bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 4
2 Chronicles 4
Karakalpak 2022
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 5 →
1
Сулайман қоладан қурбанлық орын да ислетти. Оның узынлығы жигирма шығанақ, ени жигирма шығанақ, бийиклиги он шығанақ еди.
2
Кейин қоланы еритип, үлкен ҳәўиз қуйдырды. Оның бир ернегинен екинши ернегине шекемги аралығы он шығанақ, бийиклиги бес шығанақ, айлана узынлығы отыз шығанақ еди.
3
Ҳәўиз қуйылған ўақытта, оның ернегиниң астына еки қатар етип буғалардың көринислери қосып қуйылған болып, олар ҳәр бир шығанаққа он-оннан туўры келетуғын еди.
4
Ҳәўиз он еки қуйма буғаның үстине орнатылған болып, олардың үшеўи арқаға, үшеўи батысқа, үшеўи қублаға, үшеўи шығысқа қарап турған еди. Буғалардың артқы жағы ҳәўиздиң астында, иште еди.
5
Ҳәўиздиң қалыңлығы төрт ели болып, ернеги кесениң ернегине, ашылып турған лала гүлге уқсайтуғын еди. Оған үш мың бат суў сыятуғын еди.
6
Сулайман он ләген ислетип, оның бесеўин қубла тәрепке, бесеўин арқа тәрепке қойды. Буларда жандырылатуғын қурбанлықлар жуўылатуғын еди. Ал ҳәўизде руўханийлер жуўынатуғын еди.
7
Сулайман берилген көрсетпелер бойынша он алтын шыра қойғыш ислетип, олардың бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды.
8
Кейин ол он стол соқтырып, оның бесеўин Ибадатхананың ишине оң тәрепке, бесеўин шеп тәрепке қойды. Және алтыннан жүз дана қан себетуғын табақ та ислетти.
9
Ол руўханийлер ушын ҳәўли ҳәм үлкен ҳәўли қурдырып, ҳәўлилер ушын қапылар ислетти ҳәм қапыларды қола менен қаплатты.
10
Ҳәўизди Ибадатхананың қубла-шығыс тәрепине қойдырды.
11
Буннан кейин Хурам күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер ҳәм қан себетуғын табақлар соқты. Солай етип, Хурам патша Сулайманның тапсырмасы бойынша Қудайдың Үйи ушын ислеп атырған мына ислерин тамамлады:
12
еки өре, өрелердиң төбесине қойылатуғын еки төбелик, өрелердиң төбелигин орап турған еки тор,
13
өрениң төбелигин жаўып турыў ушын арналған ҳәр бир тордағы еки қатар анар, яғный еки тордағы төрт жүз анар,
14
түбелдириклер ҳәм түбелдирик үстине ләгенлер,
15
ҳәўиз ҳәм ҳәўиздиң астындағы он еки буға,
16
күл салынатуғын ыдыслар, күл алатуғын белшелер, шанышқылар. Хурам-Абийдиң Жаратқан Ийениң Үйи ушын патша Сулайманға ислеп берген ҳәмме буйымлары жылтыратылған қоладан исленди.
17
Патша буларды Иордан тегислигинде, Суккот пенен Середа арасындағы саз ылайлы жерлерде қуйдырды.
18
Сулайман ислеткен буйымлар соншелли көп болғанлықтан, олар ушын кеткен қоланың өлшеми анықланбады.
19
Сулайман Қудайдың Үйи ушын төмендеги затларды ислетти: алтыннан исленген түтетки түтетилетуғын орын, үстинде усынылған нанлар туратуғын столлар,
20
қағыйдаға муўапық, төрги бөлмеге кирер аўызда жанып турыўы ушын, сап алтыннан шыра қойғышлар ҳәм олардың шыралары,
21
сапалы алтыннан исленген гүллер, шыралар ҳәм пилик тазалайтуғын қысқышлар,
22
сап алтыннан пилик кескишлер, қан себетуғын табақлар, лаўабы кеселер, шоқ салынатуғын ыдыслар. Ибадатхананың Ең мухаддес бөлмесиниң ҳәм үлкен бөлмениң қапылары да алтыннан исленди.
← Chapter 3
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 5 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36