bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 33
Exodus 33
Karakalpak 2022
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 34 →
1
Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Барыңлар, өзиң де, сен Мысыр жеринен алып шыққан халқың да бул жерди тәрк етип, Мен Ибрайымға, Ысаққа ҳәм Яқыпқа: «Бул жерди сениң урпақларыңа беремен», – деп ант ишкен жериме кетиңлер.
2
Мен сениң алдыңнан Өз периштемди жиберип, қанан, амор, хет, периз, хиў ҳәм ебус халықларын сол жерден қуўып шығараман.
3
Сүт ҳәм пал ағып турған жерге кетиңлер. Мениң Өзим сизлер менен бармайман, себеби сизлер қайсар халықсыз. Болмаса, сизлерди жолда жоқ қылып жибериўим мүмкин.
4
Халық бул жаман хабарды еситип, қайғыға түсти ҳәм ҳеш ким безениў буйымларын тақпады.
5
Өйткени Жаратқан Ийе Муўсаға: «Израиллыларға былай де: „Сизлер қайсар халықсыз. Егер Мен бир сәт-ақ сизлер менен бирге барсам, сизлерди жоқ қылыўым мүмкин. Енди безениў буйымларыңызды шешип қойыңлар. Ал сизлерге не ислейтуғыным ҳаққында бир қарарға келемен“», – деген еди.
6
Сонлықтан израиллылар Хореб таўынан шығып кеткеннен кейин безениў буйымларын шешип таслады.
7
Муўса орданың сыртына, ордадан узағырақ жерге шатыр тигетуғын еди. Ол бул шатырды «Ушырасыў шатыры» деп атаған еди. Жаратқан Ийе менен мәсләҳәтлесиўди қәлеген адам орданың сыртындағы Ушырасыў шатырына келетуғын еди.
8
Муўса шатырға қарай кеткенде, пүткил халық орнынан туратуғын еди. Ҳәр бир адам өз шатырының кирер аўзында турып, Муўса ишке киргенше изинен қарап туратуғын еди.
9
Муўса шатырға кирип, Жаратқан Ийе менен сөйлескенде, минара сыяқлы булт төмен түсип, шатырдың кирер аўзының алдында туратуғын еди.
10
Булттың шатырдың алдында турғанын көрген ҳәр бир адам орнынан турып, өз шатырының кирер аўзында сыйынатуғын еди.
11
Жаратқан Ийе Муўса менен жүзбе-жүз, дос сыяқлы сөйлесетуғын еди. Кейин Муўса ордаға қайтып келетуғын еди. Бирақ оның жас жәрдемшиси Нун улы Ешуа шатырды тәрк етпейтуғын еди.
12
Соңынан Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Сен маған: «Бул халықты баслап алып жүр», – дейсең. Бирақ мениң менен кимди жиберетуғыныңды айтпадың. Маған: «Сени жақыннан таныйман, сен Мениң мийримиме еристиң», – деген едиң.
13
Егер мен Сениң мийримиңе ерискен болсам, өтинемен, маған Өз жолыңды көрсет. Сени еле де жақсы билип, мийримиңе ерисип барайын. Бул халықтың Өз халқың екенин умытпа.
14
Жаратқан Ийе Муўсаға: – Өзим Сениң менен бирге бараман ҳәм сени тынышлыққа еристиремен, – деди.
15
Ал Муўса Жаратқан Ийеге былай деди: – Егер Сениң Өзиң бизлер менен бирге бармасаң, бизлерди бул жерден шығарма.
16
Болмаса, мен ҳәм халқың Сениң мийримиңе ерискенимизди қалай билиўге болады? Сениң бизлерге жолдас болғаныңнан емес пе? Тек усы арқалы ғана мен ҳәм Сениң халқың жер жүзиндеги басқа халықлардан айырылып турамыз.
17
Жаратқан Ийе Муўсаға: – Айтқаныңдай ислеймен. Себеби сен Мениң мийримиме еристиң ҳәм сени жақыннан таныйман, – деди.
18
Сонда Муўса Оған: – Маған салтанатыңды көрсет, – деди.
19
Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Мен пүткил ийгилигимди сениң алдыңнан алып өтип, алдыңда Өзимниң «Жаратқан Ийе» деген атымды жәриялайман. Кимге мийрим-шәпәәтимди бериўди қәлесем, соған мийрим-шәпәәтимди беремен. Кимге реҳим етиўди қәлесем, соған реҳим етемен.
20
Тек Мениң жүзимди көре алмайсаң. Өйткени Мениң жүзимди көрген адам тири қалмайды.
21
Маған жақын жерде жартас бар. Сен сол жартастың үстинде тур.
22
Салтанатым жаныңнан өтип баратырғанда, сени жартастың жарығына турғызып қойып, өтип кеткенимше, сени қолым менен жаўып тураман.
23
Кейин қолымды алғанымда, сен Мени артымнан көресең. Бирақ жүзимди көрмейсең.
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 34 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40