bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 2
2 Chronicles 2
Karakalpak 2022
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 3 →
1
Сулайман Жаратқан Ийеге арнап Үй ҳәм өзи ушын бир сарай қурыўды буйырды.
2
Ол жүк тасыў ушын жетпис мың, таўларда тас кесиў ушын сексен мың ҳәм оларды қадағалаў ушын үш мың алты жүз адам белгиледи.
3
Сулайман Тир патшасы Хирамға былай деп айтыў ушын адамларын жиберди: «Әкем Даўыт өзи жасаў ушын сарай салдырғанда жиберген кедр бөренелеринен маған да жиберсеңиз.
4
Ҳәзир мен Қудайым Жаратқан Ийеге арнап Үй қурып, Үйди Оған бағышламақшыман. Сол жерде Оның алдында хош ийисли түтеткилер түтетилип, ҳәрдайым усынылған нанлар турыўы керек. Және де, ҳәр күни азанда ҳәм кеште, Шаббат күнлери, Жаңа ай байрамларында ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийе белгилеген байрамларда жандырылатуғын қурбанлықлар усынылыўы тийис. Бул рәсимлер Израил ушын мәңги қағыйда болады.
5
Қудайымыз басқа барлық қудайлардан уллы болғанлығы себепли, Мен қуратуғын Үй де аса уллы болады.
6
Бирақ көклер, ҳәтте, көклердиң көклери Оны сыйғыза алмағанда, Оған арнап Үй қурыўға кимниң шамасы жетеди? Оған арнап Үй қуратуғындай, мен ким болыппан? Тек Оның алдында қурбанлықларды өртеп усыныў ушын бир орын қурмақшыман.
7
Сол себепли маған алтын, гүмис, қола ҳәм темирден зат ислеўде, шым қызыл, қырмызы ҳәм қызғыш көк реңли жиплерден зат тоқыўда ҳәм оймашылықта шебер уста болған бир адам жиберсеңиз. Ол әкем Даўыт жетистирген шебер усталар менен бирге Яҳудада ҳәм Ерусалимде жумыс ислесин.
8
Маған Лебанон таўларынан кедр, сәрўи ҳәм сапалы арша ағашларын да жиберсеңиз. Себеби адамларыңыздың Лебанондағы ағашларды кесиўге уқыплы екенин билемен. Мениң адамларым сизиң адамларыңыз бенен бирге ислейди.
9
Олар маған жүдә көп муғдарда ағаш кесип берсин. Өйткени мен қуратуғын Үй зәўлим ҳәм салтанатлы болыўы керек.
10
Мен ағашларды кесетуғын адамларыңызға жигирма мың кор женшилген бийдай, жигирма мың кор арпа, жигирма мың бат шарап ҳәм жигирма мың бат зәйтүн майын жиберемен».
11
Тир патшасы Хирам Сулайманға хат арқалы былай деп жуўап берди: «Жаратқан Ийе Өз халқын сүйгенликтен, сизди патша етип қойды».
12
Хирам хатын былай даўам етти: «Аспан ҳәм жерди жаратқан Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол патша Даўытқа Жаратқан Ийе ушын Үй, өзи ушын сарай салатуғын дана, ақыллы ҳәм парасатлы ул инам етипти.
13
Сизге Хурам-Абий деген ақыллы ҳәм шебер бир адамды жиберемен.
14
Оның анасы Дан урыўынан, ал әкеси тирли. Хурам-Абий алтын, гүмис, қола, темир, тас ҳәм ағаш пенен, шым қызыл, қызғыш көк ҳәм қырмызы реңли жиплер, және ҳасыл зығыр менен жумыс ислей алады. Ол оймашылықтың ҳәмме түрлерине уста болып, қәлеген буйыртпаңызды орынлай алады. Ол сизиң шеберлериңиз ҳәм әкеңиз мырзам Даўыттың шеберлери менен ислейди.
15
Енди мырзам, өзиңиз айтқан бийдай, арпа, зәйтүн майы ҳәм шарапты қулларыңызға жиберсеңиз.
16
Бизлер де Лебанон тоғайларынан сизге керекли ағашларды кесип, бир-бирине байлап сал соғып, теңиз арқалы Яфоға жеткерип беремиз. Сиз ағашларды сол жерден Ерусалимге алып кетерсиз».
17
Әкеси Даўыт жүргизген сол санақтан кейин, Сулайман да Израилда жасайтуғын барлық шет еллилердиң есабын алды. Олардың саны бир жүз елиў үш мың алты жүз болды.
18
Олардың жетпис мыңын жүк тасыўшы, сексен мыңын таўларда тас кесиўши, ал үш мың алты жүзин жумысшылар үстинен қадағалаўшы етип белгиледи.
← Chapter 1
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 3 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36