп қалған еди.
32
Бирақ бийдайдың түрлери кеш писетуғын болғанлықтан, зыян көрмеди.
33
Муўса фараонның алдынан кетип, қаладан шықты. Ол қолларын жайып, Жаратқан Ийеге дуўа еткенде, гүлдирмама ҳәм буршақ тоқтап, жаўын тынды.
34
Фараон жаўынның, буршақтың ҳәм гүлдирмаманың тоқтағанын көргенде, және гүна ислеўин даўам етти. Оның өзи де, хызметкерлери де жүреклерин қатал қылды.
35
Жаратқан Ийениң Муўса арқалы айтқанындай, фараон жүрегин қатал қылып, израиллыларды жибермеди.
← Chapter 8
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 10 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40