bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 11
2 Chronicles 11
Karakalpak 2022
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 12 →
1
Рехабам Ерусалимге барды да, Израил менен урысып, өз патшалығын қайтарып алыў ушын, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўынан бир жүз сексен мың ағла жаўынгерди әскерликке топлады.
2
Бирақ сол арада Қудайдың адамы болған Шемаяға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
3
– Яҳуда патшасы Сулайманның улы Рехабамға, Яҳуда ҳәм Бенямин жериндеги барлық израиллыларға былай деп айт:
4
«Жаратқан Ийе былай дейди: Өз туўысқанларыңызға қарсы урыс ашып, урысты басламаңлар. Ҳәр бириңиз өз үйиңизге қайтыңлар. Өйткени бул ислерди ислеп атырған Мен боламан». Жаратқан Ийениң бул сөзлерин еситкен халық Яробамға қарсы урысыўдан ўаз кешип, изине қайтты.
5
Рехабам Ерусалимде жасады ҳәм қорғаныў ушын Яҳудадағы мына қалаларды дийўаллар менен қоршады:
6
Бейтлеҳем, Этам, Теқоа,
7
Бейт-Сур, Сохо, Адуллам,
8
Гат, Мареша, Зиф,
9
Адорайым, Лахиш, Азеқа,
10
Сора, Айялон ҳәм Хеброн. Булар Яҳуда ҳәм Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалалар еди.
11
Рехабам усы қалалардың бекинислерин күшейтип, бекинислерге әскербасылар қойды ҳәм оларда азық-аўқат, зәйтүн майы ҳәм шарап сақланатуғын орынлар қурды.
12
Ҳәр бир қаланы үлкен қалқан ҳәм найзалар менен тәмийинлеп, қорғаныўды беккемледи. Солай етип, Яҳуда ҳәм Бенямин урыўлары Рехабамның қол астында қалды.
13
Израилдың барлық аймақларындағы руўханийлер менен лебийлилер Рехабамның қасына топланды.
14
Лебийлилер, ҳәтте, өз жайлаўлары менен мал-мүликлерин таслап, Яҳуда ҳәм Ерусалимге көшип келди. Себеби Яробам менен оның уллары оларды руўханий болып, Жаратқан Ийеге хызмет етиўден шетлеткен еди.
15
Яробам теке ҳәм тана мүсинлерин ислетип сыйыныў орынларына қойды ҳәм ол жерлерге хызмет етиў ушын өз руўханийлерин тайынлады.
16
Израилдың барлық урыўларындағы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге шын жүректен умтылғанлар өзлериниң ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге қурбанлық бериў ушын, руўханийлер менен лебийлилерге ерип, Ерусалимге келди.
17
Олар Яҳуда патшалығын беккемледи ҳәм үш жыл даўамында Даўыт пенен Сулайманның жолы менен жүрип, Сулайманның улы Рехабамды қоллап қуўатлады.
18
Рехабам Даўыттың улы Еримоттың қызы Махалатқа үйленди. Оның анасы Ишайдың улы Элиабтың қызы Абиҳайыл еди.
19
Махалат Рехабамға Еуш, Шемария ҳәм Заҳам деген улларды туўып берди.
20
Махалаттан соң Рехабам Абшаломның қызы Маахаға үйленди. Ол Рехабамға Абия, Аттай, Зиза ҳәм Шеломитти туўып берди.
21
Рехабам басқа ҳаяллары ҳәм тоқалларына қарағанда, Абшаломның қызы Мааханы көбирек жақсы көрди. Рехабамның он сегиз ҳаялы ҳәм алпыс тоқалы болып, олардан жигирма сегиз ул ҳәм алпыс қызы бар еди.
22
Рехабам Маахадан туўылған улы Абияны өз тахтының мийрасхоры қылмақшы болып, басқа туўысқанларына басшы етип қойды.
23
Рехабам ақыллылық пенен ис тутып, басқа улларының ҳәммесин Яҳуда менен Бенямин жерлериндеги қорғанлы қалаларға бөлип жиберди. Оларды керек-жарағы менен молдан тәмийинлеп, бир қанша ҳаяллар алып берди.
← Chapter 10
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 12 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36