bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 5
2 Chronicles 5
Karakalpak 2022
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 6 →
1
Сулайман Жаратқан Ийениң Үйине тийисли болған барлық ислерди тамамлағаннан кейин, әкеси Даўыт атаған ҳәмме нәрсени: гүмис, алтын ҳәм басқа затларды әкелип, Қудайдың Үйиниң қазналарына қойды.
2
Патша Сулайман Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Даўыттың қаласы болған Сионнан алып келиў ушын Израилдың ақсақалларын, Израил халқының барлық урыў ҳәм әўлад басшыларын Ерусалимге шақырды.
3
Ҳәмме израиллылар жетинши айдағы байрам ўақтында патшаның алдына жыйналды.
4
Израил ақсақалларының ҳәммеси жыйналғанда, лебийлилер Келисим сандығын жерден көтерип алды.
5
Руўханийлер менен лебийлилер Келисим сандығын, Ушырасыў шатырын ҳәм шатырдағы ҳәмме мухаддес буйымларды Ибадатханаға тасыды.
6
Патша Сулайман ҳәм оның жанындағы пүткил Израил жәмийети Келисим сандығының алдында, сан-санақсыз қой ҳәм буғаларды қурбанлыққа шалды.
7
Руўханийлер Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Үйдиң ең төрине, Ең мухаддес бөлмеге киргизип, керублардың қанатларының астындағы өз орнына қойды.
8
Керублардың қанатлары сандықтың үсти бойлап созылып, сандықты да, оның сырықларын да жаўып турды.
9
Сырықлар жүдә узын болғанлықтан, олардың ушлары төрги бөлмениң алдындағы Мухаддес бөлмеден көринип туратуғын еди. Бирақ олар сырттан көринбейтуғын еди. Олар ҳәзир де сол жерде тур.
10
Сандықтың ишинде Муўсаның Хореб таўында қойған еки тас тахтасынан басқа ҳеш нәрсе жоқ еди. Мысырдан шыққанда Жаратқан Ийе бул таўда израиллылар менен келисим дүзген еди.
11
Руўханийлер Мухаддес бөлмеден шықты. Ол жердеги барлық руўханийлер қайсы топарға тийисли болыўына қарамастан, тазаланыў рәсиминен өткен еди.
12
Барлық лебийли сазенделер: Асаф, Ҳеман, Едутун, олардың уллары ҳәм ағайинлери ҳасыл зығырдан кийим кийип алған еди. Олар кимбал, арфа ҳәм лира шертип қурбанлық орынның шығыс жағында турған еди. Олардың жанында кәрнай шалатуғын бир жүз жигирма руўханий турды.
13
Кәрнайшылар менен қосықшылар биригип, бәлент даўыс пенен Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтып, Оны тәрийипледи. Кәрнай, кимбал ҳәм басқа саз әсбапларына қосылып қосықшылар: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңги даўам етеди!» – деп Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Сонда бир булт Жаратқан Ийениң Үйин толтырды.
14
Бул булт себепли руўханийлер хызметин даўам еттире алмады. Себеби Жаратқан Ийениң салтанаты Қудайдың Үйин толтырып турған еди.
← Chapter 4
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 6 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36