bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 33
2 Chronicles 33
Karakalpak 2022
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 34 →
1
Менашше он еки жасында патша болды ҳәм Ерусалимде елиў бес жыл патшалық етти.
2
Ол Жаратқан Ийе Израил халқының алдынан қуўып жиберген халықлардың жеркенишли жаман ислерине еликлеп, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи.
3
Әкеси Хизкия қыйратып таслаған сыйыныў орынларын қайта тикледи, Баалларға арнап қурбанлық орынлар қурды, кийели ағашларды орнатты ҳәм пүткил аспан денелерине табынып, оларға хызмет етти.
4
Менашше Жаратқан Ийениң Үйине, яғный Жаратқан Ийениң: «Атым мәңгиге Ерусалимде болады», – деген Үйине басқа қудайларға арнап, қурбанлық орынлар қурдырды.
5
Ол Жаратқан Ийениң Үйиниң еки ҳәўлисине де барлық аспан денелерине арнап қурбанлық орынлар қурды.
6
Ол Бен-Ҳинном ойпатлығында өз улын отта жандырып қурбанлыққа берди, пал ашты, белгилерди жорыды, дуўаханлық қылды, әрўақ ҳәм руўхларды шақырыўшыларға мәсләҳәт салды. Ол Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди көп ислеп, Оны ғәзеплендирди.
7
Менашше өзи ислеткен ойма бутты Қудайдың Үйине қойды. Қудай Даўытқа ҳәм оның улы Сулайманға: «Бул Үйде ҳәм Израил урыўлары арасынан таңлап алған қалам Ерусалимде атымды мәңгиге орнатаман.
8
Егер олар Муўса арқалы берген барлық Нызам, қағыйда ҳәм пәрманларыма байланыслы буйрықларымды муқыятлы түрде орынлап жасаса, онда Израил халқын өзлериниң ата-бабаларына белгилеп берген жерден қайтадан қуўып шығармайман», – деген еди.
9
Бирақ Менашше Яҳуда халқын ҳәм Ерусалим турғынларын жолдан азғырғаны соншелли, Израил халқы өзиниң алдынан Жаратқан Ийе жоқ қылған халықларынан да көбирек жаманлықлар иследи.
10
Жаратқан Ийе Менашшеге ҳәм оның халқына ескертсе де, олар қулақ салмады.
11
Сонлықтан Жаратқан Ийе оларға Ассирия патшасының әскербасыларын жиберди. Олар Менашшени тутқынға алды, мурнына ҳалқа өткерип, қола кисен менен кисенледи ҳәм оны Бабилонға алып кетти.
12
Ол азап шегип атырып, Қудайы Жаратқан Ийеге жалбарынды ҳәм ата-бабаларының Қудайы алдында шын жүректен бас ийди.
13
Ол дуўа етти, Жаратқан Ийе де оның дуўасын қабыл етип, жалбарыныўын еситти. Оны және Ерусалимге, өз тахтына қайтарды. Сонда Менашше Жаратқан Ийениң ҳақыйқаттан да Қудай екенин билди.
14
Буннан кейин, Менашше Даўыттың қаласының сыртқы дийўалын бурынғыдан да бийик етип қайта қурды. Бул дийўал ойпатлықтағы Гихон булағының батысынан Офел төбесин айнала өтип, Балық дәрўазасының киреберисине шекем созылды. Патша Яҳуданың қорғанлы қалаларының ҳәммесине әскербасылар тайынлады.
15
Менашше Жаратқан Ийениң Үйинен басқа жерлердиң қудайларының мүсинлерин, өзи қойдырған бутларды, Жаратқан Ийениң Үйи жайласқан таўдағы ҳәм Ерусалимдеги барлық қурбанлық орынларды алдырып, оларды қаладан шығарып таслады.
16
Ол Жаратқан Ийениң қурбанлық орнын қайта тиклеп, онда татыўлық ҳәм миннетдаршылық қурбанлықларын усынды ҳәм Яҳуда халқына Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге хызмет етиўди буйырды.
17
Деген менен, халық сыйыныў орынларында қурбанлық бериўин даўам етти. Бирақ олар берген қурбанлықларын Қудайы Жаратқан Ийеге арнайтуғын еди.
18
Менашшениң басқа ислери, Қудайына арналған дуўасы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атынан оған айтылған ўәлийдиң сөзлери Израил патшаларының жылнама китабында жазылған.
19
Оның дуўасы, Қудайдың оған реҳим етиўи, барлық гүналары, опасызлығы, ол өзи бойсынғанға шекем қурғызған сыйыныў орынлары, кийели ағашлары ҳәм бутлары ҳаққында барлығы Көзи ашықлардың китабында жазылған.
20
Менашше өлип, ата-бабаларына қосылғанда, өз сарайына жерленди. Оның орнына улы Амон патша болды.
21
Амон жигирма еки жасында патша болып, Ерусалимде еки жыл патшалық етти.
22
Амон да әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси соқтырған барлық бутларға қурбанлық берип, оларға хызмет етти.
23
Амон әкеси Менашшеге уқсап, Жаратқан Ийеге қайта жүз бурмады, керисинше, гүна ислеўди арттыра берди.
24
Амонның хызметшилери оған қарсы тил бириктирип, оны өз сарайында өлтирди.
25
Бирақ үлке халқы патша Амонға қарсы тил бириктиргенлердиң ҳәммесин өлтирди ҳәм оның орнына улы Иошияны патша етип қойды.
← Chapter 32
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 34 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36