bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 8
Proverbs 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 9 →
1
Шақырып атырған Даналық емес пе? Даўыслап турған түсиник емес пе?
2
Ол жол шетиндеги бәлентликлердиң үстинде, Дәрбент жолларда турады.
3
Ол қала дәрўазаларының алдында, Қалаға кирер аўызда турып жар салады:
4
«Ҳәй адамлар, мен сизлерди шақырып турман, Шақырығым адам баласына қаратылған!
5
Садалар, узақты көриўди үйрениң, Ақмақлар, түсиникке ийе болың!
6
Тыңлаңлар, әҳмийетли нәрселерди айтпақшыман, Ҳақыйқатты баян етпекшимен.
7
Тилим ҳақыйқатты сөйлейди, Аўзым жалғаннан жеркенеди.
8
Аўзымнан шыққан ҳәр бир сөз ҳақыйқат, Онда ҳийле ҳәм жалған жоқ.
9
Саналыға барлығы аян, Билимди ийелегенге бәри дурыс.
10
Гүмисти емес, мениң нәсиятымды ал, Сап алтын орнына билим ал.
11
Даналық яқыттан да қымбат, Аңсаған ҳеш нәрсең оған тең келмес.
12
Мен – Даналықпан, Ақыл-парасат пенен бирге жасайман, Билим ҳәм сана-сезим менде бар.
13
Жаратқан Ийеден қорқыў – жаманлықтан жеркениў. Мен менменлик ҳәм тәкаббирликти, Жаўызлық жолын ҳәм өтирик сөзди жек көремен.
14
Менде жақсы кеңес бар, менде үгит-нәсият бар, Мен түсиникпен, күш-қуўат та менде бар.
15
Мен арқалы патшалар бийлик етер, Ҳүкимдарлар әдил ҳүким шығарар.
16
Жер бетиндеги барлық ҳүкимдарлар, Әдил басқарып отырған ҳәмме ақсүйеклер мен арқалы басқарар.
17
Мени сүйгенлерди мен де сүйемен, Мени ықлас пенен излегенлер, мени табады.
18
Менде байлық ҳәм даңқ-атақ бар, Таўысылмас байлық ҳәм әдалат менде бар.
19
Беретуғын жемисим алтыннан, сап алтыннан да жақсы, Мен беретуғын пайда сайланды гүмистен де жоқары.
20
Мен әдиллик жолынан, Әдалат соқпақларынан жүремен.
21
Мени сүйгенлерге байлық сыйлап, Олардың қазналарын толтыраман.
22
Жаратқан Ийе Өз исин басламастан алдын, Өз жолының басы ретинде мени жаратты.
23
Ең баста, дүнья жаратылмастан алдын, Мен тайынланған едим.
24
Еле түпсиз теңиз де болмаған, Мол суўлы булақлар да көз ашпаған ўақытта, Мен туўылған едим.
25
Еле таўлар орнатылмастан алдын, Төбелерден де бурын мен туўылдым.
26
Ол ўақытта Ол еле жерди де, далаларды да, Дүньяның биринши топырағын да жаратқан жоқ еди.
27
Ол аспанды орнатқанда, Терең теңиз жүзине жийек сызғанда, мен сол жерде едим.
28
Жоқарыға бултларды қойғанда, Жер асты булақларына тийкар салғанда,
29
Суўлар шегарадан шығып кетпесин деп, Теңизге көрсетпе бергенде, Жердиң тийкарын белгилегенде,
30
Мен Оның жанында уста болдым. Ҳәр күни Оны қуўантып, Оның алдында шадланар едим.
31
Ол жаратқан дүньяда кеўлимди көтерер едим, Адам баласы мениң қуўанышым еди.
32
Солай екен, балаларым, мени тыңлаңлар, Жолымды тутқанлар қандай бахытлы!
33
Нәсиятымды тыңлап, дана болыңлар, Ҳеш қашан оннан жүз бурмаңлар!
34
Ҳәр күни дәрўазам алдында сергек туратуғын, Есигим алдында күтип туратуғын, Мени тыңлайтуғын адам қандай бахытлы!
35
Мени тапқан өмирди табады, Жаратқан Ийениң мийримине ериседи.
36
Ал Мени қолдан шығарған өзине зыян келтиреди, Мени жек көретуғынлардың ҳәммеси өлимди сүйеди».
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31