bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 19
Proverbs 19
Karakalpak 2022
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 20 →
1
Жалған тилли ақмақтан, Минсиз жүрген жарлы жақсы.
2
Билимсиз умтылыс жақсы емес, Асыққан жолдан жаңылысар.
3
Өз ақмақлығы адамның жолын бузар, Ал оның жүреги Жаратқан Ийеге наразы болар.
4
Байлық досларды көбейтер, Жарлыны досты да таслап кетер.
5
Жалған гүўа жазасыз қалмас, Өтирик сөйлеген қутыла алмас.
6
Көплер жомарт адамның мийримине түсиўди қәлер, Қолы ашыққа ҳәмме дос болар.
7
Жарлыны туўысқанлары да жек көрер, Дослары да оннан соншелли безип кетер, Сөйлесиў ушын излесе де, оларды таба алмас.
8
Даналыққа ерискен өз жанын сүйер, Ақыл-парасатқа кеўил қойған жақсылық табар.
9
Жалған гүўа жазасыз қалмас, Өтирикши тири қалмас.
10
Салтанатлы өмир ақмаққа жараспағаны сыяқлы, Баслықларға бийлик етиў қулға сирә дә жараспас.
11
Ақыл адамның ғәзебин тыяр, Қәтени кешириў оған ҳүрмет келтирер.
12
Патшаның ғәзеби арысланның ақырыўына уқсар, Ал оның мийрими шөпке түскен шыққа уқсар.
13
Ақылсыз бала әкесиниң басына бәле болар, Урысқақ ҳаял тоқтамай таматуғын суўға уқсар.
14
Үй ҳәм байлық – ата-анадан мийрас, Ақыллы ҳаял – Жаратқан Ийеден сый.
15
Қосжақпаслық адамды қатты уйқышы қылар, Ериншек аш қалар.
16
Буйрықларды орынлаған өмирин сақлар, Өз жолына итибар бермеген набыт болар.
17
Жарлыға мийрим көрсетиў – Жаратқан Ийеге қарыз бергендей болар, Ислеген жақсылығының есесин Жаратқан Ийе қайтарар.
18
Үмит барда балаңды жөнге сал, Оның өлиўине айыплы болма.
19
Ашыўшақ жазасын алсын, Егер қутқарсаң, оны және де жазалаўға туўры келеди.
20
Келешекте дана болыўың ушын, Кеңести тыңлап, нәсиятты қабыл ет.
21
Адам жүрегинде нийет көп, Бирақ тек Жаратқан Ийениң мақсети әмелге асар.
22
Адамның қәлеўи – садықлық, Жарлы болыў өтирикши болыўдан жақсырақ.
23
Жаратқан Ийеден қорқыў өмирге жетелер, Ол тыныш ҳәм машқаласыз жасар.
24
Ериншек табаққа қол салар, Бирақ аўзына апарыўға еринер.
25
Сурбетти жазаласаң, садалар ақылға кирер, Егер ақыллыны әшкараласаң, ол соннан сабақ алар.
26
Әкесин тонап, анасын қуўған бала, Жүзи қара ҳәм уятсыз бала.
27
Балам, нәсиятты тыңлаўды тоқтатқаның, Бул билимли сөзлерден бас тартқаның.
28
Жарамас гүўа әдалатлық үстинен күлер, Залымлардың аўзы жаманлықты жалмап жутар.
29
Сурбетлер ушын ҳүким таяр, Ақмақтың арқасына дүрре таяр.
← Chapter 18
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 20 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31