bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
Proverbs 31
Proverbs 31
Karakalpak 2022
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
1
Патша Лемуелдиң ҳикметли сөзлери, анасының оған үйреткенлери:
2
Балам, қурсағымнан шыққан балам! Балам, ўәде берип, тилеп алғаным!
3
Күшиңди ҳаялларға жумсама, Патшаларды набыт қылатуғынларға жаслығыңды сарп қылма.
4
Лемуел, патшаларға шарап ишиў жараспас, Ҳүкимдарларға өткир ишимликти аңсаў жараспас.
5
Ишкенде, олар нызамды умытар, Езилгенлерден ҳуқықын тартып алар.
6
Өткир ишимликти өлип баратырғанға, Шарапты руўхы қыйналғанға бер.
7
Ол ишип, жарлылығын умытсын, Қайғы-ҳәсиретин енди еске алмасын.
8
Аўзыңды өз ҳуқықын қорғай алмайтуғынлар ушын, Езилгенлерди қорғаў ушын аш.
9
Аўзыңды әдил ҳүким шығарыў ушын, Жарлы ҳәм мүтәждиң исин қорғаў ушын аш.
10
Жақсы ҳаялды ким таба алар? Ол қымбатбаҳа таслардан да қымбат.
11
Күйеўи оған шын жүректен исенер, Ҳеш нәрседен мүтәжлик көрмес.
12
Ол күйеўине жаманлық емес, Бир өмир жақсылық қылар.
13
Ол жүн ҳәм зығыр табар, Рәҳәтленип, өз қоллары менен ислер.
14
Ол саўдагердиң кемесине уқсар, Нанын узақтан алып келер.
15
Ол таң атпай турып, Хожалығы ушын аўқат таярлар, Шорыларына да тапсырма берер.
16
Атызды көзден кеширип, сатып алар, Еңбегиниң түсиминен жүзим отырғызар.
17
Белин беккем буўып, Қолларына күшин жыйнар.
18
Ол исиниң пайдалы екенин билер, Шырасы түнде де өшпес.
19
Қолларын шарыққа қояр, Бармақлары менен уршық ийирер.
20
Жарлыларға қолын созар, Мүтәжлерге қол берер.
21
Үй-ишин ойлап, қардан қорқпас, Үйиндегилер қырмызы кийим кийген.
22
Ол өзи ушын төсек тигер, Кийимлери шым қызыл ҳасыл зығырдан.
23
Күйеўиниң атағы кең жайылып, Ел ақсақаллары менен кеңес қурар.
24
Ҳаял зығырдан кийим тигип сатар, Саўдагерлерди қайыс пенен тәмийинлер.
25
Күш ҳәм абырай оның кийими, Шад болып бағады ертеңги күнге.
26
Ол даналық пенен сөйлер, Меҳир менен нәсият қылар.
27
Хожалық ислерин бақлап барар, Мийнетсиз нан жемес.
28
Балалары турып, рахмет айтар, Күйеўи де былай деп оны мақтар:
29
«Жақсы ҳаяллар көп, Бирақ сен ҳәммесинен артықсаң».
30
Сүйкимлилик алдамшы, сулыўлық өткинши, Бирақ Жаратқан Ийеден қорқатуғын ҳаял мақтаўға ылайық.
31
Оған мийнетине жараса сый бериңлер, Ислери қала дәрўазасы алдындағы кеңесте тәрийипленсин!
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31