bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 10
2 Chronicles 10
Karakalpak 2022
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 11 →
1
Рехабам Шехемге кетти. Өйткени пүткил израиллылар Рехабамды патша етип қойыў ушын Шехемге топланған еди.
2
Патша Сулайманнан қашып, Мысырда жасап атырған Набат улы Яробам буны еситкенде, Мысырдан қайтты.
3
Израиллылар Яробамды шақыртты. Яробам пүткил израиллылар менен бирге Рехабамға келип:
4
– Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди. Сиз әкеңиз жүклеген аўыр жүкти ҳәм ол салған мойынтырықты жеңиллетиң. Сонда сизге хызмет етемиз, – деди.
5
Рехабам оларға: – Үш күннен кейин қайтып келиңлер, – деди. Халық тарап кетти.
6
Патша Рехабам әкеси Сулайманның көзиниң тирисинде оған хызмет еткен ақсақаллар менен ойласып: – Мына халыққа не деп жуўап берейин, қандай мәсләҳәт бересизлер? – деп сорады.
7
Ақсақаллар оған: – Егер сиз бул халыққа жыллы шырай көрсетип, кеўлин алып, жақсы сөзиңизди аямасаңыз, олар сизге бир өмир қул болады, – деп жуўап берди.
8
Деген менен, Рехабам ақсақаллардың мәсләҳәтине қулақ аспай, өзи менен бирге өскен жас хызметшилери менен кеңесип,
9
олардан: – «Әкеңиздиң бизлерге салған мойынтырығын жеңиллетсеңиз», – деп атырған бул халыққа не деп жуўап берсем екен? Сизлер қандай мәсләҳәт бересиз? – деп сорады.
10
Сонда өзи менен бирге өскен жас жигитлер оған былай деп жуўап берди: – Сизге: «Әкеңиз мойнымызға аўыр мойынтырық салған еди, сиз оны жеңиллетсеңиз», – деп атырған халыққа: «Мениң шунатай бармағым әкемниң белинен де жуўанырақ.
11
Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен мойынтырығыңызды оннан да аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман», – деп айтың.
12
Патшаның: «Үш күннен кейин қайтып келиңлер», – деген сөзи бойынша, үшинши күни Яробам ҳәм пүткил халық Рехабамға келди.
13
Патша ақсақаллардың кеңесине қулақ аспай, оларға қатал жуўап берди.
14
Ол жас жигитлердиң мәсләҳәти бойынша халыққа: – Әкем сизлерге аўыр мойынтырық салған болса, мен оны және де аўырлатаман. Әкем сизлерди қамшы менен жазалаған болса, мен сизлерди сым қосып өрилген қамшы менен жазалайман, – деди.
15
Патша халыққа қулақ салмады. Себеби Жаратқан Ийениң шилолы Ахия арқалы Набат улы Яробамға айтқан сөзлери орынланыўы ушын Қудай усылай иследи.
16
Пүткил израиллылар патшаның өзлерине қулақ салмағанын көргенде, патшаға былай деп жуўап берди: «Даўыт пенен бизиң не байланысымыз бар, Ишайдың улында алатуғын үлесимиз де жоқ. Ҳәй, Израил халқы, үйлериңизге қайтыңлар! Ҳәй Даўыт, өз үйиң өзиңе ардана болсын!» Усыларды айтып, израиллылар ҳәммеси өз үйлерине қайтып кетти.
17
Бирақ Рехабам Яҳуда қалаларында жасайтуғын израиллыларға патшалық етиўин даўам етти.
18
Патша Рехабам мәрдикарға алынғанлар үстинен қадағалаўшы Ҳадорамды Израил халқына жиберди. Халық оны тас боран қылып өлтирди. Сонда патша Рехабам тез саўаш арбасына минди де, Ерусалимге қашып кетти.
19
Сол күннен баслап ҳәзирге дейин, Израил халқы Даўыттың урпағына қарсы көтерилип келмекте.
← Chapter 9
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 11 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36