bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 28
Proverbs 28
Karakalpak 2022
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 29 →
1
Жаўыз адам ҳеш ким қуўмаса да қаша берер, Әдиллер арысландай батыр болар.
2
Елде нызамсызлық көбейсе, басшылар көбейер, Түсимпаз ҳәм билимли басшы болса, елде тәртип сақланар.
3
Ҳәлсизлерди езетуғын жарлы, Егинди жайпайтуғын нөсер жаўынға уқсар.
4
Нызамды бузғанлар залымларды мақтар, Нызамға әмел қылғанлар оларға қарсы турар.
5
Жаўыз адамлар әдалатты уқпас, Жаратқан Ийени излегенлер ҳәммесин түсинер.
6
Натуўры жолдан жүрген байдан, Минсиз жүрген жарлы жақсы.
7
Нызамға әмел қылған бала – ақыллы бала, Ал жарамасқа дос болған бала әкесин уятқа қалдырады.
8
Үстеме пайдасы менен байлық жыйнаған, Оны жарлыларға сақаўат көрсететуғын адам ушын жыйнайды.
9
Нызамды еситпеў ушын қулағын жаўған адамның, Еткен дуўасы да жеркенишли.
10
Ҳақ адамды жолдан азғырған, Өзи қазған шуқырға өзи түсер, Минсизлер жақсылықты мийрас қылар.
11
Бай адам өзин дана санар, Ақыллы жарлы оны әшкара қылар.
12
Әдиллер үстин шықса, қуўаныш ҳүким сүрер, Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар.
13
Қылмысын жасырған табысқа ериспес, Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
14
Бәрқулла Қудайдан қорққан адам қандай бахытлы! Жүрегин қатал қылған апатқа ушырар.
15
Жарлы халыққа бийлик еткен залым басшы, Ақырған арысланға яки аш айыўға уқсар.
16
Ақылсыз ҳүкимдар халқын езер, Ҳарам пайданы жек көргенниң өмири узақ болар.
17
Қан төгип адам өлтирген, Гөрге киргенше, қашып жүрер, Оған ҳеш ким жәрдем бермесин!
18
Минсиз жүрген қәўипсизликте болар, Надурыс жолдан жүрген тосаттан қулар.
19
Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ болар, Бос арзыў-қыялға берилген жоқшылыққа тояр.
20
Садық адам жарылқаўға бай болар, Байыўға асыққан жазасыз қалмас.
21
Адамларды алалаў жақсы емес, Гейбир адам бир тислем нан ушын наҳақлық қылар.
22
Иши тар адам байыўға асығар, Жоқшылыққа ушырайтуғынын ойламайды да.
23
Адамды әдил әшкаралаған, Ақырында, жағымпазға қарағанда үлкен ҳүрметке ерисер.
24
«Гүна емес», – деп ата-анасынан урлайтуғын – Геллекесерлердиң шериги.
25
Ашкөз жәнжел шығарар, Жаратқан Ийеге үмит артқан тоқ жасар.
26
Өзине исенген – ақылсыз, Даналық пенен жүрген қәўипсизликте болар.
27
Жарлыға берген кем болмас, Ал оннан көз жумған көп ғарғысқа қалар.
28
Залымлар лаўазымға көтерилсе, журт бас саўғалар, Олар қуласа, әдиллер көбейер.
← Chapter 27
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 29 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31