bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 22
Proverbs 22
Karakalpak 2022
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 23 →
1
Жақсы атақ үлкен байлықтан жақсы, Жақсы атақ-абырай гүмис ҳәм алтыннан жақсы.
2
Бай ҳәм жарлының ортақлығы мынада: Олардың екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
3
Ақыллы қәўип-қәтерди көрип, бас саўғалар, Сада алға басып бара берип, зәлел көрер.
4
Кишипейиллик ҳәм Жаратқан Ийеден қорқыў ушын берилетуғын сый – Байлық, даңқ ҳәм өмир.
5
Азғынның жолы тикен ҳәм дузаққа толы, Жанын сақламақшы болған оннан аўлақ жүрсин.
6
Баланы жастан туўры жолға сал, Ол қартайғанда да оннан таймайды.
7
Байлар жарлыларға үстемлик қылар, Қарыздар қарыз бергенге қул болар.
8
Наҳақлық қылған апат орар, Оның ғәзеп қамшысы сынар.
9
Сақый адам берекет табар, Өз нанын жарлылар менен бөлисер.
10
Сурбетти қуўсаң, жәнжел де кетер, Даў ҳәм кейис те тоқтар.
11
Жүрек пәклигин сүйетуғын ҳәм жағымлы сөйлейтуғын адамға, Патша дос болар.
12
Жаратқан Ийениң нәзери билимди қорғар, Опасыздың сөзлерин Ол жоққа шығарар.
13
Ериншек: «Далада арыслан бар! Майдан ортасында мени өлтиреди!» – дер.
14
Бузық ҳаялдың аўзы түпсиз шуқырға мегзер, Жаратқан Ийе кимге ғәзепленсе, ол сол шуқырға қулар.
15
Ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар, Тәрбиялаўшы қамшы оны соннан арылтар.
16
Байыў ушын жарлыға жәбир көрсететуғын, Байға сый беретуғын адам кәмбағалласады.
17
Даналардың сөзлерин қулақ түрип тыңла, Беретуғын билимиме жүрегиңди аш.
18
Оларды жүрегиңде сақласаң, Ҳәм олар сениң тиллериңде болса, жақсы болады.
19
Исенимиңди Жаратқан Ийеге артыўың ушын, Бүгин буларды саған, аўа, саған үйретип атырман.
20
Мәсләҳәт ҳәм билим менен, Саған отыз нәсият жазбаған ба едим?
21
Бул исенимли ҳақыйқат сөзлерин үйрениўиң, Сени жибергенге дурыс жуўап бере алыўың ушын жазылған емес пе еди?
22
Жарлыны жарлылығы себепли тонама, Бахытсызды қала дәрўазасы алдында ҳүким қылғанда қыйнама.
23
Олардың исин Жаратқан Ийе жақлар, Оларды тонағанлардың жанын алар.
24
Ашыўшақ адам менен дос болма, Қызба адам менен жолдас болма.
25
Болмаса, сен де оған еликлерсең, Жаныңды дузаққа түсирерсең.
26
Қол берип, Басқаның қарызына кепил болатуғынлардың бири болма.
27
Төлеў ушын ҳеш нәрсең болмаса, Төсегиңди де астыңнан тартып алар.
28
Ата-бабаларың қойып кеткен, Ески шегара белгисин жылжытпа.
29
Өз кәсибиниң маманы болған адамды көрдиң бе? Ол патшаларға хызмет етер, Әпиўайы адамларға хызмет етпес.
← Chapter 21
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 23 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31