bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 13
Proverbs 13
Karakalpak 2022
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 14 →
1
Ақыллы перзент әкесиниң нәсиятына қулақ салар, Сурбет перзент кейигенге қулақ аспас.
2
Жақсы адам аўзының мийўесинен жақсылық татар, Опасызлар жаўызлыққа талпынар.
3
Тилин тыйған өз өмирин сақлап қалар, Тилине ерк берген өзин набыт қылар,
4
Ериншек қәлесе де, ҳеш нәрсе ала алмас, Талапшаңның тилеги ақырына дейин орынланар.
5
Әдил адам өтирик сөзди жек көрер, Залым уятсызлық қылып, өзиниң абырайын төгер.
6
Әдиллик минсизди жолында қорғар, Залымлық гүнакарды қулатар.
7
Биреў ҳеш нәрсеси болмаса да, өзин бай қылып көрсетер, Басқасы байлығы мол болса да, өзин жарлы қылып көрсетер.
8
Байлығы менен адам өз жанын сатып алар, Жарлы болса қәўип-қәтерден аўлақ болар.
9
Әдиллердиң нуры жарқырап жайнап турар, Залымлардың шырасы да өшип қалар.
10
Менменлик даў-жәнжел келтирип шығарар, Кеңеске қулақ салғанларда даналық болар.
11
Аңсат табылған байлық тез таўысылар, Мийнет пенен жыйнаған байлығын көбейтер.
12
Узақ ўақыт орынланбаған үмит жүректи түңилдирер, Орынланған тилек болса, өмир терегине уқсар.
13
Нәсиятты менсинбеген өзине зыян келтирер, Буйрықларды ҳүрмет еткен сый алар.
14
Даналар тәлими – өмирдиң булағы, Ол адамды өлим дузағынан қутқарар.
15
Жақсы ақыл унамлы қылар, Опасыздың өмири ўайран болар.
16
Ҳәр қандай ақыллы адам билим менен ис тутар, Ақылсыз өзиниң ақмақлығын көрсетер.
17
Жаман шабарман апатқа ушырар, Исенимли елши шыпа алып келер.
18
Нәсиятқа қулақ салмаған жоқшылық пенен шерменделикке ушырар, Ескертиўди қабыл еткенлер ҳүрмет-иззетке бөленер.
19
Орынланған тилек жанға жағымлы, Ақылсыз жаманлықтан ўаз кешиўди жек көрер.
20
Дана менен дос болған дана болар, Ақылсыз бенен дос болған апатқа ушырар.
21
Бахытсызлық гүнакарды қуўып жүрер, Абаданлық әдиллердиң сыйы болар.
22
Жақсы адам ақлық-шаўлықларына да мийрас қалдырар, Гүнакарлардың байлығы әдиллер ушын жыйналар.
23
Жарлының атызы да мол бийдай бериўи мүмкин, Бирақ әдалатсызлық себепли ўайран болар.
24
Жазалаўға аяған баласын сүймейди, Баласын сүйген балалықтан тәрбиялайды.
25
Әдил тойғанынша жер, Залымның қарны аш қалар.
← Chapter 12
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 14 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31