bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 36
2 Chronicles 36
Karakalpak 2022
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
1
Яҳуда халқы әкеси Иошияның орнына улы Еҳоахазды Ерусалимде патша етип қойды.
2
Еҳоахаз жигирма үш жасында патша болып, Ерусалимде үш ай патшалық етти.
3
Мысыр патшасы Нехо оны Ерусалимде тахттан түсирип, Яҳуда елине жүз талант гүмис ҳәм бир талант алтын салық салды.
4
Мысыр патшасы Нехо Яҳуда ҳәм Ерусалим тахтына Еҳоахаздың әжағасы Элякимди отырғызды ҳәм атын өзгертип, Еҳояким деп қойды. Ал Еҳоахазды болса, Мысырға алып кетти.
5
Еҳояким жигирма бес жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти. Ол Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
6
Бабилония патшасы Набуходоносор Еҳоякимге ҳүжим жасады ҳәм оны қола кисенлер менен кисенлеп, Бабилонға алып кетти.
7
Ол Жаратқан Ийениң Үйиндеги бир қанша буйымларды алып кетип, Бабилондағы өзиниң бутханасына қойды.
8
Еҳоякимниң басқа ислери, ол ислеген жеркенишли ислер ҳәм оның басына түскен барлық ислер ҳаққында Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған. Оның орнына улы Еҳоякин патша болды.
9
Еҳоякин сегиз жасында патша болып, Ерусалимде үш ай он күн патшалық етти. Ол да Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
10
Ерте бәҳәрде патша Набуходоносор адам жиберип, оны Бабилонға алдыртты. Келгенлер оның менен бирге Жаратқан Ийениң Үйиндеги қымбатбаҳа буйымларды да алып кетти. Еҳоякинниң орнына Еҳоякинниң әкесиниң иниси Седекияны Яҳуда ҳәм Ерусалимге патша етип қойды.
11
Седекия жигирма бир жасында патша болып, Ерусалимде он бир жыл патшалық етти.
12
Седекия да Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Жаратқан Ийениң сөзин хабарлаған Еремия пайғамбар алдында бойсыныўшылық билдирмеди.
13
Седекия Қудай ҳақы өзине ант иштирген патша Набуходоносорға қарсы бас көтерди. Ол қайсарлық пенен қасарысып, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурмады.
14
Буның үстине, руўханийлердиң ҳәм халықтың барлық басшылары да барған сайын басқа халықлардың жеркенишли ислерине еликлеп, опасызлық қылды ҳәм Жаратқан Ийе мухаддес қылған Ерусалимдеги Үйин де ҳарамлады.
15
Ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийе Өз халқы ҳәм Өз мәканына жаны ашып, Өз хабаршылары арқалы оларға қайта-қайта ескертти.
16
Бирақ олар Қудайдың хабаршыларын мазақ қылып, Оның сөзлерин писент етпеди ҳәм Оның пайғамбарларының үстинен күлди. Ақырында, Жаратқан Ийениң Өз халқына ғәзепленгени соншелли, енди қутқарылыўдың шарасы жоқ еди.
17
Қудай калдейлердиң патшасын оларға қарсы атландырды. Калдейлердиң патшасы олардың жасларын Мухаддес мәканда қылыштан өткерди, жасты да, қыз баланы да, ғаррыны да, ақ шашлыны да аямады. Жаратқан Ийе олардың ҳәммесин Набуходоносордың қолына берди.
18
Ол Қудайдың Үйиндеги үлкен-киши буйымлардың ҳәммесин, Жаратқан Ийениң Үйиниң қазналарын, патшаның ҳәм оның ўәзирлериниң қазналарын Бабилонға алып кетти.
19
Ол Қудайдың Үйине от қойды, Ерусалимниң дийўалын қулатты, ондағы барлық әҳмийетли имаратларды жағып жиберип, ондағы қымбатбаҳа нәрселердиң ҳәммесин жоқ қылды.
20
Ал қылыштан аман қалғанларды болса, Бабилонға сүргин қылды. Олар Персия патшалығы күшейгенге шекем, Бабилония патшасының ҳәм оның улларының қуллары болды.
21
Солай етип, Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан мына сөзлери орынланды: «Жер жетпис жыл бос қалып, Шаббат дем алысларын өтемегенше дем алады».
22
Персия патшасы Кирдиң патшалығының биринши жылында Жаратқан Ийе Өзиниң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзин әмелге асырыў ушын, Персия патшасы Кирдиң жүрегине түртки салды. Сонда патша Кир мынадай пәрман шығарып, оны пүткил патшалығы бойлап жәриялаўды ҳәм жазба түрде таратыўды буйырды:
23
«Персия патшасы Кир былай дейди: „Аспанның Қудайы Жаратқан Ийе жер жүзиндеги барлық патшалықларды маған берди ҳәм Яҳуданың Ерусалим қаласына Өзи ушын бир Үй қурыўды маған тапсырды. Араңыздағы Оның халқынан болған ҳәр бир адам Ерусалимге барсын. Қудайы Жаратқан Ийе оған яр болсын!“»
← Chapter 35
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36