bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Exodus 21
Exodus 21
Karakalpak 2022
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 22 →
1
– Сен халыққа жәриялаўың керек болған нызамлар мыналар:
2
егер сен еврей қул сатып алсаң, ол алты жыл хызмет етип, жетинши жылы ешейин азат етилсин.
3
Егер ол келгенде бойдақ болса, жалғыз кетсин. Ал үйленген болса, онда оның ҳаялы да бирге кетсин.
4
Егер хожайыны сол қулды үйлендирген ҳәм ҳаялы оған ул-қыз туўып берген болса, онда ҳаялы ҳәм балалары хожайынында қалып, қулдың бир өзи кетсин.
5
Бирақ қул: «Мен хожайынымды, ҳаялымды ҳәм балаларымды жақсы көремен, азатлыққа шықпайман», – десе,
6
онда хожайыны оны қазылардың алдына алып келсин ҳәм оны қапының ямаса қапының жақлаўына қойып, қулағын биз бенен тессин. Сонда ол өмир бойы хожайынына қул болып қалады.
7
Егер ким де ким қызын шорылыққа сатса, қыз еркек қуллар сыяқлы азатлыққа шыға алмайды.
8
Егер хожайыны сол қызды ҳаяллыққа алыўды нийет қылып болып, оны жақтырмай қалса, онда қыздың әкеси тәрепинен қуны төленип, қыздың азат болыўына рухсат етсин. Бирақ өзи алдағаны ушын, жат адамларға сатыўға ҳақысы жоқ.
9
Егер ол қызды улына некелесе, оны өз қызындай көрсин.
10
Ал егер хожайыны шорысына үйленип болып, және басқа ҳаял алса, онда шоры ҳаялын азық-аўқаттан, кийим-кеншектен ҳәм ерли-зайыплылық ҳуқықларынан маҳрум етпесин.
11
Егер ол усы үш нәрседен шорыны маҳрум қылса, шоры қуны төленбестен азат қылынсын.
12
– Ким де ким биреўди урып өлтирсе, оның өзи де сөзсиз өлтирилсин.
13
Бирақ егер ол буны абайсызда ислеген болса, Қудайыңыз болған Мен усыған жол қойған болсам, онда сол адамның қашып барып, паналайтуғын жерин Өзим белгилеп беремен.
14
Ал егер ким де ким жанындағы адамды қастан өлтирип, Мениң қурбанлық орныма қашып барса да, оны сол жерден шығарып алып, өлтириңлер.
15
Ким де ким анасын ямаса әкесин урса, ол сөзсиз өлтирилсин.
16
Ким де ким биреўди урлап, оны сатса ямаса услап турса, ол сөзсиз өлтирилсин.
17
Ким де ким анасын ямаса әкесин ғарғаса, ол сөзсиз өлтирилсин.
18
Еки адам жәнжеллесип, биреўи екиншисин тас ямаса муш пенен урса, ол өлмегени менен, төсек тартып жатып қалса,
19
кейин орнынан турып, далаға таяқ пенен шыға алатуғын болса, онда урған адам айыпсыз болып есапланады. Тек ол жарақат алған адамға оны жумысынан қалдырғаны ушын ҳәм толық емлениўи ушын пул төлесин.
20
Егер ким де ким қулын ямаса шорысын таяқ пенен урып өлтирсе, ол жазалансын.
21
Бирақ егер қул дәрҳал өлмей, ал бир-еки күннен соң өлсе, қулдың хожайыны жазаланбасын. Себеби қул оның өз меншиги.
22
Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳәмиледар ҳаялды урып алса ҳәм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳәм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин.
23
Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан,
24
көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып,
25
күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин.
26
Егер ким де ким қулының ямаса шорысының көзине урып, соқыр қылса, көзи ушын оны азатлыққа шығарсын.
27
Ал егер қулының ямаса шорысының тисин сындырса, тиси ушын оны азатлыққа шығарсын.
28
Егер бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өгиз сүзип өлтирсе, өгиз тас пенен урып өлтирилсин, ал гөши желинбесин. Өгиздиң ийеси айыпсыз болып есаплансын.
29
Бирақ өгиз бурыннан-ақ сүзеўик болып, бул туўралы ескертилгенине қарамай, ийеси өгизине көзқулақ болмаған болса, өгиз бир ер адамды ямаса бир ҳаялды өлтирсе, онда өгиз тас пенен урып өлтирилсин. Өгиздиң ийеси де өлтирилсин.
30
Егер өгиздиң ийесине өз жанын сақлап қалыўы ушын қун төлеўине рухсат етилсе, ол талап қылынған қунды толығы менен төлеўи тийис.
31
Егер өгиз ул баланы ямаса қыз баланы сүзип өлтирсе, онда да усы нызам қолланылсын.
32
Егер өгиз бир қулды ямаса бир шорыны сүзип өлтирсе, онда олардың хожайынына отыз шекел гүмис берилип, өгиз тас пенен урып өлтирилсин.
33
Егер ким де ким суў сақланатуғын шуқырды ашық қалдырса ямаса таза шуқыр қазып, оның аўзын жаппай кетсе ҳәм сол шуқырға бир өгиз ямаса ешек түсип кетсе,
34
онда шуқырдың ийеси малдың қунын төлеўи тийис. Ол малдың ийесине пул төлесин, ал малдың денесин өзине алсын.
35
Егер бир адамның өгизи қоңсысының өгизин сүзип өлтирип қойса, онда олар тири қалған өгизди сатып, ақшасын ҳәм өли өгиздиң гөшин тең бөлисип алсын.
36
Егер өгиздиң сүзеўик екени бурыннан-ақ белгили болса да, ийеси оған көзқулақ болмаған болса, онда ол өгиздиң орнына өгиз берип, өлген малды өзине алсын.
← Chapter 20
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 37
Chapter 38
Chapter 39
Chapter 40
Chapter 22 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36
37
38
39
40