bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 8
2 Chronicles 8
Karakalpak 2022
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 9 →
1
Сулайман Жаратқан Ийениң Үйи менен өзиниң сарайын жигирма жылда питкерди.
2
Соның менен бирге Сулайман өзине Тир патшасы Хирам берген қалаларды да қайта қурып, оларға израиллыларды орналастырды.
3
Сулайман Хамат-Соба патшалығына жүрис қылып, оны да қолға киргизди.
4
Ол шөлдеги Тадмор қаласын ҳәм Хамат елиндеги барлық телеклери бар қалаларды қурып питкерди.
5
Жоқарғы ҳәм төменги Бейт-Хорон қалаларын қайта салып, дийўал менен қоршап, тәмбиленетуғын дәрўаза қурды.
6
Сондай-ақ, Баалат қаласын, өзине тийисли барлық телеклери бар қалаларды, барлық саўаш арбалары ҳәм атлары сақланатуғын қалаларды қайта қурып, беккемледи. Солай етип, Сулайман Ерусалимде, Лебанон таўларында ҳәм қол астындағы ҳәмме қалаларда қәлеген нәрселерин қурды.
7
Үлкеде Израил халқынан болмаған халықлар: хет, амор, периз, хиў ҳәм ебус халықлары қалып кеткен еди.
8
Израил халқы оларды толық жоқ қыла алмаған еди. Сулайман бул халықлардың урпақларын мәрдикарға алды. Бул ҳәзир де даўам етпекте.
9
Бирақ Сулайман Израил халқының биреўин де қара жумысқа салмады. Оларды өзине әскер, әскербасылар, арбалы әскерлердиң басшылары етип қойды.
10
Сулайман патшаның халықты басқарып турған еки жүз елиў қадағалаўшысы да израиллылардан еди.
11
Сулайман: «Ҳаялым Израил патшасы Даўыттың сарайында турмаўы керек. Себеби Жаратқан Ийениң Келисим сандығы турған жер – мухаддес», – деп, фараонның қызын Даўыттың қаласынан ол ушын салдырған сарайға көширди.
12
Сулайман Ибадатхананың айўанының алдына қурылған қурбанлық орында Жаратқан Ийеге арнап жандырылатуғын қурбанлықлар усынатуғын еди.
13
Ол бул қурбанлықларды Муўсаның ҳәр күн ушын белгилеп берген қағыйдасына муўапық, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында, жылдың үш байрамында: Ашытқысыз нан байрамы, Ҳәптелер байрамы ҳәм Қос байрамы күнлери усынатуғын еди.
14
Сулайман әкеси Даўыттың буйрығы бойынша, руўханийлерди топарлары бойынша хызметлерге қойды. Лебийлилерди болса алғыс-мақтаў айтыў ҳәм күнделикли ислерде руўханийлерге жәрдемлесиў хызметине қойды. Дәрўаза қараўылларын да топарлары бойынша дәрўазаларға бөлип қойды. Себеби Қудайдың адамы Даўыт усылай буйырған еди.
15
Патшаның руўханийлерге, лебийлилерге, сондай-ақ қазнаға байланыслы берген буйрықлары булжытпай орынланды.
16
Сулайман ислеўди қәлеген ислер, Жаратқан Ийениң Үйиниң негизин қойған күннен баслап, ол қурылып болынғанға дейинги ислер толық орынланды. Солай етип, Жаратқан Ийениң Үйи қурып болынды.
17
Патша Сулайман Эдом жеринде, теңиз жағасында жайласқан Эсион-Гебер ҳәм Элат қалаларына барды.
18
Патша Хирам Сулайманға теңизди жақсы билетуғын адамлары менен бирге кемелерин жиберди. Олар Сулайманның кемешилери менен бирге Офирге барып, ол жерден патша Сулайманға төрт жүз елиў талант алтын әкелип берди.
← Chapter 7
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 9 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36