bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 16
2 Chronicles 16
Karakalpak 2022
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 17 →
1
Яҳуда патшасы Асаның ҳүкимдарлығының отыз алтыншы жылында Израил патшасы Бааша Яҳудаға қарсы шықты ҳәм Асаның жерлерине ҳеш кимниң кирип-шықпаўы ушын, Рама қаласының бекинисин күшейтти.
2
Сонда Аса Жаратқан Ийениң Үйиндеги ҳәм сарай қазнасындағы гүмис пенен алтынды алды да, оларды хызметшилери арқалы Дамаскте жасайтуғын Арам патшасы Бен-Ҳададқа жиберип, оған былай деди:
3
«Әкелеримиз арасында болғаны сыяқлы, бизлердиң арамызда да келисим болсын. Сизге гүмис ҳәм алтын жиберип атырман. Израил патшасы Бааша мениң жеримнен кетиўи ушын, сиз оның менен дүзген келисимиңизди бузсаңыз».
4
Бен-Ҳадад патша Асаның усынысын қабыл етип, Израил қалаларына қарсы әскербасыларын жиберди. Олар Иййон, Дан, Абел-Майым қалаларын, пүткил Нафталий жериндеги барлық телеклери бар қалаларды басып алды.
5
Бааша буны еситкенде, Раманың бекинисиниң қурылысын тоқтатып, исти таслап кетти.
6
Патша Аса пүткил яҳудалыларды шақыртты. Олар Раманың бекинисин қурғанда, Бааша қолланған тас ҳәм ағашларды Рамадан тасып алып кетти ҳәм патша Аса олардан Геба ҳәм Миспа қалаларының бекинисин күшейтти.
7
Сол ўақытлары көзи ашық Хананий Яҳуда патшасы Асаға келип, былай деди: – Сиз Қудайыңыз Жаратқан Ийеге сүйенбей, Арам патшасына сүйендиңиз. Сол себепли Арам патшасының әскерлерин қолдан шығардыңыз.
8
Есиңизге түсириң, хабашстанлылар менен ливиялылар көп санлы саўаш арбалары ҳәм атлылары менен үлкен бир орда болып келмеп пе еди? Сонда сиз Жаратқан Ийеге сүйенгениңиз ушын, Ол оларды сизге тәслим еткен еди.
9
Жаратқан Ийе Өзине шын жүректен садық болғанларға күш-қуўат берип турыў ушын, пүткил жер жүзине нәзер салып турады. Сиз ақылсызларша ис туттыңыз, сол себепли буннан былай сизиң басыңыз урыстан шықпайды.
10
Аса көзи ашықтың бул сөзлерине ғәзепленди. Оның ғәзепленгени соншелли, көзи ашықты зинданға таслатты. Сол ўақытлары Аса халқының айырымларына қысым көрсетип, езди.
11
Асаның барлық ислери басынан аяғына шекем, Яҳуда ҳәм Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
12
Ҳүкимдарлығының отыз тоғызыншы жылында, Аса аяқ аўырыўына шалынды. Аўырыўы асқынлап атырған болса да, ол Жаратқан Ийеге жүз бурмай, тәўиплерден үмит етти.
13
Аса өз ҳүкимдарлығының қырық биринши жылы өлип, ата-бабаларына қосылды.
14
Оны ҳәр түрли хош ийисли затларға толтырылған табытқа жатқарып, Даўыттың қаласында өзи ушын ойдырған қәбирге қойды. Оның ҳүрметине үлкен от жақты.
← Chapter 15
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 17 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36