bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 28
Exodus 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 29 →
1
– Руўханий болып, Маған хызмет етиўи ушын, израиллылар арасынан әжағаң Харонды, оның уллары Надаб, Абиҳу, Элазар ҳәм Итамарды жаныңа ал.
2
Әжағаң Харонның мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оған мухаддес кийимлерди тиктирип бер.
3
Мен айрықша қәбилет берген адамларға айт, олар Харонның Маған бағышланып, руўханийлик етиўи ушын, оған кийим тиксин.
4
Олар мына кийимлерди тиксин: қалталы өңирше, эфод, баҳалы үст кийим, нағыслы узын көйлек, сәлле ҳәм белбеў. Руўханий болып Маған хызмет қылыўы ушын, олар әжағаң Харонға ҳәм оның улларына бул мухаддес кийимлерди тиксин.
5
Олар алтын, және жүннен ийирилген қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплерди ҳәм ҳасыл зығыр жибин қоллансын.
6
– Эфодты алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплер менен ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислесин.
7
Оның алдынғы ҳәм артқы тәреплерин бир-бири менен бириктириў ушын, ийин арқалы өтетуғын еки баўы болсын.
8
Эфодтың жоқарысына бириктирилген ҳалда белбеў ислет. Бул эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиптен исленсин.
9
Кейин сен еки оникс тас алып, оларға Израил улларының атларын ойып жаздыр.
10
Жасына қарап, алтаўын биринши тасқа, қалған алтаўын екинши тасқа ойып жаздыр.
11
Устаның тасқа мөрди ойып жазғанындай, Израил улларының атларын да еки тасқа ойып жаздыр ҳәм тасларды өрме нағыслы алтын қаснаққа қондыр.
12
Соңынан усы тасларды эфодтың ийин баўларына орнат. Харон Жаратқан Ийениң, яғный Мениң алдыма киргенде, сол таслар Израилдың он еки урыўын еслетип турыў ушын, ол еки ийин баўында бул тасларды алып жүреди.
13
Алтыннан және өрме нағыслы еки қаснақ ислет.
14
Сап алтыннан өрилген шынжырлар ислетип, оларды қаснақларға бириктир.
15
– Қудайдың еркин билиўде қолланылатуғын қалталы өңирше ислет. Оны да эфод сыяқлы алтын сабақ, қызғыш көк, шым қызыл, қырмызы жиплер ҳәм ҳасыл зығыр жиптен шеберлик пенен нағыслап ислет.
16
Өңирше төрт мүйешли ҳәм еки қабатлы болып, узынлығы да бир қарыс, ени де бир қарыс болсын.
17
Өңиршеге төрт қатар қылып ҳасыл тасларды қада. Биринши қатарда сердолик, хризолит ҳәм зүмрет,
18
екинши қатарда периўза, лазурит ҳәм гагат,
19
үшинши қатарда яқыт, агат ҳәм аметист,
20
төртинши қатарда сары яқыт, оникс ҳәм яшма болсын. Таслар алтын қаснақларға орнатылыўы тийис.
21
Таслар он еки болып, оларға мөр ойылғандай қылып, Израилдың он еки улының атлары бирме-бир ойылып жазылсын. Бул таслар Израилдың он еки урыўының тымсалы болсын.
22
Қалталы өңирше ушын сап алтыннан өрилген шынжырлар ислет.
23
Тағы да, еки алтын ҳалқа да ислетип, оларды өңиршениң үстинги еки мүйешине тақ.
24
Өрилген еки алтын шынжырдың бир ушын өңиршедеги ҳалқаларға илдир.
25
Ал екинши ушын ийин баўлардағы еки қаснаққа беккемлеп, эфодтың алды бетине байла.
26
Және еки алтын ҳалқа ислет. Оларды өңиршениң астынғы еки шетине, эфодқа жақын болған ишки жийегине тақ.
27
Тағы да, еки алтын ҳалқа ислет. Оларды эфодтың алды бетиндеги ийин баўлардың астынан, тигиске жақын қылып, белбеўдиң жоқарысынан тақ.
28
Қалталы өңиршениң ҳалқалары менен эфодтың ҳалқалары қызғыш көк баўлар менен бир-бирине байлансын. Сонда өңирше эфодтан айырылмай, эфодтың белбеўиниң жоқарысында турады.
29
Солай етип, Харон ҳәр сапар Мухаддес орынға киргенде, Жаратқан Ийениң алдында мәңгиге естелик болыўы ушын, Израил улларының атлары жазылған өңиршени жүрегиниң тусында көтерип жүреди.
30
Усы қалталы өңиршеге Урим менен Туммимди салып қой. Харон Мениң алдыма келгенде, олар Харонның жүрегиниң тусында болсын. Харон израиллыларға Мениң еркимди билдириў ушын қолланатуғын Урим менен Туммимди Жаратқан Ийениң алдында бәрқулла жүрегиниң тусында алып жүрсин.
31
– Эфодтың ишинен кийилетуғын баҳалы кийим толық қызғыш көк жиптен исленсин.
32
Онда бас сыятуғын орын болсын. Ол сөтилип кетпеўи ушын, оның жийеклерин айландырып тоқыт.
33
Усы кийимниң етегине қызғыш көк, шым қызыл ҳәм қырмызы жиплерден исленген анарды ҳәм оның араларына кишкене алтын қоңыраўларды гезекпе-гезек тақтыр.
35
Харон хызмет еткенде, усы кийимди кийсин. Ол Мухаддес орынға киргенде ҳәм шыққанда қоңыраў сести еситилсин, сонда ол өлмей аман қалады.
36
Сап алтыннан таж сыяқлы маңлайша ислетип, оған мөр ойғандай қылып: «Жаратқан Ийеге бағышланған» деп жаздыр.
37
Маңлайшаны қызғыш көк баў менен сәллениң алды бетине байлап қой.
38
Солай етип, израиллылар Маған арнап мухаддес сыйларын әкелгенде, қәтеге жол қойса, олардың айыпларын Харон өз мойнына алады. Мениң олардың қурбанлықларын қабыл алыўым ушын, Харон маңлайшаны бәрқулла маңлайына тағып жүриўи тийис.
39
Ҳасыл зығырдан бир узын көйлек нағыслап тоқыт ҳәм ҳасыл зығырдан бир сәлле ислет. Және де, нағыслы белбеў тоқыт.
40
Харонның уллары мәртебели болып, көркем көриниўи ушын, оларға узын көйлеклер, белбеўлер ҳәм кишигирим сәллелер тиктир.
41
Бул кийимлерди әжағаң Харонға ҳәм оның улларына кийдир. Олардың басларына май қуйып, руўханийлик ўазыйпасына тайынла. Усылай етип, олардың хызмет етиўи ушын, Маған бағышла.
42
Денениң ашық жерлери көринип қалмаўы ушын, оларға зығырдан диз кийимлер тиктир. Бул кийимлер белинен дизесине дейин жаўып турсын.
43
Харон ҳәм оның уллары Ушырасыў шатырына киргенде ямаса Мухаддес жерде хызмет етиў ушын қурбанлық орынға жақынлағанда, усы кийимлерди кийиўи тийис. Болмаса, олар айыплы болып, өлип қалады. Харон ҳәм оның урпақлары ушын бул мәңги қағыйда болсын.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40