bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 24
Proverbs 24
Karakalpak 2022
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 25 →
1
Залым адамларға ҳәўес қылма, Олар менен бирге болыўды күсеме.
2
Олардың ойы зорлық етиўди ойлар, Аўзы машқала келтириў туўралы сөз етер.
3
Даналық пенен үй салынар, Ақыл менен беккем болар.
4
Билим менен үйдиң иши, Қымбатбаҳа ҳәм әжайып байлыққа толар.
5
Дана адам күшли болар, Билимли адам күшке толып барар.
6
Сонлықтан урысты ақыл-кеңес пенен алып бар, Мәсләҳәтши көп жерде жеңис бар.
7
Ақмақ ушын даналық қол жетпес болар, Мәжилисте ол аўзын да ашпас.
8
Жаманлық ислеўди нийет еткен адам, Нийети бузық деп аталар.
9
Ақмақтың ҳарам ойы – гүна, Сурбет – адамлар ушын жеркенишли.
10
Егер сен апатқа ушырағанда ҳәлсизлик етсең, Онда сениң күшиңниң аз болғаны.
11
Айыпсыз өлимге кесилгенди қутқар, Соймақшы болғанды изине қайтар.
12
«Биз буны билмедик», – десең де, Жүректи сынайтуғын Қудай шынлықты билмей ме? Жаныңды қорғайтуғын буны аңламай ма? Ол ҳәр бир адамға исине жараса қайтармай ма?
13
Балам, пал же, ол жақсы, Пал уяның палы таңлайыңа татлы.
14
Сол сыяқлы, даналық та жаныңа татлы, Егер оны тапсаң, келешегиң болар, Үмитиң де үзилмес.
15
Ҳәй залым, әдилдиң үйине жаўызлық ойлама, Оның мәканын ўайранлама.
16
Әдил жети рет жығылса да, турып кетер, Залым апатшылықтан набыт болар.
17
Душпаның жығылса, қуўанба, Сүрниксе, шадланба.
18
Солай ислесең, Жаратқан Ийе буны көрип, наразы болар, Душпаныңа деген ғәзебинен қайтар.
19
Жаўызлық қылыўшыларға қәҳәрленбе, Залымларға ҳәўес қылма.
20
Жаўызлық қылыўшылардың келешеги жоқ, Залымлардың шырағы өшип қалар.
21
Балам, Жаратқан Ийеден ҳәм патшадан қорқ, Қозғалаңшы менен шерик болма.
22
Жаратқан Ийе ҳәм патша тосаттан бәле жиберер, Олар екеўиниң қандай бәле жиберетуғынын ким билер?
23
Мыналар да даналардың айтқанлары: Ҳүкимде адамды алалаў жақсы емес.
24
Айыплыға: «Сен айыпсызсаң», – дегенди халықлар нәлетлер, Миллетлер оны жек көрер.
25
Айыплыны жазалаған табысқа ерисер, Оған жарылқаўлар жаўар.
26
Туўры жуўап, Ҳақыйқый дослықтың белгиси.
27
Сырттағы ислериңди питкер, Егислик жериңди тәртипке сал, Соңынан үйиңди қур.
28
Себепсиз жақыныңа қарсы жалған гүўалық берме, Аўзың менен өтирик сөйлеме.
29
«Маған не қылған болса, өзине де соны ислеймен, Ол не қылса, өзине соны қайтараман», – деме.
30
Мен ериншектиң атызынан, Ессиздиң жүзимзарынан өттим.
31
Қарасам, ҳәммесине тикенлер өскен, Жериниң бетин жабайы шөп басқан, Тас дийўалы да қулаған.
32
Қарап, ойланып қалдым, Көрип, сабақ алдым.
33
Бираз уйықлап, аз-маз мүлгип отырсаң, Гейде қол қаўсырып, жатып та алсаң,
34
Тонаўшыдай болып, жоқшылық жетип келер, Қарақшыдай болып, мүтәжлик бас салар.
← Chapter 23
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 25 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31