bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 16
Proverbs 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 17 →
1
Адам жоба дүзер, Бирақ бул жобаның жуўабын Жаратқан Ийе берер.
2
Адамға ҳәмме жоллары ҳадал болып көринер, Бирақ ой-нийетти Жаратқан Ийе өлшер.
3
Ислериңди Жаратқан Ийеге тапсыр, Сонда нийетиң жүзеге асар.
4
Жаратқан Ийе ҳәмме нәрсени олардың өзлериниң мақсетине сай жаратты, Ҳәтте, залымларды да апатшылық күни ушын жаратты.
5
Ҳәр бир тәкаббир Жаратқан Ийе ушын жеркенишли, Гүмансыз, олар жазасыз қалмайды.
6
Сүйиспеншилик ҳәм садықлық гүнаны жуўар, Жаратқан Ийеден қорқыў жаўызлықтан аўлақ қылар.
7
Адамның жолы Жаратқан Ийеге мақул болса, Ол оны душпанлары менен де жарастырар.
8
Ҳарам жол менен кирген мол пайдадан гөре, Ҳадал жол менен кирген азғантай пайда жақсырақ.
9
Жүрер жолын адам жүрегинде ойлап қояр, Бирақ Жаратқан Ийе оның адымларын бағдарлар.
10
Патша Қудайдың атынан сөйлейди, Ол ҳүким қылғанда әдилликти бурмаламаўы тийис.
11
Туўры тәрези ҳәм тәрезиниң пәллелери Жаратқан Ийеден берилер, Барлық тәрези таслары Ол арқалы жаратылған.
12
Патша жаўызлықтан жеркенер, Тахт әдиллик арқалы беккем болар.
13
Әдил тил патшаға унар, Ҳақыйқатты айтқанды ол сүйер.
14
Патшаның ғәзеби – өлим хабаршысы, Бирақ дана адам оны тынышландырар.
15
Патшаның жүзи нурланса – өмирден нышан, Оның мийрими бәҳәрдеги жаўын алып келетуғын бултқа мегзер.
16
Даналыққа ийе болыў алтыннан қаншелли жақсырақ, Ақылға ийе болыў гүмистен қаншелли қунлырақ.
17
Ҳақ адамның жолы жаўызлықтан аўлақ қылар, Жолын қорғаған өз жанын аман сақлар.
18
Ўайран болыўдан алдын менменлик, Қулаўдан алдын тәкаббирлик келер.
19
Менменлер менен олжа бөлискеннен, Жарлылар арасында кишипейил болған жақсырақ.
20
Ақыл менен ис алып барған жақсылық табар, Жаратқан Ийеден үмит еткен бахытлы болар!
21
Жүреги даналар парасатлы делинер, Жағымлы тил тәлим күшин арттырар.
22
Ақыл ийеси ушын – өмир булағы, Ақмақлық ақмақ ушын – жаза.
23
Дананың жүреги оның сөзин дана қылып, Аўзындағы тәлимин арттырар.
24
Жағымлы сөз палдай татлы, Жанға жағымлы, денеге шыпалы.
25
Сондай жол бар, адамға дурыс болып көринер, Бирақ ақыбети, өлимге алып барар.
26
Адамның иштейи оған мийнет еттирер, Ашлығы оны мәжбүр етер.
27
Оңбаған адам жаманлық ойлар, Оның сөзи жалмайтуғын жалынға мегзер.
28
Ҳийлекер адам жәнжел туўдырар, Өсекши досларды айырар.
29
Зорлық ислеўши жақынын азғырар, Оны жаман жолға баслар.
30
Көзин сүзип қараған ҳийле ойлар, Ернин тислеген жаўызлық ислер.
31
Ағарған шаш – ҳүрметли таж, Туўры жасаған оны қолға киргизер.
32
Сабырлы адам мәрт әскерден, Өзин услай алатуғын адам қаланы басып алғаннан үстинирек.
33
Кийимниң шалғайына шек тасланар, Оның шешими Жаратқан Ийеден берилер.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31