bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 1
2 Chronicles 1
Karakalpak 2022
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 2 →
1
Даўыт улы Сулайман өз патшалығын беккемлеп алды. Қудайы Жаратқан Ийе оның менен бирге болып, мәртебесин жүдә жоқарылатты.
2
Бир күни Сулайман пүткил Израил халқын – мыңбасыларды, жүзбасыларды, бийлерди, Израилдың барлық көсемлерин ҳәм әўлад басшыларын шақыртты.
3
Сулайман жыйналғанларды ертип, Гибон қаласындағы сыйыныў орнына жол алды. Жаратқан Ийениң қулы Муўса шөлде қурдырған Қудайдың Ушырасыў шатыры сол жерде еди.
4
Даўыт Қудайдың Келисим сандығын қойыў ушын Ерусалимде бир шатыр тигип, сандықты Кирят-Яримнен сол шатырға алып барған еди.
5
Бирақ Хурдың ақлығы Урийдиң улы Бесалел қурған қоладан исленген қурбанлық орын еле Гибондағы Жаратқан Ийениң Мухаддес шатырының алдында турған еди. Сулайман ҳәм жыйналған халық Қудайдың еркин билиў ушын сол жерге барды.
6
Сулайман Жаратқан Ийениң алдында Ушырасыў шатырының алдындағы қоладан исленген қурбанлық орынға көтерилип, онда мың бас малды жандырып қурбанлыққа берди.
7
Сол түни Қудай Сулайманға көринип, оған: – Тиле тилегиңди, сорағаныңды беремен, – деди.
8
Сулайман Қудайға былай деди: – Әкем Даўытқа үлкен жақсылық иследиң ҳәм мени оның орнына патша етип қойдың.
9
Енди Қудай, Жаратқан Ийе, әкем Даўытқа берген ўәдеңди орынла! Ақыры, Сен мени жердиң шаңындай көп болған халық үстинен патша етип қойдың.
10
Бул халықты басқара алыўым ушын, маған даналық ҳәм билим бер. Болмаса, бул уллы халқыңа ким ҳүкимдарлық қыла алады?
11
Қудай Сулайманға былай деди: – Демек жүрегиңниң қәлеўи усы. Сен байлық, мал-мүлик, даңқ-атақ яки душпанларыңа өлим тилемедиң, ҳәтте, өзиң ушын узақ өмир де сорамадың. Қайтама, сени патша етип қойған халқымды басқарыў ушын даналық ҳәм билим сорадың.
12
Сонлықтан саған даналық ҳәм билим бериледи. Буған қоса, саған дейинги ҳеш бир патша көрмеген ҳәм сеннен кейин де ҳеш бир патша көрмейтуғын байлық, мал-мүлик ҳәм даңқ-атақ беремен.
13
Сулайман Гибондағы Ушырасыў шатыры орналасқан сыйыныў орнынан Ерусалимге келди ҳәм Израил үстинен ҳүкимдарлық қыла баслады.
14
Сулайман саўаш арбалары менен атларды жыйнады. Оның бир мың төрт жүз саўаш арбасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
15
Патша Ерусалимде гүмис пенен алтынды әпиўайы тасларға тең қылып қойды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды.
16
Сулайманның атлары Мысыр менен Қуўеден алып келинди. Патшаның саўдагерлери атларды Қуўеден сатып алатуғын еди.
17
Мысырдан ҳәр бир саўаш арбасы алты жүз шекел гүмиске, ҳәр бир ат бир жүз елиў шекел гүмиске сатып әкелинип, олар патша саўдагерлери арқалы пүткил Хет ҳәм Арам патшаларына сатылатуғын еди.
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 2 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36