bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 10
Proverbs 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 11 →
1
Сулайманның дана ҳикметлери: Дана перзент әкесиниң қуўанышы, Ақылсыз перзент анасының қайғысы.
2
Ҳарам байлық пайда келтирмес, Ал туўрылық өлимнен қутқарар.
3
Жаратқан Ийе әдил адамды аш қоймас, Залымлардың қәлеўиниң орынланыўына жол қоймас.
4
Ериншек қол жарлы қылар, Мийнеткеш қол байлық келтирер.
5
Жазда өним жыйнаған – ақыллы бала, Жыйын-терим ўақтында уйықлаған бала әкесин уятқа қалдырар.
6
Әдил адамның басына берекет жаўар, Залымның аўзы зорлықты жасырар.
7
Әдиллер теберик қылып еске алынар, Залымлардың аты умыт болып кетер.
8
Дананың жүреги буйрықларды қабыл етер, Ақмақтың тили апатқа жетелер.
9
Ҳадал жүрген қәўипсиз жүрер, Ал өз жолын надурыс тәрепке бурған әшкара болар.
10
Көз қысқан адам апатқа жолығар, Өтирик сөйлеген набыт болар.
11
Әдилдиң аўзы – өмир булағы, Ал залымның аўзы зорлықты жасырар.
12
Өшпенлилик жәнжел туўдырар, Сүйиспеншилик барлық қылмысларды жуўып кетер.
13
Ақыллы адамның аўзынан даналық төгилер, Ес-ақылы кем адамның арқасына қамшы тийер.
14
Даналар билимди сақлап қояр, Ақылсыздың аўзы бәлени жақынластырар.
15
Байдың байлығы – оның қорғаны, Жарлының апаты – оның кәмбағаллығы.
16
Әдилдиң мийнети өмирге, Залымның табысы гүнаға апарар.
17
Нәсиятты алғанлар өмир жолында жүрер, Әшкаралағанды тән алмағанлар жолдан азғырылар.
18
Қаслығын жасырғанның тили жалғаншы, Өсек таратқан адам ақылсыз.
19
Көп сөйлеген қылмыссыз болмас, Тилин тыйған – ақыллы.
20
Әдилдиң тили – сайланды гүмис, Залымның жүреги ҳеш нәрсеге арзымас.
21
Әдилдиң тили көплерди азықландырар, Ақмақ ақылы жетпегенликтен набыт болар.
22
Жаратқан Ийениң жарылқаўы адамды байытар, Ол байлыққа ғам-қайғыны қоспас.
23
Ақылсыз жаманлық қылыўдан, Түсимпаз даналықтан ләззет алар.
24
Залым неден қорқса, соған тап болар, Әдил адамлардың әрманы орынланар.
25
Қуйын турып, залымлар жоқ болар, Әдиллер мәңги беккем турар.
26
Ериншек өзин жумсағанлар ушын, Тиске қуйылған сирке суўына, Көзге кирген түтинге мегзер.
27
Жаратқан Ийеден қорқыў өмирди узайтар, Ал залымлардың өмири қысқарар.
28
Әдилдиң күткени шадлыққа жетелер, Залымның үмити пушқа шығар.
29
Жаратқан Ийе – жолы минсизлерге қорған, Жаўызлық ислеўшилерге апатшылық болады.
30
Әдил адам мәңгиге шайқалмас, Залым адам жер бетинде тура алмас.
31
Әдилдиң аўзы даналықтан сөйлер, Ал жалғаншының тили кесип тасланар.
32
Әдилдиң тили минәсип сөзлерди билер, Залымның аўзы өтирик сөзлер шығарар.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31