bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 3
Proverbs 3
Karakalpak 2022
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 4 →
1
Балам, үйреткенлеримди умытпа, Буйрықларымды жүрегиңде сақла!
2
Олар өмир жасыңды узайтып, Мол тынышлық сыйлайды.
3
Сүйиспеншилик ҳәм садықлық ҳасла сени тәрк етпесин, Оларды мойныңа тағып, Жүрегиңе ойып жазып қой.
4
Сонда Қудайдың ҳәм адамлардың нәзеринде, Мийрим ҳәм абырайға ийе боласаң.
5
Шын жүректен Жаратқан Ийеге үмит байла, Өз ақыл-парасатыңа сүйенип жүрме.
6
Ислеген ҳәр бир исиңде Жаратқан Ийени танып бил, Ол сениң жолларыңды туўрылап турар.
7
Өзиңди данышпанман деп санама, Жаратқан Ийеден қорқ, жаманлықтан аўлақ жүр.
8
Бул денеңе саламатлық, Сүйеклериңе азық болады.
9
Мал-мүлкиңнен ҳәм ҳәмме зүрәәтиңниң дәслепки өниминен берип, Жаратқан Ийеге ҳүрмет көрсет.
10
Сонда телеклериң дәнге толып тасып, Искенжелериң таза шарапқа толады.
11
Балам, Жаратқан Ийениң тәрбиясына итибарсыз қарама, Ол әшкаралағанда жүрегиңе аўыр алма.
12
Әке жақсы көрген улын жазалағаны сыяқлы, Жаратқан Ийе де кимди сүйсе, соны әшкаралайды.
13
Даналықты тапқан, Түсиникке ийе болған адам қандай бахытлы!
14
Өйткени даналық гүмистен қунлырақ, Оның пайдасы алтыннан да жоқары.
15
Даналық ҳасыл тастан да қымбат, Қумартқан ҳеш бир нәрсең оған тең келмес.
16
Узақ өмир оның оң қолында, Байлық ҳәм даңқ сол қолында.
17
Даналықтың жоллары жағымлы жоллар, Оның барлық соқпақлары тынышлыққа апарар.
18
Даналық – оны ийелеген адам ушын өмир тереги, Оны беккем услаған қандай бахытлы!
19
Жаратқан Ийе даналық пенен жердиң тийкарын салды, Түсиник пенен көклерди беккем орнатты.
20
Оның билими менен туңғыйықтың көзлери ашылды, Бултлар шық түсирди.
21
Балам! Саў пикир ҳәм дурыс түсиникти сақла, Оларды нәзериңнен қашырма.
22
Олар жаныңа өмир, Мойныңа әжайып моншақ болады.
23
Сонда өмир жолыңда қәўипсиз жүресең, Аяқларың да сүрникпейди.
24
Жатқаныңда қорқпайсаң, Уйықлағаныңда уйқың тыныш болады.
25
Тосаттан болатуғын апаттан, Наҳақлардың басына түсетуғын бәледен қорқпайсаң.
26
Жаратқан Ийе сениң сүйенишиң болып, Аяқларыңды дузаққа түсиўден сақлайды.
27
Қолыңнан келетуғын ўақытта, Мүтәжлерден жәрдемиңди аяма.
28
Қолыңда бар бола тура жақыныңа: «Ертең кел, сонда беремен», – деме.
29
Бийғам жаныңда жасап атырған қоңсыңа, Жаманлық ойлама.
30
Өзиңе жаманлық қылмаған адам менен, Себепсиз жәнжеллеспе.
31
Зорлық ислеўшиге ҳәўес қылма, Оның жолларының бирде биреўин таңлама.
32
Жаратқан Ийе азғырыўшылардан жеркенеди, Ҳақ адамға жақын болады.
33
Жаратқан Ийе залымның үйин нәлетлейди, Әдиллердиң мәканын жарылқайды.
34
Ол сурбетлердиң өзлерин мазақ қылады, Кишипейиллерге мийрим көрсетеди.
35
Даналар даңқ-атақты, Ақылсызлар шерменделикти мийрас етип алады.
← Chapter 2
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 4 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31