bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 26
Proverbs 26
Karakalpak 2022
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 27 →
1
Жазға қар, орым-жыйын ўақтына жаўын жараспағаны сыяқлы, Ақмаққа даңқ жараспас.
2
Пырр етип ушқан шымшықтай, Ушып кеткен қарлығаштай, Жөнсиз ғарғыс та адамға тиймес.
3
Атқа қамшы, ешекке жүўен, Ақмақтың арқасына таяқ керек.
4
Ақмаққа ақмақлық пенен жуўап берме, Болмаса, өзиң де оған уқсап қаласаң.
5
Егер ақмаққа ақмақлығына сай жуўап бермесең, Онда ол өзин ақыллы санар.
6
Ақмақ арқалы хабар жиберген, Аяғына балта урғандай ямаса зорлыққа шыдағандай болар.
7
Ақмақ айтқан ҳикметлер, Ақсақтың аяғындай натегис болар.
8
Ақылсызды ҳүрметлеў, Сақпанға тасты байлап атқандай пайдасыз.
9
Ақмақ айтқан ҳикметлер, Мәскүнемниң қолындағы тикенли шақаға уқсар.
10
Ақмақты яки дус келген адамды жаллаўшы, Бет алдына қарамай жарақат салатуғын садақшыға уқсар.
11
Өз ақмақлығын тәкирарлаған ақмақ, Өз қусығына қайтып келген ийтке уқсар.
12
Өзин дана деп санайтуғын адамды көрдиң бе? Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
13
Ериншек: «Жолда арыслан бар. Майданларда арыслан жүр», – дейди.
14
Есиктиң топсада айлана бергени сыяқлы, Ериншек төсегинде аўнап жата берер.
15
Ериншек табаққа қол салар, Бирақ аўзына апарыўға еринер.
16
Ериншек өзин, Ойланып жуўап беретуғын жети адамнан да ақыллырақ санар.
17
Басқаның жәнжелине араласқан, Жолдағы ийттиң қулағынан тартқанға уқсар.
18
Телбе адамды өлтиретуғын отлы оқлар атады.
19
Жақынын алдап, зыян келтиргеннен кейин: «Мен ҳәзиллесип едим», – дейтуғын адам да сондай.
20
Отын таўысылса, от өшер, Өсекши болмаса, даў сөнер.
21
Көмир қызыў ушын, отын от ушын, Урысқақ адам жәнжелди тутандырыў ушын.
22
Өсекшиниң сөзи сондай татлы, Олар адамның жан дүньясына кирип алар.
23
Шийрин сөзли жаўыз нийетли адам, Гүмис жалатылған ылай ыдысқа мегзер.
24
Душпан өз кегин тили артына жасырар, Жүрегинде болса, ҳийле сақлар.
25
Оның мүләйим сөйлегенине исенбе, Жүрегинде жети сумлық бар оның.
26
Өшпенлигин ҳийле менен жасырса да, Жаўызлығы халық жыйынында жүзеге шығар.
27
Ким гөр қазса, соған өзи түсер, Ким жоқарыға тас домалатса, өзи астында қалар.
28
Жалған тил өзи жаралағанларды жек көрер, Жағымпаз аўыз апат келтирер.
← Chapter 25
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 27 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31