bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 29
Proverbs 29
Karakalpak 2022
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 30 →
1
Жийи ескертиўди тыңламай қасарысқан адам, Күтилмегенде, шыпасыз өлип кетер.
2
Әдиллер бийлик етсе, халық қуўанар, Залымлар бийлик етсе, халық дад салар.
3
Даналықты сүйген әкесине қуўаныш келтирер, Бузықлар менен дос болған байлығын шашар.
4
Патша әдалатлық пенен елди беккемлер, Пара алған оны қулатар.
5
Жақынына жағымпазланған, Оның аяғы астына аў қурған болар.
6
Залымның гүнасы өзине дузақ болар, Әдил шадланып бақырар ҳәм қуўанар.
7
Әдил жарлылардың ҳуқықын қорғар, Залымның буған билими жетпес.
8
Сурбетлер қаланы көтерилиске түрткилер, Даналар ашыў-ызаны басар.
9
Дана адам ақмақ пенен қазыханада даўласса, Ақмақ ашыўланар, күлер, ҳеш маза бермес.
10
Қанхор адамлар минсизди жек көрер, Ҳақ адамлар оның өмирине ғамхорлық етер.
11
Ақмақ бар ашыўын төгер, Дана өзин өзи бийлер.
12
Егер ҳүкимдар жалған сөзге қулақ салса, Оның барлық ҳәмелдарлары жаўызға айланар.
13
Жарлы менен езиўшиге ортақ нәрсе мынаў: Екеўиниң де көзине Жаратқан Ийе нур берген.
14
Патша жарлыларға әдалатлы ҳүким шығарса, Оның тахты ҳәрдайым беккем болар.
15
Таяқ ҳәм ескертиў даналық берер, Қараўсыз қалған бала анасын уятқа қалдырар.
16
Залымлар көбейсе, нызамсызлық көбейер, Әдиллер болса, олардың қулағанын көрер.
17
Балаңды тәрбияла, ол саған рәҳәт берер, Жаныңды қуўанышқа бөлер.
18
Көктен аян болмаса, халық жүўенсиз болар, Нызамға әмел қылған бахытлы болар.
19
Қулды тек сөз бенен тәрбиялап болмас, Ол түсинеди, бирақ қулақ салмас.
20
Ойланбай сөйлейтуғын адамды көрдиң бе? Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
21
Қул балалығынан еркелетип өсирилсе, Ақырында басыңа бәле болар.
22
Ашыўлы адам жәнжел шығарар, Қызба адам көп гүна қылар.
23
Менменлик адамды жер қылар, Кишипейил ҳүрметке ийе болар.
24
Урыға шерик болған өз жанын жаман көрер, Ғарғысқа қалса да, билгенин айтыўға батылы жетпес.
25
Адамнан қорқыў дузаққа түсирер, Жаратқан Ийеге үмит артқан қәўипсиз болар.
26
Көплер ҳүкимдардың көзине түсиўди қәлер, Бирақ әдалат Жаратқан Ийеден берилер.
27
Әдиллер ушын наҳақлар жеркенишли, Залымлар ушын ҳақ жүргенлер жеркенишли.
← Chapter 28
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 30 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31