bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 7
2 Chronicles 7
Karakalpak 2022
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 8 →
1
Сулайман дуўа етип болыўдан-ақ, аспаннан от түсип, жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықларды жалмап кетти. Жаратқан Ийениң салтанаты Үйди толтырды.
2
Жаратқан Ийениң салтанатының Өз Үйин толтырғаны соншелли, руўханийлер Үйге кире алмады.
3
Пүткил Израил халқы аспаннан түскен отты ҳәм Үй үстиндеги Жаратқан Ийениң салтанатын көргенде, тас төселген алаңда ет бетинен жерге жығылып, тәжим етти ҳәм: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп тәрийипледи.
4
Соңынан патша ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
5
Патша Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлыққа шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил халық Қудайдың Үйин бағышлады.
6
Руўханийлер өз хызмет орынларын ийеледи. Лебийлилер де Жаратқан Ийени тәрийиплеў ушын патша Даўыт соқтырған саз әсбапларын қолларына алып турды. Даўыттың өзи де: «Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп тәрийиплегенде, усы әсбаплардан пайдаланған еди. Лебийлилердиң қарсысында турған руўханийлер кәрнайларын шалды, пүткил Израил халқы тик аяқта турған еди.
7
Сулайман Жаратқан Ийениң Үйиниң алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени өзи қоладан ислеткен қурбанлық орынға жандырылатуғын қурбанлықлар менен ғәлле садақалары ҳәм де татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
8
Сол ўақытта Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерде жасайтуғын пүткил Израил халқы Қос байрамын жети күн нышанлады.
9
Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс өткерди. Олар жети күн даўамында қурбанлық орынды бағышлаў рәсиминен өткергеннен кейин, жети күн байрамды нышанлаған еди.
10
Жетинши айдың жигирма үшинши күни Сулайман халықты үйлерине қайтарды. Жаратқан Ийениң Даўытқа, Сулайманға ҳәм Өз халқы Израилға ислеген жақсылықларына қуўанып, олардың жүреклери толып тасты.
11
Сулайман Жаратқан Ийениң Үйин ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин табыслы тамамлағаннан соң,
12
түнде Жаратқан Ийе оған және көринип, былай деди: – Мен сениң дуўаларыңды еситтим ҳәм бул жерди Өзиме қурбанлық шалынатуғын Үй қылып таңладым.
13
Егер Мен жаўын жаўмасын деп аспанды жаўып тасласам, яки шегирткелерге жер бетиндегилерди жеп таслаўды буйырсам, яки халқыма иллет жиберсем,
14
сонда Мениң атым менен аталатуғын халқым Маған бойсынып, дуўа етсе, Маған жүз бурып, жаман жолларынан қайтса, онда Мен аспаннан оларға қулақ саламан. Олардың гүналарын кеширип, жерлерин шыпалайман.
15
Буннан былай, усы жерде қылынатуғын дуўаларға нәзеримди саламан, қулақларым түриўли болады.
16
Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, усы Үйди таңлап алып, мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
17
Саған келсек, Мениң алдымда әкең Даўытқа уқсап жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң,
18
онда: «Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди», – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, патшалық тахтыңды мәңгиге туратуғын қыламан.
19
Бирақ егер сизлер жолымнан тайып, берген қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз,
20
онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Үйди тәрк етип, оны пүткил халықлар арасында әпсанаға айландырып, масқара қыламан.
21
Сонда ҳәзир зәўлим болып турған мына Үйдиң жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: «Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Үйди не ушын бул аўҳалға салды екен?» – деп сорайтуғын болады.
22
Кейин олар: «Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти», – дейди.
← Chapter 6
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 8 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36