bible
ra
🌐 Language
English
Español
Français
Deutsch
Português
Italiano
Nederlands
Русский
中文
日本語
한국어
العربية
Türkçe
Tiếng Việt
ไทย
Indonesia
All Languages
Home
/
Karakalpak
/
Karakalpak 2022
/
2 Chronicles 14
2 Chronicles 14
Karakalpak 2022
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 15 →
1
Абия өлип, ата-бабаларына қосылғанда, Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Аса патша болды. Асаның дәўиринде елде он жыл тынышлық болды.
2
Аса Қудайы Жаратқан Ийениң нәзеринде жақсы ҳәм дурыс болған ислерди иследи.
3
Ол жат қудайлардың қурбанлық орынлары менен сыйыныў орынларын алып таслап, кийели тасларды ҳәм кийели ағашларды бузып таслады.
4
Ол яҳудийлерге ата-бабаларының Қудайы Жаратқан Ийеге жүз бурып, Оның нызам ҳәм буйрықларын орынлаўды буйырды.
5
Ол Яҳуданың барлық қалаларындағы сыйыныў орынларын ҳәм түтетки түтетилетуғын орынларды алып таслады. Оның дәўиринде патшалық парахатшылықта жасады.
6
Елде тынышлық ҳүким сүрген ўақытта, Аса Яҳудада қорғанлы қалалар қурды. Сол жыллары оның менен ҳеш ким урыспады, себеби Жаратқан Ийе оған тынышлық сыйлаған еди.
7
Аса Яҳуда халқына былай деген еди: «Мына қалаларды салып, әтирапын дийўаллар менен қоршайық. Оларға минаралар ҳәм тәмбиленетуғын дәрўазалар қурып, қалаларды беккемлейик. Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийеге жүз бурғанымыз ушын, бул ел еле бизлердики. Аўа, бизлер Оған жүз бурдық ҳәм Ол бизлерге ҳәр тәреплеме тынышлық сыйлады». Солай етип, олар қурылысты баслап, табыслы тамамлады.
8
Асаның Яҳуда урыўынан үлкен қалқан ҳәм найза менен қуралланған үш жүз әскери, ал Бенямин урыўынан кишкене қалқан ҳәм оқ жай менен қуралланған еки жүз сексен әскери бар еди. Олардың ҳәммеси мәрт жаўынгерлер еди.
9
Хабашстанлы Зерах миллионлаған әскери ҳәм үш жүз саўаш арбасы менен Яҳудаға атланып, Мареша қаласына жетип келди.
10
Аса оған қарсы атланды. Олар Марешаға жақын жердеги Сефата ойпатлығында урысыў ушын сап тартып турды.
11
Аса өз Қудайы Жаратқан Ийеге: – Жаратқан Ийе! Күшлиниң алдында турған күшсизге Сеннен басқа ҳеш ким жәрдем бере алмайды. Қудайымыз Жаратқан Ийе, бизлерге жәрдем бере гөр! Себеби бизлер Саған сүйенемиз ҳәм Сениң атың менен мына сансыз ләшкерге қарсы шығып турмыз. Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Қудайымызсаң, инсан затының Өзиңди жеңиўине жол қойма! – деп жалбарынды.
12
Сонда Жаратқан Ийе Аса менен яҳудалылардың алдында хабашстанлыларды қырғынға ушыратып, хабашстанлылар қаша баслады.
13
Аса болса өз әскерлери менен оларды Герарға дейин қуўып барды. Хабашстанлылардан қаза тапқанлар соншелли көп болып, бирде биреўи аман қалмады. Олар Жаратқан Ийениң ҳәм Оның ордасының алдында қырып тасланды. Яҳуда әскерлери көп олжа менен қайтты.
14
Герар әтирапындағы қалаларда жасайтуғын халық Жаратқан Ийеден қорқып қалған еди. Яҳудалылар оларға да шабыўыл жасап, қырғынға ушыратты ҳәм талан-тараж етип, мол олжа алып қайтты.
15
Яҳудалылар шопанлардың шатырларына да шабыўыл жасап, олардың көп қой-ешки ҳәм түйелерин айдап кетти. Кейин олар Ерусалимге қайтып келди.
← Chapter 13
Jump to:
Chapter 1
Chapter 2
Chapter 3
Chapter 4
Chapter 5
Chapter 6
Chapter 7
Chapter 8
Chapter 9
Chapter 10
Chapter 11
Chapter 12
Chapter 13
Chapter 14
Chapter 15
Chapter 16
Chapter 17
Chapter 18
Chapter 19
Chapter 20
Chapter 21
Chapter 22
Chapter 23
Chapter 24
Chapter 25
Chapter 26
Chapter 27
Chapter 28
Chapter 29
Chapter 30
Chapter 31
Chapter 32
Chapter 33
Chapter 34
Chapter 35
Chapter 36
Chapter 15 →
All chapters:
1
2
3
4
5
6
7
8
9
10
11
12
13
14
15
16
17
18
19
20
21
22
23
24
25
26
27
28
29
30
31
32
33
34
35
36