bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 6
Proverbs 6
Karakalpak 2022
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 7 →
1
Балам, егер биреў ушын кепил болып, Оның қарызын мойныңа алсаң,
2
Онда сен сөзиңнен тутылып, Өз сөзиңниң қармағына илингениң.
3
Яғный, сол адамның қолына түскениң. Балам, оннан қутылыў ушын былай қыл: Бар да, аяғына жығыл, жалын.
4
Көзиңе уйқы берме, Кирпик илме.
5
Аңшыдан қашқан жейран киби, Қус аўлаўшыдан қашқан қус киби, өзиңди қутқар.
6
Ҳәй ериншек, қумырысқаның жанына бар, Оның ислерине қарап, даналық үйрен.
7
Оның баслығы да, қадағалаўшысы да, Ҳүкимдары да жоқ.
8
Бирақ ол жазда өз азығын топлайды, Жыйын-терим ўақтында аўқатын жыйнайды.
9
Ҳәй ериншек! Қашанға дейин жатпақшысаң? Қашан уйқыңнан оянасаң?
10
Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң, Гейде қол қаўсырып, жатып та алсаң,
11
Тонаўшыдай болып жоқшылық жетип келер, Қарақшыдай болып мүтәжлик бас салар.
12
Оңбаған ҳәм жаўыз адам жалған сөйлеп жүрер,
13
Көзлерин қыпылықлатар, Аяқлары менен белги берип, Бармақлары менен ишарат қылар,
14
Жүрегиндеги ҳийле менен жаўыз нийет қылып, Бәрқулла жәнжел туўдырар.
15
Сонлықтан апат оған тосаттан келер, Күтилмегенде, шарасыз шыл-пәрше болар.
16
Жаратқан Ийе жек көретуғын алты нәрсе, Ҳәтте, Ол жеркенетуғын жети нәрсе бар:
17
Менмен көз, жалған сөйлеўши тил, Айыпсыз қан төгетуғын қоллар,
18
Жаўыз нийетли жүрек, Жаўызлыққа асығатуғын аяқлар,
19
Өтирик сөйлейтуғын жалған гүўа, Туўысқанлар арасына от салыўшы адам.
20
Балам, әкеңниң буйрығын есте сақла, Анаң берген тәрбиядан бас тартпа!
21
Оларды бәрқулла жүрегиңе түйип, Мойныңа байлап жүр.
22
Жүргениңде, олар сени жетелер, Уйықлағаныңда, олар сени қорғап турар, Оянғаныңда, олар саған кеңес берер.
23
Бул буйрықлар – шыра, нәсиятлар – нур. Дүзетиўши тәрбия – өмирге жол.
24
Олар сени жүўенсиз ҳаялдан, Бузық ҳаялдың майлы тилинен қорғайды.
25
Оның сулыўлығын жүрегиң қумартпасын, Көзин сүзип сени айландырып алмасын.
26
Жезөкше себепли нанға зар боласаң, Ал күйеўи бар ҳаял себепли өмириңнен айырыласаң.
27
Адам қойынға от салар да, Кийимин өртемес пе?
28
Шоқ үстинде жүрер де, Аяғын күйдирмес пе?
29
Басқаның ҳаялы менен жатқанға да солай болады, Оған жақынлаған жазасыз қалмайды.
30
Ашлық себепли тек қарнын тойдырыў ушын урлық қылса, Адамлар оны жек көрмейди.
31
Бирақ ол қолға түсип қалса, Урлаған нәрсесин жети есе қылып төлейди, Ҳәтте, үйиндеги барлық мал-мүлкин бериўи мүмкин.
32
Бузықшылық қылған – есиўас, Солай ислеген өз жанын набыт қылар.
33
Ол таяқ жеп, масқара болар, Шерменделиктен мәңгиге тазалана алмас.
34
Қызғаныштан күйеўин ашыў кернер, Өш алғанда аяўды билмес.
35
Ҳеш қандай төлемди қабыл етпес, Не берсең де, алыўды қәлемес.
← Chapter 5
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 7 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31