bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 30
Proverbs 30
Karakalpak 2022
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 31 →
1
Мыналар Яке улы Агурдың Итиелге, Итиел менен Ухалға айтқан ҳикметли сөзлери:
2
Ырасында да, мен адамлар арасындағы ең наданы екенмен, Адамға тән ақыл да жоқ менде.
3
Даналықты үйренген де емеспен, Мухаддес Қудайды танымайман да.
4
Ким бир рет болса да, көклерге көтерилген ямаса төмен түскен? Ким алақанына самалды жыйнап алған? Ким суўды кийимине орап алған? Ким жердиң шегин орнатқан? Оның аты ким? Улының аты ким? Билсең, маған айт!
5
Қудайдың ҳәр бир сөзи ҳақ, Ол Өзин паналайтуғынлардың қалқаны.
6
Оның сөзлерине ҳеш нәрсе қоспа, Қоссаң, Ол сени әшкаралар, өтирикши болып қаларсаң.
7
Қудай, мен Сеннен еки нәрсе сорайман, Өлмесимнен бурын соларды берши:
8
Мылжың сөзди ҳәм өтирикти меннен аўлақ қыл, Жарлылық та, байлық та бермеши маған, Тек бере гөр күнделикли нанымды.
9
Тойынып кетип, Сеннен бас тартып: «Жаратқан Ийе деген ким өзи?» – деп айтпайын, Жарлыланып қалып урлық ислеп, Сениң атыңа дақ түсирип жүрмейин.
10
Хызметкерин хожайынына жаманлама, Болмаса, ол сени ғарғап, жазасын тартарсаң.
11
Сондай әўлад бар, әкесин ғарғар, Анасына да алғыс айтпас.
12
Сондай әўлад бар, өзин таза санар, Ҳәтте, қусығынан тазармаған болса да.
13
Сондай әўлад бар, тәкаббирленип бағар, Ҳәммениң үстинен қарар.
14
Жарлыларды жер бетинен, Мүтәжлерди адамлар арасынан жалмап жутатуғын, Тислери қылыш, азыўлары пышақтай адамлар бар.
15
Сүликтиң еки қызы бар. «Бер, бер», – деп бақырар олар. Ҳеш қашан тоймайтуғын үш нәрсе, «Жетерли» демейтуғын төрт нәрсе бар:
16
Өлилер мәканы, нәсилсиз қурсақ, Суўға қанбайтуғын топырақ пенен өрт ҳеш қашан «жетерли» демес.
17
Әкени мазақлайтуғын, Анаға бойсыныўдан бас тартатуғын көзди, Ойпатлықтағы ғарғалар шоқыйды, Қара қустың палапанлары жейди.
18
Мениң ақылым жетпейтуғын үш нәрсе, Мен түсинбейтуғын төрт нәрсе бар:
19
Аспандағы бүркиттиң жолы, Тас үстиндеги жыланның жолы, Теңиз ортасындағы кемениң жолы, Еркектиң қызға баратуғын жолы.
20
Бузық ҳаялдың жолы да сондай. Ол жеп болып, аўзын сүртип, «Ҳеш жаманлық ислемедим», – дер.
21
Жер үш нәрседен ләрзеге келер, Төртеўин ол көтере алмас:
22
Қул патша болғанда, Ақмақ асқа тойғанда,
23
Жағымсыз қыз турмысқа шыққанда, Шоры ханымының орнын алғанда.
24
Жер бетинде төрт кишкене нәрсе бар, Бирақ олар даналардың данасы:
25
Қумырысқа күшсиз жанзат, Бирақ қыс азығын жазда таярлар.
26
Даман ҳәлсиз жанзат, Бирақ өз инин жартасқа салар.
27
Шегирткеде патша жоқ, Бирақ ҳәммеси сап тартып жүрис қылар.
28
Кесирткени қол менен услаўға болар, Бирақ ол патша сарайында да бола алар.
29
Қәдеми саўлатлы үш нәрсе, Жүриси айбатлы төрт нәрсе бар:
30
Ҳайўанлардың ең күшлиси арыслан, Ҳеш нәрседен қаймықпас.
31
Мәкийенлер алдындағы қораз, Сүриў алдындағы теке, Ордасының басындағы патша.
32
Егер менменлик етип ақмақлық қылған, Ямаса жаманлық ойлаған болсаң, Аўзыңды қолың менен жап.
33
Сүтти гүбиге писсе май шығар, Мурынға урса қан шығар, Сол сыяқлы, ашыўды қозғаса жәнжел шығар.
← Chapter 29
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 31 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31