bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 25
Proverbs 25
Karakalpak 2022
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 26 →
1
Мыналар да Яҳуда патшасы Хизкияның адамлары тәрепинен жазып алынған Сулайманның ҳикметлери:
2
Исти қупыя етиў – Қудайдың даңқы, Исти изертлеп ашыў – патшалардың даңқы.
3
Аспанның бийиклиги, жердиң тереңлиги киби, Патшаның ой-нийети де түсинип болмас нәрсе.
4
Гүмистен ғаўажақты алып тасла, Сонда өнермент оннан ыдыс соға алар.
5
Патшадан залымды узақластыр, Оның тахты әдиллик пенен беккем болар.
6
Патшаның алдында гәрдийме, Уллылардың орнына турып алма.
7
Ҳасылзада алдында кемситилгеннен гөре, Оның саған: «Былай, жоқары шық», – дегени жақсырақ. Көзлериң менен көрген нәрсени,
8
Ҳүкимге тапсырыўға асықпа. Егер қарсыласың сени жеңип шығып, уялтса, Кейин не қыласаң?
9
Даўды жақының менен жеке талқыла, Басқаның сырын ашпа.
10
Болмаса адамлар еситип, сени уялтар, Жаман атың изиңнен қалмас.
11
Орны менен айтылған сөз, Гүмис табаққа салынған алтын алмаға уқсар.
12
Тыңлар қулаққа дананың әшкаралаўы, Алтын сырғаға яки сап алтын тағыншаққа уқсар.
13
Исенимли елши өзин жибергенлер ушын, Орым-жыйын ўақтындағы қардың суўығы яңлы, Өз хожайынларының жанын жай таптырар.
14
Бермеген сыйын бердим деп мақтанатуғын адам, Қурғақ самал ҳәм жаўмас бултқа уқсайды.
15
Сабырлылық пенен ҳүкимдар көндирилер, Жумсақ тил сүйекти сындырар.
16
Пал тапсаң, жетерлисин же, Артық жесең, қусып тасларсаң.
17
Қоңсыңа жийи-жийи бара берме, Сеннен безип, жек көрип қалмасын.
18
Жақынына қарсы жалған гүўалық берген адам, Шоқмар, қылыш ҳәм ушлы оққа уқсар.
19
Апат күни опасыздан үмитлениў, Сынған тис ҳәм сал болған аяққа мегзер.
20
Қайғылыға кеўилли қосық айтыў, Суўық күни кийимин шешип алғанға, Ямаса жараға дуз сепкенге мегзер.
21
Егер душпаның аш болса, оған нан бер, Егер шөллесе, суў бер.
22
Солай ислеп, оны уялтарсаң, Есесин Жаратқан Ийеден аларсаң.
23
Арқа самалы жаўын алып келер, Өсекши тил адам жүзинде ғәзеп оятар.
24
Урысқақ ҳаял менен бир үйде жасағаннан, Үшектиң бир мүйешинде жасаған жақсы.
25
Алыс елден келген жақсы хабар, Шөллегенге берилген салқын суўға мегзер.
26
Залымға бас ийген әдил адам, Ылайланған булақ ҳәм патасланған қудыққа мегзер.
27
Көп пал жеген жақсы емес, Даңқ ушын умтыла бериў де даңқ әпермес.
28
Өзин басқара алмайтуғын адам, Дийўалсыз, ўайран болған қалаға мегзер.
← Chapter 24
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 26 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31