bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 35
2 Chronicles 35
Karakalpak 2022
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 36 →
1
Иошия Ерусалимде Жаратқан Ийениң ҳүрметине Қутқарылыў байрамын нышанлады. Биринши айдың он төртинши күни қурбанлық шалынды.
2
Иошия руўханийлерди өз хызметлерине қойып, Жаратқан Ийениң Үйиндеги хызметин орынлаў ушын, оларды жигерлендирди.
3
Ол пүткил Израил халқына тәлим берип келген, Жаратқан Ийеге бағышланған лебийлилерге былай деди: – Мухаддес сандықты Израил патшасы Даўыттың улы Сулайман қурдырған Үйге қойыңлар. Оны буннан былай ийинлериңизде көтерип жүриўдиң ҳәжети жоқ. Енди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге ҳәм Оның халқы Израилға хызмет етиңлер!
4
Израил патшасы Даўыттың ҳәм оның улы Сулайманның көрсетпелерине муўапық, әўладыңыз ҳәм топарларыңыз бойынша хызметке таярланыңлар.
5
Мухаддес орында туўысқанларыңыз болған халықтың ҳәр бир әўладына лебийлилердиң бир тобы хызмет етиўге таяр турсын.
6
Қурбанлық сойып, өзлериңизди пәклеңлер ҳәм Жаратқан Ийениң Муўса арқалы буйырғанындай, оларды туўысқанларыңыз ушын тайынлаңлар.
7
Иошия сол жердеги халыққа Қутқарылыў қурбанлығы ушын, майда малдан отыз мың бас тоқлы ҳәм ылақ, ири малдан үш мың бас буға сыйлады. Булардың ҳәммеси патшаның жеке мүлкинен берилген еди.
8
Патшаның ўәзирлери де ықтыярлы түрде халыққа, руўханийлерге ҳәм лебийлилерге қурбанлықлар сыйлады. Қудайдың Үйиниң басқарыўшылары Хилкия, Зехария ҳәм Ехиел де байрамға арнап, руўханийлерге Қутқарылыў қурбанлығы ушын еки мың алты жүз майда мал ҳәм үш жүз ири мал берди.
9
Сондай-ақ, Кенания ҳәм оның туўысқанлары Шемая менен Нетанел, және де лебийлилердиң көсемлери Хашабия, Еиел ҳәм Иозабад байрамда Қутқарылыў қурбанлығына шалыў ушын лебийлилерге бес мың бас майда мал ҳәм бес жүз бас ири мал берди.
10
Хызмет ушын ҳәммеси таяр болғанда, патша буйырғанындай, руўханийлер өз орынларында, ал лебийлилер өз топарлары менен таяр турды.
11
Қурбанлықлар сойылып, руўханийлер өзлерине берилген қанды қурбанлық орынға септи. Лебийлилер малларды териден айырды.
12
Олар Муўсаның китабында жазылғанларға муўапық, Жаратқан Ийеге усыныўы ушын, қурбанлыққа жандырылатуғын малларды халықтың ҳәр бир әўладына бөлип берди. Ири малларды да солай иследи.
13
Қағыйда бойынша, Қутқарылыў байрамының қурбанлығын отта қуўырды, мухаддес қурбанлықларды ҳәр түрли қазанларда асып, пүткил халыққа асығыс үлестирди.
14
Кейин лебийлилер өзлери ҳәм руўханийлер ушын аўқат таярлады. Себеби Харонның урпақларынан болған руўханийлер қас қарайғанша жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм малдың майын өртеў менен бәнт еди. Сонлықтан лебийлилер өзлери ҳәм Харонның урпақларынан болған руўханийлер ушын аўқатты кейин таярлады.
15
Асаф урпағынан болған қосықшылар Даўыт, Асаф, Ҳеман ҳәм патшаның ўәлийи Едутунның буйрығы бойынша белгиленген орынларында турды. Дәрўазалардағы дәрўаза қараўылларына өз орынларын таслап кетиўдиң ҳәжети болмады, себеби олардың туўысқанлары болған лебийлилер олар ушын ҳәммесин таяр қылды.
16
Солай етип, сол күни патша Иошияның буйрығына муўапық, Қутқарылыў байрамын өткериў ҳәм Жаратқан Ийениң қурбанлық орнында жандырылатуғын қурбанлықлар бериўге байланыслы Жаратқан Ийеге арналған ҳәмме хызметлер орынланды.
17
Сол күни сол жерде болған барлық израиллылар Қутқарылыў байрамын нышанлады ҳәм оған қоса, жети күн бойы Ашытқысыз нан байрамын байрамлады.
18
Пайғамбар Самуелдиң күнлеринен бери, Израилда Қутқарылыў байрамы бундай етип нышанланбаған еди. Израил патшаларының ҳеш бири де Иошияның нышанлағаны сыяқлы, руўханийлер, лебийлилер, пүткил Яҳуда халқы, сол жердеги израиллылар ҳәм Ерусалим турғынлары менен бирге Қутқарылыў байрамын байрамламаған еди.
19
Усы Қутқарылыў байрамы Иошияның патшалығының он сегизинши жылында болып өтти.
20
Бул ўақыялардан соң, Иошия Қудайдың Үйин тәртипке келтирип болғанда, Мысыр патшасы Нехо урысыў ушын Евфрат дәрьясы бойындағы Каркемиш қаласына келди. Патша Иошия да Нехоға қарсы жүрис қылды.
21
Бирақ Нехо Иошияға елшилери арқалы мына хабарды жиберди: «Ҳәй, Яҳуда патшасы! Мениң менен не жумысың бар? Бүгин саған қарсы емес, ал өзим менен урысатуғын патшалыққа қарсы урысқа шықтым. Қудай маған асығыўды буйырды, Ол мен тәрепте. Сонлықтан Оған қарсы шықпа, болмаса набыт боласаң».
22
Бирақ Иошия Нехо менен урысыўдан ўаз кешпей, кийимлерин өзгертти. Қудайдың Нехо арқалы айтқан сөзлерине де қулақ салмай, Мегиддо ойпатлығында Нехо менен урысқа киристи.
23
Сол жерде садақшылардың оғы патша Иошияға тийип, ол хызметшилерине: – Мени алып кетиңлер, мен аўыр жарақатландым, – деди.
24
Хызметшилери Иошияны арбасынан алды да, басқа арбаға мингизип, Ерусалимге алып келди ҳәм ол сол жерде қайтыс болды. Оны ата-бабаларының қәбирине жерледи. Пүткил Яҳуда ҳәм Ерусалим халқы ол ушын жоқлаў айтып жылады.
25
Еремия пайғамбар Иошияға арнап жоқлаў жырын шығарды. Усы күнге дейин қосықшылар Иошияны жоқлаў жырлары арқалы еске алады. Бул жоқлаўлар Израилда дәстүрге айланып, олар Жоқлаўлар китабына киргизилген.
26
Иошияның басқа ислери, Жаратқан Ийениң Нызамында жазылғанларға сай алып барған ийгиликли ислери,
27
ҳәмме ўақыялар басынан аяғына шекем Израил ҳәм Яҳуда патшаларының жылнама китабында жазылған.
← Chapter 34
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 36 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36