bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 31
2 Chronicles 31
Karakalpak 2022
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 32 →
1
Байрам толық тамам болғаннан кейин, оған қатнасқан израиллылардың барлығы Яҳуда қалаларына барып, кийели тасларды майдалап, кийели ағашларды кесип таслады. Олар пүткил Яҳуда, Бенямин, Эфрайым ҳәм Менашше жерлериндеги сыйыныў орынларын ҳәм қурбанлық орынларын бирде биреўин қалдырмай бузып таслады. Соңынан израиллылар өз қалаларына, өз ийеликлерине қайтты.
2
Хизкия руўханийлер менен лебийлилерди атқаратуғын ўазыйпаларына қарап, топарларға бөлди. Олардың айырымларына жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын усыныў, айырымларына Жаратқан Ийениң мәканының дәрўазаларында хызмет етиў, айырымларына тәрийиплеў ҳәм алғыс-мақтаў қосықларын айтыў тапсырылды.
3
Патша Жаратқан Ийениң нызамына муўапық, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамында ҳәм Жаратқан Ийениң Нызамында белгиленген байрамларда усынылатуғын жандырылатуғын қурбанлықлар ушын өз мал-мүлкинен маллар ажыратты.
4
Руўханийлер менен лебийлилердиң өзлерин Жаратқан Ийениң Нызамын орынлаўға бағышлаўы ушын, патша Ерусалимде жасайтуғын халыққа руўханийлер менен лебийлилерге тийисли болған пайларын берип турыўды буйырды.
5
Бул пәрман жәрияланыўдан-ақ, израиллылар бийдайдың, жаңа шараптың, зәйтүн майының, палдың, жерден өнген барлық өнимлердиң биринши зүрәәтинен сақыйлық пенен алып келе баслады. Сондай-ақ қолларында бар болғаннан мол етип оннан бирин берди.
6
Яҳуда қалаларында жасап атырған израиллылар менен яҳудалылар да өз сүриў ҳәм падаларынан оннан бирин берди, және Қудайы Жаратқан Ийеге арналған мухаддес затларынан да оннан бирин берип, оларды бир жерге жыйнап үйин-үйин қылды.
7
Олар бул исти үшинши айда баслап, жетинши айда тамамлады.
8
Патша Хизкия ҳәм оның ҳәмелдарлары келип, үйинлерди көргенде, Жаратқан Ийеге алғыс айтып, Оның халқы Израилға пәтиясын берди.
9
Хизкия руўханийлер менен лебийлилерден бул үйинлер ҳаққында сорағанда,
10
Садоқ тийресинен болған бас руўханий Азария жуўап берип: – Халық Жаратқан Ийениң Үйине садақаларын алып келе баслағаннан бери, тамағымыз тоқ, артып та қалмақта. Жаратқан Ийе Өз халқын жарылқағанлықтан, аўысығының өзи ағыл-тегил, – деди.
11
Сонда Хизкия Жаратқан Ийениң Үйине зат сақланатуғын бөлмелер қурыўды буйырды ҳәм олар қурылды.
12
Бул бөлмелерге барлық садақалар, барлық заттың оннан бири, бағышланған затлар садықлық пенен апарып қойылды. Бул ислердиң басында лебийли Кенания турды, ал иниси Шимей оның орынбасары болды.
13
Патша Хизкия ҳәм Қудайдың Үйиниң басқарыўшысы Азарияның тапсырмасы бойынша, Ехиел, Азазия, Нахат, Асаҳел, Еримот, Иозабад, Элиел, Исмахия, Махат ҳәм Беная Кенания менен оның иниси Шимейдиң қол астында бақлаўшылар хызметин атқара баслады.
14
Шығыс дәрўазаның қараўылы лебийли Имна улы Қоре Қудайға ықтыярлы түрде берилген садақаларға жуўапкер болып, ол Жаратқан Ийеге аталған сыйларды бағышлап, арнаўлы түрде берилген сыйларды бөлип бериў ўазыйпасын алып барды.
15
Эден, Минямин, Ешуа, Шемая, Амария ҳәм Шекания руўханийлер жасап атырған қалаларда руўханийлерге тийисли үлеслерин топарлары бойынша, үлкен-кишисине бирдей етип бөлип бериўде Қореге жәрдемлести.
16
Буннан тысқары, Жаратқан Ийениң Үйине кирип, өзиниң ўазыйпасы ҳәм топарына сай ондағы күнделикли жумысларды атқаратуғын үш жасқа толған ҳәм оннан жоқары болған, шежиреге киргизилген еркеклерге,
17
сондай-ақ, әўладлары бойынша шежиреге киргизилген руўханийлерге, жигирма ҳәм оннан жоқары жастағы лебийлилерге ўазыйпалары менен топарларына сай үлес бөлип берди.
18
Және де, руўханийлер менен лебийлилердиң шежиреге киргизилген нәрестелерине, ҳаялларына ҳәм ул-қызларына да үлес тийди. Себеби олар өзлерин садықлық пенен Қудайға бағышлаған еди.
19
Қалаларының әтирапындағы аўылларда жасап атырған Харон урпақларынан болған руўханийлерге келсек, олардан болған барлық еркеклерге ҳәм лебийлилердиң шежиресине кирген ҳәр бир адамға тийисли үлесин бериў ушын атлары аталып, айырым адамлар тайынланды.
20
Хизкия пүткил Яҳуда бойлап усылай ис алып барды. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде ийгиликли, туўры ҳәм ҳадал ислерди иследи.
21
Ол Қудайдың Үйиндеги хызметте ҳәм Нызам менен буйрықларға әмел қылыў ислеринде нелер ислеген болса да, Қудайына бойсынып, шын жүректен ҳәрекет етти. Нәтийжеде ол табысқа еристи.
← Chapter 30
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 32 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36