bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 20
Proverbs 20
Karakalpak 2022
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 21 →
1
Шарап – сурбет, өткир ишимлик – жәнжелкеш, Оларды ишип алданған ҳәр бир адам ақылсыз.
2
Патшаның қәҳәри арысланның ақырғанына уқсар, Оның қәҳәрин келтирген өмири менен жуўап берер.
3
Жәнжелден аўлақ болыў адамға абырай келтирер, Барлық ақмақлар жәнжелге асығар.
4
Ериншек ўақтында жер сүрмес, Жыйын ўақтында ҳеш нәрсе таппас.
5
Адамның ой-пикири терең суўға мегзер, Ақыллы адам оларды тереңнен илип шығарар.
6
Көплер өзин садықпан дер, Бирақ ҳақыйқаттан исенимли адамды ким таба алар?
7
Әдил минсиз жасар, Изиндеги балалары бахытлы болар!
8
Патша ҳүким гүрсисинде отырғанда, Көзлери менен барлық жаўызлықты ажыратар.
9
Ким: «Мениң жүрегим таза, Ҳадал ҳәм гүнасызбан», – деп айта алар.
10
Надурыс тәрези ҳәм надурыс таслар, Екеўи де Жаратқан Ийеге жеркенишли.
11
Ҳәтте, бала да исинен билинер, Оның тазалығы да, дурыслығы да ҳәрекетинен аян болар.
12
Еситетуғын қулақты, көретуғын көзди, Екеўин де Жаратқан Ийе жаратқан.
13
Уйқышыл болма, жоқшылыққа ушырарсаң, Қырағы бол, наның мол болар.
14
Сатып алыўшы: «Жарамсыз нәрсе», – дер, Былай шығып, арзан алғанына мақтанар.
15
Алтын бар, қымбатбаҳа тас та мол, Билимли тил – таптырмайтуғын ҳасыл тасқа мегзер.
16
Бийтанысқа кепил болғанның кийимин шешип ал, Оны басқаға кепил болғаны ушын гиреўге услап тур.
17
Ҳийле менен табылған нан мазалы, Бирақ кейин аўыз толған қумға айланар.
18
Мәсләҳәт пенен жобалар дүз, Дана кеңес пенен урысқа шық.
19
Өсек тасыған сырыңды ашар, Аўзы бос пенен қатнас қылма.
20
Ата-анасын ғарғағанның, Қойыў қараңғылықта өмир шырағы сөнер.
21
Әўел бастан, асығыс қолға киргизилген мийрастың, Ақыры берекетли болмас.
22
«Жаманлық ушын өш аламан», – деме, Жаратқан Ийеге тапсырып күт, Ол сени қутқарар.
23
Надурыс өлшем таслары Жаратқан Ийеге жеркенишли, Надурыс тәрези де жақсы емес.
24
Адамның адымларын Жаратқан Ийе белгилер, Солай екен, адам өз жолын қалай түсинсин?
25
Асығыс ўәде етип, Қудайға атаў, Атап болып, ойланыў, Бул – адам ушын дузақ.
26
Ақыллы патша жаўызларды ажыратып, Олардың үстинен түйек айдайды.
27
Адамның руўхы – Жаратқан Ийениң шырағы, Ол адам қәлбиниң тереңликлерин изертлер.
28
Мийрим-шәпәәт ҳәм садықлық патшаны қорғар, Мийрим менен ол тахтын беккем қылар.
29
Жаслардың мақтанышы – олардың күш-қуўаты, Жасы үлкенлердиң абырайы – олардың ақ шашлары.
30
Таяқтан қалған жарақат жаўызлықтан тазартар, Таяқтың зардабы ишки дүньяны пәклер.
← Chapter 19
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 21 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31