bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 23
Proverbs 23
Karakalpak 2022
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 24 →
1
Ҳүкимдар менен дастурханлас болғаныңда, Алдыңдағыларға дыққат пенен нәзер сал,
2
Егер қулқыныңды тыя алмасаң, Аўзыңды буўып қой.
3
Оның дәмли тағамларын кеўлиң күсемесин, Ол ҳийле менен берилген болыўы мүмкин.
4
Бай болыў ушын өзиңди зорықтырма, Бул ойыңды шығарып таслайтуғын даналыққа ийе бол.
5
Байлық көз ашып-жумғанша жоқ болар, Қанат байлап, бүркит киби аспанға ушып кетер.
6
Иши тардың үйинен ас ишпе, Оның мазалы тағамларын да күсеме.
7
Ол жеген ҳәр бир нәрсеңди есаплап турар, «Иш, же», – дер саған, бирақ жүреги буны қәлемес.
8
Жеген аз-маз нәрсеңди қусып тасларсаң, Айтқан жақсы сөзлериң де босқа кетер.
9
Ақмаққа сөз айтпа, Ол сениң дана сөзлериңди менсинбейди.
10
Ески шегара белгисин жылжытпа, Жетимниң атызына қол салма.
11
Олардың Әмеңгери күшли, Ол саған қарсы шығып, олардың исин жақлар.
12
Жүрегиңди тәлимге, Қулағыңды билимли сөзлерге бер.
13
Баланы тәрбиясыз қалдырма, Оны қамшы менен жазаласаң да, өлмейди.
14
Оны қамшы менен жазала, Жанын өлилер мәканынан қутқарарсаң.
15
Балам, егер жүрегиң дана болса, Мениң жүрегим де шадланар.
16
Аўзың дурыс сөйлесе, Қәлбим йошланар.
17
Жүрегиң гүнакарларға ҳәўес қылмасын, Бәрқулла Жаратқан Ийеден қорқып жаса.
18
Сонда келешегиң болатуғыны гүмансыз, Үмитиң де босқа шықпас.
19
Тыңла балам, дана бол, Жүрегиңди туўры жолға бағытла.
20
Мәскүнем ҳәм гөшке тоймайтуғынлар арасында болма.
21
Мәскүнем ҳәм тамақсаў адам жарлыланар, Уйқышыллық адамға жыртық кийим кийгизер.
22
Сени дүньяға келтирген әкеңе қулақ сал, Қартайғанында анаңды менсинбей жүрме.
23
Ҳақыйқатты сатып ал, оны сатпа, Даналық, тәлим ҳәм ақылға ийе бол.
24
Әдилдиң әкеси шадланады, Дана баласы бар әке ол ушын қуўанады.
25
Әкең ҳәм анаң қуўансын, Сени туўған қатты шадлансын!
26
Балам, жүрегиңди маған бағышла, Көзлериң мен жүрген жолда болсын.
27
Бузық ҳаял – терең шуқыр, Өзгениң ҳаялы – тар қудық.
28
Ол қарақшыдай буққыда күтер, Бийопа еркектиң санын көбейтер.
29
Аҳ шеккен ким? Дад салған ким? Кимде жәнжел? Кимде шағым? Кимге себепсиз көк түскен? Кимниң көзлери қызарған?
30
Буның бәри шарап ишип көп отыратуғынларда, Аралас шарапларды татып көриўге барғанларда болар.
31
Шараптың қызарғанына, Кеседе таўланып турыўына, Жумсақ жутылыўына қарама!
32
Ақыбетинде ол жылан киби шағар, Сур жылан киби уўын шашар.
33
Көзлериңе ерси нәрселер көринер, Ойыңнан жаман пикирлер өтер.
34
Сен теңиздиң қақ ортасында қайықта, Өрлик ағашының үстинде жатырғандай боларсаң.
35
«Мени урды, аўырмады, Сабады, маған сезилмеди, Және ишимликти излеў ушын, Қашан оянаман?» – дерсең.
← Chapter 22
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 24 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31